Аўызбиршилик, сыр сақлаў ҳаққында нақыл-мақаллар
Ағайин болсаң урыўлас, Арымыз ушын даўлас.
Кеңесли ел азбайды, Кең кийим тозбайды.
Еки киси гүнакар болса, Бир киси дәнекер болады,
Оған да биреўи себепкер болады.
Кӛп аўыз бир болса, Бир аўыз жоқ болады.
Қум жыйналып тӛбе болады, Кӛп жыйналса ақыл табады.
Атызлы жерде ат ӛлмейди, Үйирли жерде ер ӛлмейди.
Бармақлар басқа болса да, билек бир, Ара алыс болса да, тилек бир.
Байлық байлық емес, Бирлик байлық.
Жалғыз ағаштан пана болмас, Жалғыз бийеден саба болмас.
Кӛпшилик қайда болса, Тоқшылық сонда болар.
«Кӛп биледи» деген күледи,
«Ӛзим билемен» деген ӛледи.
Еки жақсы бас қосса,
Асқар бийик таўдай бар, Еки жаман бас қосса,
Атысып турған жаўдай бар.
ҚАРАҚАЛПАҚ ХАЛЫҚ ЖАҢЫЛТПАШЛАРЫ
Қудияр қудамыз еди, қудалай алды,
Қул қудамыз еди, қудалай алды, қудалай алды.
Базардан алғаным алты арба асқабақ, Алты арба асқабаққа жеккеним,
Тарғыл ала, тайпақ мүйиз,
Ақ бӛксе баспақ, ақ бӛксе баспақ.
Бәйит бәйит бәдиргәр, Еки күнлик ҳайяр, Үш күнлиги таяр,
Алағапат бүрген бар.
Сүт бол қаймақ, Май бол қаймақ,
Бул қаймақ балқаймақ.
Қуяшламаға сӛк тӛгилди,
Сӛк тӛгилсе де кӛп тӛгилди.
Мыйыр, мыйыр, мырдан, Шаўып келдим қыйырдан, Жаман тонным жалпылдап, Қулап қалдым сыйырдан.
Анаў турған қыдырлы қыйсық, Жийдениң астынан жиңирлеп, Зиңирлеп ӛтпектиң ӛзи,
Ненене-ненене, ненене ненене, Ненене-ненене, ненене ненене.
Қызыл жыңғыл ишинде, Қырық қозы қол қуйрық, Қылғыйрықтың ишинде,
Қылғый, қылғыйрық, қылғый,
Қылғыйрық, қылғый, қылғыйрық.
Ешегим жар басында, Жабыўы жамбасында,
Алағарға қасында,
Ақ тиктиң, бек тиктиң, Ақ тиктиң, бек тиктиң.
Журт апасын тойда айландырады, Мен де апамды тойда айландыраман,
Тойда айландырмай қайда айландыраман.
Жол үстинде жорға тоқлы, Жорғалаялмай жолға түсти, Ўай пәкили пәрўардигар,
Ол неге жорғалаялмай жолға түсти.
Үй артында қарры қарабарақ,
Қарры қарабарақты, қарры қарақалпақ, Пӛпелдирип отап тоырма,
Пӛпелдирмей отап отырма.
Сур тайлы, айдарлы жылқыны,
Кер тайлы айдарлы бала аралайды, Кер тайлы айдарлы жылқыны,
Сур тайлы айдарлы бала аралайды.
Мынаў балқаймақ, Бул балқаймақ емес, Май пал қаймақ,
Май пал қаймақ дегениң, Қай пал қаймақ.
Айтайқарбай қойынды маялышқа жай тарқарбай, Майқарбай, Байқарбайлар толып атыр,
Айтайқарбай дегениң қай Тайқарбай.
Дәрьяның ортасында сең баратыр,
Сеңниң үстинде сегиз серке тең баратыр, Сақалын суўға суғып-силкип,
Суғып-силкип баратыр.
Тарғыл ала тайпақ мүйиз, ақ бӛксе баспақты, Тайпақ муздың үстинде,
Тарбайтып, силикпей неси бар.
Қырда қырық қырғаўыл, Қырық қырғаўыл ишинде, Қырық жыл қысыр қалған,
Қызыл қыл, қуйрықлы қырғаўыл.
Шеше, кеше неше кесе сынды, Кеше шеше неше кесе сынды.
Бизиң кӛше сизиң кӛше, Бизиң кӛшеде кӛп шӛже, Сизиң кӛшеде кӛп шӛже,
Бәри де кӛп шӛже, кӛк шӛже.
Жаңыл айтты жаңылтпаш, Жаңылтпашы жан уқпас, Жамал айтты жаңылтпаш, Жаңылтпашы жан уқпас.
