Бәйит
Бәйит, бәйит банная, Бизлер бәйиттиң гәня, Бизлер бәйит айтқанда, Шықты қыздың жаная, Шубар ала жылана,
Кел алдыма долана,
Шын ашық сен болсаң, Сәҳәр ўақта ояна,
Сәҳәр ўақтың белгиси, Белинен тутар бир киси, Тутмай-тутмай нәйлисин, Дүньяда ярдың қумары, Мойнында отыз тумары, Ол тумарды ким берди?
Ханның улы ханзада, Бегдиң улы бегзада,
Ҳәйкеллериң талым-талым, Ҳас кӛйлекли залым,
Ҳаса кӛйлек ишинде,
Кӛз қысысқан кӛз залым. Гӛззалым, ҳә гӛззалым, Жүриң бағны гезалы, Бағына суўлар түсипти, Ӛрдек болып жүзели, Ӛрдеклери кӛлде болур,
Лашын суңқар кӛлде болур, Ҳәр ким ярынан айрылса, Еки кӛзи жолда болар.
Бәйиттиң екинши тҥри
Есик аштым тӛрге бақтым, Сәр ҳаўызға ушырадым, Әлине қырғый кӛтерген, Мырза ярға ушырадым.
Таза үйленген жигиттиң, Кеўли гүлдей ашылар.
Бәйиттиң ҥшинши тҥри
Кӛклемдеги кӛк бултқа, Мен нетип кӛпир салайын, Кеўли қалған дилбарымның, Кеўлин нетип алайын,
Кеўли қалған дилбарыма, Ким берипти хан шарап, Кӛзлери гүл-гүл жанып, Етти бағрымны кабап.
Сыңсыў
Ақ шайыдан кӛйлегим, Зерге баты билегим,
Ғарры байдың қолында, Зарлар болды жүрегим.
Ҳайўаншада отырсам, Топырақ түсти басыма, Әйне он тӛрт жасымда, Рузгер түсти басыма.
Дүбир-дүбир ат келди, Шығып караң ким келди,
Қолында канлы қамшысы, Бадшақлы пашам келди.
Дәрьяның ийрим тартар шығанағы, Даўысыңды есите алмадым қыядағы, Жан ағам отырсаңба, жатырсаңба, Үш түнде ушып кеткен уядағы.
Дәрьяның ортасында еккен тал бар,
Үстимде ақ сүп кӛйлек, мақпал шалбар, Жан ағам түскениңде сен есиме,
Шықпаған кӛкиректе шыбын жан бар.
Жаным аға, қулақ салсаң сӛзиме, Жетим қалып ергендеги изиңе, Мени берип байдың қызың алыўға, Ойлан аға ылайықпа ӛзиңе!?
Некемди қыйса да қазы ҳәм молла, Берген аманатын алса да Алла,
Қарсы қудалыққа бергениң менен, Ӛтимсиз жаманға тиймеймен олла!
Усы шәртим кессеңдағы басымды, Суўдай ағызсаң да кӛзде жасымды, Тиймеймен жаманға, ӛтимсизиңе, Дарға астыр, дүзге тасла лашымды!
Шарық айтады пәриклерим шолады, Пул берип Қоңыраттан пахта алады. Ийиргенниң еки қолы талады,
Кел қара кӛз заман бизге айланды.
Шарық айтады қулағымыз қайырылды,
Шарық ийирип бираз кемпир майырылды, Шыдай алмай кемпир байдан айырылды, Кел қара кӛз заман бизге айланды.
Шарық айтады мен бир нама шалайын, Жатқанлардың уйқысын да бузайын, Урқан кӛрсем ортасынан үзейин,
Кел қара кӛз заман бизге айланды.
Аспанда ай едим ғубар болыппан, Текшеде гүл едим неден солыппан, Ӛзимнен жаманға дуўшар болыппан, Ӛз теңим ярыма жеткер қудайым.
Ақ гүл едим қызыл гүлге шаттылар, Азат басым бенде етип саттылар,
Жаман екен жат еллердиң адамы,
Кӛрмей-билмей жаман атқа тақтылар.
Шықанжан-шықанжан ӛлип бараман, Бир дәсте гүл едим солып бараман,
Шықанларым келгенде ӛлди дегейсиз, Бир дәсте гүл едим солды дегейсиз.
*********************************
Шарық ийирсем гүл болады жеңгежан, Кийсем толы тон болады жеңгежан,
Жеңгежан дегеним жеңниң ушы екен, Ағалар дегениң тәўир киси екен.
Қыз бала дегениң ушар қус екен, Енди мениң мийирманым ким екен.
Do'stlaringiz bilan baham: |