Сүўретлеў өнери ҳәм мийнет тәлими факультети 2- Б техналогик тәлим бағдарында 11-декабрь күни өткерилген хабар сааты
БАЯНЛАМАСЫ
11-декабрь 2020-жыл Нөкис қаласы
Қатнасыўшылар; 2- Б техналогик тәлим бағдары топар басшысы Шамуратова Т ҳәм студент жаслар . Жәми 25
КҮН ТӘРТИБИНДЕ
Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайының 2020-жыл 7-декабрь күнги 05/1097-санлы хатына муўапық «10-декабрь –Халықаралық инсан ҳуқықлары күни»не байланыслы инсан ҳуқықлары улыўма миллий сабақлық концепциясына тийкар хабар саатын өтиў ҳаққында.
Хабар сааты даўамында 2- Б техналогик тәлим бағдары топар басшысы Т.Шамуратова студент жасларға инсан ҳуқықлары ҳәм оның еркинликлерин тәмийинлеў барысында Республикамызда әмелге асырылып атырған ис-иләжлар ҳаққында сондай-ақ инсан ҳуқықлары улыўма жәҳән декларациясы- Өзбекстан Республикасы ғәрезсизликке ерискеннен соң қосылған дәслепки халықаралық ҳуқықый ҳүжжетлерден бири болғанлығын бул декларацияның барлық тийкарғы принциплери Өзбекстан Республикасы Конституциясында өз сәўлелениўин тапқан.
Инсан ҳуқықлары дүнья жүзлик декларациясы бирлескен миллетлер шөлкеми бас ассамблеясы тәрепинен 1948-жыл 10-декабрь күни Франция мәмлекетиниң Париж қаласындағы Шайо сарайында қабыл етилген инсан ҳуқықларын қорғаўда ең тийкарғы ҳүжжетлердиң бири.
Бул ҳүжжеттиң ислеп шығылыўына екинши дүнья жүзлик урысы даўамында дүнья халықлары басынан кеширген апатшылықлар, жаўызлықлар тиккелей түртки болғанлығы, ҳүжжетте айрықша мәденият миллет ҳәм аймақ шегаралары менен шекленбеген универсал қәдириятлар беккемленип, ҳәр бир инсан ерки, терисиниң реңи, дини, жынысы, тили, сиясий яки басқа қараслары, миллий ҳәм социаллық келип шығыўы, мүлк, класлық ҳәм басқа жағдайына қарамастан, инсаниятқа тәнлиги бойынша ийе болыўы лазым болған ҳәмме ҳуқықлары белгилеп қойылған ҳәм бул декларация 30 статиядан ибарат. Быйыл инсан ҳуқықлары улыўма жәҳән декларациясының 70 жыллығы пүткил дүньяда кең белгиленбекте. Усы мәниде, Өзбекстан Президентиниң 2018-жыл 5-майдағы Пәрманы менен «Инсан ҳуқықлары улыўма жәҳән декларациясы қабыл етилгениниң 70 жыллығына бағышланған илажлар бағдарламасы» тастыйықланғанлығы үлкен әҳмийетке ийе екенлигин атап өтти.
Күн тәртибиндеги мәселе бойынша
ҚАРАР ЕТЕДИ
Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайының 2020-жыл 7-декабрь күнги 05/1097-санлы хатына муўапық «10-декабрь –Халықаралық инсан ҳуқықлары күни»не байланыслы инсан ҳуқықлары улыўма миллий сабақлық концепциясы тийкарында хабар сааты алып барылғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Ҳәр бир студент жаслар Инсан ҳуқықлары дүнья жүзлик декларациясы бойынша таярланған оқыў материаллары менен жәнеде толық танысып, халық әсиресе бирлеспеген жаслар арасында үгит нәсиятлаў жумыслары алып барыў усыныс етилсин.
Топар басшысы Т.Шамуратова
Хаткер Ш.Кадирберганова
Do'stlaringiz bilan baham: |