Қызыл жыңғыл ишинде,
Қызыл қуйрықлы қырғаўыл,
Қызыл қыл қуйрықлы қырғаўыл емес, Қызыл ала қыл қуйрықлы қырғаўыл.
Қырық қызыл қуйрық,
Қырық қызыл қуйрық ишинде, Қыйғыр қызыл қуйрық.
Қырық сиркени мен қырық сықтым, Қырық сирке мени қырық сықты.
Ана арал, мына арал менен Ғарғалы арал, Ғарғалы арал ишинде ғаз балалар,
Ғарғаға дузақ қурған таз балалар, Аралды кӛзим кӛрген бәрин айттым,
Үйрениң тилиң келсе ал балалар, ал балалар.
Орта қойдым, Торта қойдым, Торта қойдым, Жорта қойдым.
Ақ шәйнекке кӛк қақпақ, Кӛк шәйнекке ақ қақпақ, Ақ қақпақ кӛк қақпақ,
Кӛк қақпақ ақ қақпақ.
Есет ағам гӛш асатар, Гӛш асатса да бес асатар.
Излеп едик бир-бир қуры, Қуў екен, қуў қурғыр,
Таптырмай қырдан қуры,
Қайттық биз қурыдан қуры.
Тайтере, тайтере, тайтере екен,
Жаўын жаўса, тайтере қайтар екен.
Алатаўда неше шың бар? Қаратаўда неше шың бар?
Алатаўда бир мың шың бар, Қаратаўда бир мың шың бар.
Бизде «бес» ала тандыр бар, Нама сала алатуғынлар да бар, Мал баға алатуғынлар да бар, Нан соға алатуғынлар да бар.
Жақсы қайшы, Қайсы қайшы.
Ағама ат тағалаттырдым,
Жеңгеме жалын тазалаттырдым, Атама тақыс жаңалаттырдым, Бәрин ӛзим қадағалап турдым.
Қарасынан кӛги кӛбирек, Нағысынан ағы кӛбирек.
Қызлардың қәлем қашынан, Бир бийгана қашырдым, Бир бӛдене ушырдым,
Әкемниң еккен мәшинен.
Алтақ-алтақ алты арба жантақ, Алты арба жантаққа қосқаным, Шубар ала ақ бӛксе, ақ баспақ.
Батпақ ӛткелден, Атлап ӛткенмен, Атлап ӛткеннен, Жаңа жеткенмен.
Есик алдындағы отынның, Шӛпшеклирегинен алып кел, Томарлырағынан алып кел, Түбирлирегинен алып кел.
Дәрьяның аржағы ҳәкке, бержағы ҳәкке, Қуйрықлары ләкке-ләкке.
Дәрьяның аржағында бир жамбылша, Бержағында бир жамбылша,
Сениң алған жамбылшаң, мылжа-мылжа.
Отынды шапсаң шап, шапсаң шап, Отынды шапсаң шап, шаққан шап.
Қошқарбай қораға кирип еди, Қорада еки қошқар турып еди, Қошқарбай қошқардан үркти, Қошқар Қошқарбайдан үркти. Болағалды пышық басты,
Үркти, қорықты, қорықты, үркти, Қорықты, үркти, үркти, қорықты.
Барыс ойнар, барыс ойнар, Барыс қуйрығын шайнар,
Жалаңаш атта қамшы ойнар, Жаман қыздың басында,
Сиркелер менен бийт ойнар.
Қорада қой қартаяды, Қартайса да,
Ақ қара бас қой қартаяды.
Сегиз семиз серке, Сегиз егиз серке, Сегизи де егиз,
Семизи де сегиз.
Бизиң жексен,
Сексен шекпен сатып алды, Сексен шекпенди,
Сексенбай сатып алды.
Ала ғарбыз қара ғарбыз,
Ала ғарбызды алдын жарғыз, Қара ғарбызды кейин калғыз.
Бир ақ шымшық, Еки ақ шымшық, Үш ақ шымшық, Тӛрт ақ шымшық, Бес ақ шымшық, Алты ақ шымшық, Жети ақ шымшық, Сегиз ақ шымшық, Тоғыз ақ шымшық, Он ақ шымшық.
Бахыт балық алды, Үйге барып алды, Яқып балық алды, Бир аў салып алды.
Қыржа қоян, бозда қоян,
Қумалақ, қумалақ, қумалақшымыз, Қумалағын бир жерге үйип,
Қумалақ, қумалақ, жумалақшымыз.
Сәдирбай салма тазалай алмайды, Қәдирбай алма тазалай алмайды, Әкеси еки баласын да,
Тазалай алмадың деп жазалай алмайды, Тазалай алмайды, жазалай алмайды,
Жазалай алмайды, тазалай алмайды.
