ШАРҚЫПӘЛЕКЛИ БАЛА
Бурынғы ўақытлары бир патшаның баласы болыпты. Ол бала қалаға барса, бир адам шарқыпәлек сатаман деп бақырып жүргенин кӛреди. Сол жерде патшаның баласы лапа ол кисини шақырып алып:
Қәне, шарқыпәлегиңниң қандай қәсийети бар? – деп сорайды.
Қәсийети: оң қулағын таўласаң, аспанға ушып кетеди, сӛйтип кӛрмеген нәрселериңди кӛрсетеди. Сол қулағын таўласаң, жерге түседи – дейди. Сол ўақытта патшаның баласы айтқанын берип, он мың тиллаға сатып алады. Үй- ишине билдирмей, ҳеш кимге сездирмей, шарқыпәлегин минип, оң қулағын таўлап ушып кетеди. Күн батқан ўақытта бир елге барып түседи.
Бала қайсы үйге барсам екен деп турса, шетирек бир үйде от жанып турған жақтыны кӛреди. Сӛйтип шарқыпәлекти бир жерге қойып, сол үйге барады. Барса бир кемпирдиң үйи екен. Бала кемпир менен сӛйлесип, танысқаннан кейин, кемпирдиң жалғыз ӛзи бир үйде шарық ийирип күн кеширип отырғанын биледи. Кемпир баладан:
Не қылып жүрген баласаң? – деп сорайды.
Адасып, әменгер таппай жүриппен – дейди.
Ӛйппей, шырағым, мениң улым да жоқ, қызым да жоқ қара басымман. Отызлаған малым бар, соны баққышласаң, болар шырағым – депти кемпир.
Болады шеше – деп келисим береди бала.
Сол күни бала тамағын ишип далаға шықса, күн шығардан бир ай, күн батыстан бир ай туўып киятырғанын кӛрип:
Шеше, шеше, мына жақтан бир ай, ал мына жақтан бир ай туўып киятыр ғой, бул неси? – депти кемпирге. Кемпир балаға:
Мына жақтағы қәдимги аспандағы ай, ал мына жақтағы адам бендениң жүзин кӛрмеген, бир ӛзи бир боз ордада отырған ханның қызының сулыўлығы балам.
Бала азанда күнлик кийимлерин кийип, мал бағып кетеди. Кеште келип тамақланып болғаннан кейин жатып қалады да, кемпир уйықлағаннан кейин ярым ақшамда турып, ханның қызы менен танысып қайтады. Азанда ханның қызының бетине сепкил түсипти – деген сӛз тарайды.
Азанда патшаның қызын бағып отырған қуллар қыздың бетиндеги сепкилди кӛрип, буған адам келгенин биледи. Сол адамды таўып алыў ушын аўылдың бир шетинен баслап тинтиў жүргизеди. Тинтиў гезеги кемпирдиң үйине келеди. Кемпир буларға билдирмес ушын мал бағып кеткен патшаның баласының ҳасыл кийимлерин марданға салып, тезек теретуғын кемпирдей үйинен шығып кете береди. Тинтиў жүргизип киятырған патшаның адамлары кемпирди кӛрип сезикленеди. Кемпирди шақырып, тинтип қараса, мардандағы ҳасыл кийимлерге кӛзи түседи.
Бул кийимлердиң ийеси қайда? Ҳәзир табасаң! – деп жекиринеди патшаның адамлары кемпирге.
Бул кийимниң ийеси мал бағып кетти – дейди кемпир. Еки адам барып баланы мал бағып жүрген жеринен алып келеди де, баланы патшаның алдына алып барады. Хан балаға:
Сен қызыма миясар жигит екенсең, бирақ сен биз бенен хабарласпай гүналы ис еткенсең. Соның ушын буны таза жерге апарып шалып, ӛртеп күлин кыздың бетине себе ғой – дейди патша ӛзиниң адамларына.
Патшаның буйрығы бойынша жәллатлар баланы баяғы шарқыпәлек қойып кеткен жериниң үстине алып барып, сол жерде шалмақшы болады. Сол ўақытта бала жәллатларға:
Ағалар, мени шалмай тура турыңыз, мен мына шарқыпәлегимди оңлап алайын, мен ӛлгенде басыма шаншып кетерсизлер – дейди. Жәллатлар рухсат етип, сӛйлестп отырғанда бала шарқыпәлегиниң оң қулағын таўлап ушып кетеди. Жәллатлар сол жерде аўзы аңқыйып ашылып қала береди. Бала кеште келип ханның қызын алып кетип, бир тоғайға барып түседи. Сӛйтип сол тоғайды бир қанша жыл мәкан етип, жигит аң аўлап, ҳаялы жабайы ағашлардың мийўесин терип, аўқат етип күн кӛреди. Сӛйтип жүргенде ҳаял жүкли болып, алтын айдарлы ул туўады. Ал баласы алты жасына келгенде, гүмис айдарлы қыз туўады. Баласы да, қызы да жасынан ақыллы-зийрек болады. Қыз үш жасына келгенде алты жасар ағасына:
Аға, бизлер бул жақта не қылып жүрмиз, бизлердиң ағайин- туўысқанларымыз жоқ па, соны апамнан сора. Бирақ сорағанда айтпас, сол ўақытта: апа, маған қуўырмаш қуўырып бер дегейсең. Қуўырмаш шал пискен ўақытта шығарып бер дегейсең. Сол ўақытта шығарып берген қуўырмашты қасық пенен берсе жеме, қолың менен алып бер дегейсең. Қолы менен алып берип атырған ўақытта ыссы қуўырмашты қолына басып турып, «ел- журтымыз қаяқта?» деп сорасаң айтар – дейди. Бала қарындасының айтқанларын ислеп сорайды. Сонда анасы:
Ел-журтымыз бар. Соған кетиўге жол табалмай жатырмыз – дейди.
Сонда баласы:
Неге жол табылмайды? – деп сорайды.
Жолда үш дәў бар, егер жүрсек бизлерди ӛлтиреди – дейди анасы. Сол ўақытта бала:
Ол дәўлерден қорықпа, үш дәўди маған қоя бер, үшеўин де ӛлтиремен – дейди.
Олай болса кеште ағаңа айта ғой, балам – дейди анасы. Кеште ағасына айтып, булар азық-түликлерин ғамластырып, елине жүрмекши болады. Баланы бас қылып, жолға рәўана болады. Бала жолда үш дәўди ӛлтирип, булар ӛз елине келеди. Патша бала-шағаларын кӛрип жылап кӛрисип, ел-
журтын жыйнап, алтын қабақ аттырып той береди. Сӛйтип мурады- мақсетине жетеди.
Do'stlaringiz bilan baham: |