ТАРАЎ БОЙЫНША ИЛИМИЙ-ИЗЕРТЛЕЎ АЛЫП БАРЫЎ ПРОЦЕСЛЕРИ
Реже:
1. Мақала ҳәм оның түрлери.
2. Тезис ҳәм пикир
3. Аннотация ҳәм резюме
Таянш сөз ҳәм сөз дизбеклер: илим-техника, резюме, пикир, тезис, мақала, терминология, лексика.
Мақала – публицистикалық стилге тән жанр. Мақалада күнделикли социаллық өмирде жүз берип атырған ўақыя-ҳәдийселер анализ етиледи. Теориялық, ғалабалық тәрептен улыўмаластырылады, мәмлекет сиясаты, экономика, техника, илим ҳәм мәдениятта ерисилген табыслар алдыңғы жумыс тәжирийбелери сәўлелендириледи. Түрли кемшиликлер анализ етиледи.
Баспасөзде бас мақала, теориялық ҳәм үгит-нәсиятлаўшы мақала, машқалалы мақала кең қолланылады. Бас мақала (ямаса редакция тәрепинен жазылатуғын мақала) редакцияның ең жуўапкерли мақаласы есапланады. Бул мақалада ишки ҳәм халықаралық турмысқа тийисли әҳмийетли мәселелерди оқыўшыларға жеткизиў тийкарғы ўазыйпа есапланады. Бундай мақала мәлим бир мәселе бойынша жол-жоба көрсетиўи кемшиликлерди ашып таслаўы, ҳәр бир жумыстың тийкарғы ҳақыйқый жолын белгилеп бериўи керек Президент пәрманлары, Олий Мажлис нызамлары, Министрлер Кабинети тәрепинен қабыл етилетуғын мәмлекет ҳәм ҳүкимет ҳүжжетлери, қарарлары, нызамлары дәўирдиң актуал мәселелери бас мақалада бериледи. Теориялық мақала ҳәм үгит-нәсиятлаўшы мақаланың тийкарғы ўазыйпасы ғәрезсизлик, миллий идея, ғәрезсизлик идеологиясының тийкарлары ҳәм принциплерин ; илимий мақаланың ўазыйпасы илим, мәденият, техника жетискенликлерин түсиндириў, ғалабаластырыў, оқыўшының идеологиялық, илимий дәрежесин асырыўдан ибарат.
Машқалалы мақалада тартыс ҳәм тартыс тийкарғы орында болады ҳәм де автор өз көз-қарасларын ортаға таслайды.
Мақала сөзи кең мәниде газета, журнал, радио, телевидение, соның менен бирге, топламлардағы илимий мийнетлерге салыстырып да қолланылады.
Илим-техника, халық хожалығы, аўыл хожалығына тийисли илимий түсиниклерди анық аңлататуғын сөзлер атамалар (терминлер) деп аталады. Илим-техника ҳәм ислеп шығарыў тараўында қолланылатуғын терминлердиң жәми терминология (терминологиялық лексика) деп жүргизиледи. Мысалы: фонетика, лексика, морфология, морфемика, синтаксис – тил билимине тийисли; квадрат, түбир, теорема – математикаға тийисли; сын, уқсатыў, жанландырыў – әдебияттаныў илимине тийисли атамалар. Ҳәзирги күнде дүньяда илимниң 500 ден артық тармақлары бар, олар ҳәр тәреплеме раўажланбақта. Бул тилде атамалардың байып барыўына алып келеди. Атамалар илимий сөйлеўде қолланылады ҳәм олар бир мәнили болады.
Базы бир атамалар (терминлер) қарақалпақ тилинде сөйлесиўши барлық инсанлар сөйлеўде қолланып кең тарқалып кетиўи мүмкин. Бунда олар жумсалыў шеңбери шегараланбаған улыўма халық сөзине айланады. Мысалы: оқытыўшы, китап, дәптер, сабақ ҳәм т.б.
Қарақалпақ халқы әййемнен түрли кәсип-өнер менен шуғылланып келеди. Сол себепли Өзбекстанда кәсип-өнер тармақлары раўажланған. Атап айтқанда, гүлалшылық, қашшоқлик, кестешилик, ағаш устасы, теримшилик, аңшылық, шарўашылық, қол өнерментишилик ҳәм тағы басқалар усылар тайпасына киреди. Түрли кәсип-өнерге тийисли сөзлер кәсип-өнер лексикасы деп аталады. Ҳәзирги қарақалпақ тили лексикасы қурамында кәсип-өнерге тийисли сөзлерге бай. Мысалы: гүзешиликте доғчил (хум соғыўда жумсалатуғын әсбап), аспак ямаса об ағаш, бандак, боғиш (ыдыс шетин тегислеў ушын жумсалатуғын ләтте, шерим ямаса кийиз үзинди) сыяқлы сөзлер, сыбоқшылық тараўында базы (токча ямаса), гилмала (әсбап), лойкаш (адам), мола газчўп (әсбап) сыяқлы арнаўлы сөзлер бар. Олар сол өнер ийелери тилинде қолланылады ҳәм олар ушын түсиникли болады.
Жазыўшылар көркем шығармаларда қаҳарманлардың мийнет хызметин көрсетиўде кәсип-өнерге тийисли сөзлерден пайдаланады.
Do'stlaringiz bilan baham: |