(Адам)
(Адамның жаны) (Бала)
(Адамның ӛмири)
(Ғарры)
(Ӛмир)
(Ақыл)
(Қыял)
(Адамның аты)
(Уйқы)
(Кӛздиң қарашығы)
(Кӛз)
Бир таўдың еки сақшысы,
Еки тыңшысы, отыз еки ләшкери бар.
Еки бала аяқласып атыр, Тура сала таяқласып атыр.
Мың қойды бир шыбық пенен айдадым. Қара таўым қарлы болды,
Бир жаўса кетпейтуғын зерли болды.
Ҳәмме ўақыт аўзымда, Ҳеш жута алмадым.
Жар басында жарты сыпыра.
Бирге жатып, бирге турар, Озыўға бирден умтылар, Екеўи мәңги жарысып,
Кӛрмеген еле қалысып.
Бес жанлы бир жансызға мингеседи. Сүйек те емес, ет те емес,
Ол денеге питеди,
Ӛссе алып турмасаң, Үлкен зыян етеди.
Басында жалғыз таўдың бир байтерек, Путағы ийилмейди тӛмен қарап, Айғырдың үйириндей үйирилсе де, Есабын таба алмайды адам санап.
Еки ошаққа бир кӛсеў.
Жол-жол жатыр, жол жатыр, Жол үстинде пул жатыр,
Ақ қаланың ишинде, Адамзатқа керекли, Алтыннан бийик,
Яғлы бәрли жан жатыр.
|
(Кӛз, қулақ, тис)
(Кирпик) (Шаш, пәки)
(Шаштың ағарыўы)
(Тил) (Қулақ)
(Аяқлар) (Бес бармақ)
(Тырнақ)
(Сақал-мурт) (Жақ, тил)
(Тил)
|
Ҳайўанат дҥньясына байланыслы жумбақлар
Узақтан қарасам бир жип, Жақынлап келсем мың жип.
Ийрим қобыз, Жарық жулдыз, Еки дүң-дүң, Бир былғаўыш.
Тӛрт таяғы бар, Сегиз туяғы бар,
Узын қамшысы бар, Тӛрт булағы бар,
Қос найзасы бар, Адамға пайдасы бар.
Ҳәр түрли түсли қумырысқа, Қыста тоңбас суўыққа,
Таң атқаннан ӛреди, Кеште жатар қуўыста.
Ерте келер дигилдик, Кеште келер дигилдик, Түрли-түрли ағаштан, Түйме тағар дигилдик.
Кишкене ғана бойы бар, Қабат-қабат тоны бар, Мәскеў деген қалаға,
Жетемен деген ойы бар.
Мурты бар, сақалы жоқ,
Тоны бар, кийетуғын шапаны жоқ, Отырып от басында пайда ойлайды, Узаққа баратуғын сапары жоқ.
Ол тек үргиш жәниўар, Кӛзи ӛткир кӛңли тар,
Парқ етер деп басқа урсаң,
Ойламайды намыс-ар.
|
(Аттың қуйрығы)
(Түйе)
(Сыйыр)
(Қой)
(Ешки)
(Шошқа)
(Пышық)
(Ийт)
|
Таўдан тас жумалайды, Оны ғаз қуўалайды,
Он еки жылда бир балалайды.
Жазда жайын жейди, Қыста майын жейди.
Жупар тастың астында, Қызыл тонлы қыз жатыр.
Ғарға кӛрсе ғақ деген, Алдап аўзындағыны жеген.
Еккен-еккен, еккен жумбақ, Еки етегин түрген жумбақ, Қазалыға барған жумбақ,
Қақтың суўын ишкен жумбақ.
Ийтке минген, түйе айдаған,
Бир түнде жердиң жүзин ылайлаған.
Бели бүкирейген,
Қулағы тикирейген.
Асты тас, үсти тас, Ортасында шандыр бас.
Текшелеп тебен түрттим тамашаға, Тырбаңлап адым атлар оңашада.
Узын-узын, уш киятыр, Узын бойлы қыз киятыр, Қасқанасы қалтырап,
Кӛзгенеси жылтырап.
Қамыс басы қыймылдайды
Аўылымызда бир молла, Ўақтында азан оқыйды, Азанын оқып болған соң,
Шӛпти-шарды шоқыйды.
|
|
Do'stlaringiz bilan baham: |