Балық кӛппе екен, Халық кӛппе екен?! Ҳәмме адам тек,
Балықты жеппе екен?
Бир туттың тамырын, Түрп түртип турма.
Түрптиң тамырын, Тут түртип турма.
Койлегиме сәдеп тақты, Сәдепти Сәдет тақты,
Әдеп сәдепти Мәдет тақты, Сәдет сәдепти шенеп тақты.
Басымда қалпақ, Қолымда қолқап, Аяғымда байпақ.
Таярлап қазанды, Сазанды писирдим, Писирип сазанды,
Қазаннан түсирдим.
Мәҳәллиге мәҳәл керек, Биймәҳәлге не ҳәл керек, Бир мәҳәлден ӛтисипсиз, Енди сизге не ҳәл керек.
Сениң неше тоғыз қылдырлы, Қыйсықлы шығырың бар, Мениң неше тоғыз қылдырлы, Қыйсықлы шығырым бар.
Апам кӛйлегиме, Жаңа жаға салды, Жаңа жағаны,
Жаңа салды.
Менде бар шалбар, сенде бар шалбар, Неге сениң шалбарыңда шаң бар.
Мениң атам ертек айтар, Арасында жыл қайтарар, Қартайса да қайта-қайта,
Жайлаў жақтан мол қайтарар, Қайтарса да тез қайтарар.
Жол шетинде ана ғарға, Ана ғарға, ала ғарға,
Ала ғарғаның қасында бала ғарға, Бала ғарғада ала ғарға,
Ала ғарғада бала ғарға, Бәрин туўған ана ғарға, Ана ғарға да ала ғарға.
Булақ ақты, Туўлап қатты, Шуўлап қатты, Булақ ақты.
Әмина алманы, Аманға атты.
Тас тостаған,
Тас тостаған ишине, Тас тастаған.
Ақ ылақ аппақ па? Ала ылақ аппақ па?
Әсем әсем бе, әсем әсем ба, Әсем әсем ба, Әсел әсем бе?
Қатара турған бес табақ, Бар бәринде асқабақ, Бир табақ бар бас табақ, Бир табақ бар тас табақ, Қайсысы оның бас табақ,
Бас табақ бар сол тас табақ, Бас табақ сол бас табақ.
Ол кӛринген, Шоқ тораңғыл, Шоқ тораңғыл, Кӛп тораңғыл,
Кӛрик тораңғыл, Кӛптен бар,
Шоқ тораңғыл.
Таўық суўықта тоңама, Суўықта таўық тоңама.
Сары-ала сазанның, Сағағынан илдирдим, Сары-ала сыйырдың, Буғағынан илдирдим.
Тарғыл тарала баспақ бузаўды, Мен бақшаламай,
Ким бақшалайды.
Шүйк-шүйк шӛжелер,
«Қәне бизге гӛже» дер, Гӛжени шӛже ишеди, Шӛжелер шӛже ишеди, Шӛжелер гӛже ишеди,
Гӛже ишеди, шӛже ишеди.
Жуманияз әкемниң кӛлинде, Алланияз әкемниң шӛлинде, Бес қара бас шымшық,
Шүмиседи, шығысады, шақақ урып күлиседи.
Дүгир-дүгир дигирман,
Ырғып миндим, секирип түстим,
Қайқы қара қайын атамның қутаны, Ол да ӛзимниң қайын атамның қутаны.
Киятрыған үш қыз кӛрдим, Қолларында үш қус кӛрдим, Ҳә дегенде ушып кетти,
Үш қусты да ушқыш кӛрдим.
Бизиң атамның қуяшламаласасында, Қуяшламаласпасаң да қуяшламасасаң, Қуяшламаласпасаң да қуяшламасасаң.
Тарылы атызда отақ, Арыўда солмас додақ, Солқылдаған ақ додақ.
Есиктиң алды қарабарақ, Қарабарақтың аржағы, Дала қарабарақ,
Ҳәмме қара қасқа баспағын,
Қарабарақландырмаға апаратыр, Мен де қара қасқа баспағымды,
Қарабарақландырмаға апаратырман.
Мен апама салы ақлаттым, Апам маған салы ақалтты.
Бир астақта, Еки астақта, Үш астақта, Тӛрт астақта, Бес астақта, Бес астақта, Алты астақта, Жети астақта, Сегиз астақта, Тоғыз астақта, Он астақта.
Арқадан ушқан бир ақ қуў,
Қубладан ушқан еки қара қуў, Ақ қуў тақ па,
Қара қуў тақ па.
Do'stlaringiz bilan baham: |