1-Тема. Илим изертлеўдиң тийкарғы басқышлары



Download 44 Kb.
bet1/3
Sana10.06.2022
Hajmi44 Kb.
#650064
  1   2   3
Bog'liq
1-лекция


1-Тема. Илим изертлеўдиң тийкарғы басқышлары

1.1. Жумыс басқышларының улыўмалық негизи

Илимий-изертлеў жумыслары үлкен дөретиўшилик ҳәм тынымсыз мийнет болып, бул жолда изертлеўшини жүдә көп ҳәр қыйлы қыйыншылықлар күтеди, оларды жеңиў ушын күшли шыдам ҳәм сабыр керек болады. Енди баслап атырған изертлеўши жумысты қалай алып барыў кереклигин билмейди.


Ҳәр қандай илимий изертлеў жумыслары төмендегише өз-ара байланысқан басқышларға бөлинеди:
-изертлеў темасын таңлаў: таңланған тема илимийлик тәрептен актуаль болыўы тийис. Мәселени үйрениў, анықлаў, илимий колланбалардың методикасын қолланыў, изертлеўдиң мақсети ҳәм ўазыйпаларын айдынластырыў менен жуўмақланады;
-жумыс режесин дүзиў: изертлеў усылларын өзлестириў ҳәм оның тийкарғы басқышларын белгилеў, жобаластырыў;
-жумыс материалларын топлаў: бул басқыш жумыс алдында турған ўазыйпалар ҳәм оларды шешиў ушын таңланған усыллар, темаға сай болған мағлыўматларды жыйнаў тәризинде әмелге асырылады;
-Мағлыўматларды анализлеў, улыўмаластырыў, исленген жумысларды топлаў ҳәм изертлеў натийжелери бойынша анык жуўмақлар шығарыў;
-изертлеўди жуўмақлаў, илимий семинар ҳәм конференцияларда қатнасыў.
Илимий изертлеўның жоқарыда көрсетилген басқышлары өз-ара бир-бири менен байланысқан, олардың бирин екиншисинен ажратып болмайды.
Илимий изертлеўдиң жетискенлиги оның қандай дүзилгенлиги ҳәм методлар менен тәмийнленгенлигине емес, ал изертлеўгиниң таңланған темасына қандай қатнаста екенлигине де байланыслы.. Жумысты алып барыў барысында изертлеўши таңлап алған темасы бойынша қызығыўы, берилип жумыс алып барыўы, илимий темасы ҳаққында ойлаўы ҳәм изертлеў мәселелерин шешиўдиң жақсы жолларын излеп табыўы тийис.

1.2.Изертлеў темасын таңлаў
Илим изертлеўде жумыс теманы тәнлаўдан басланады. Оның дурыс таңланыўы болса жумыстың кейинги жетискенлигин белгилейди. Соның ушын да теманың дурыс таңланыўы үлкен әҳмийетке ийе болып, изертлеўши ҳәм илимий басшы тәрепинен үлкен итибарды талап етеди. Жумыс илимий тәрептен қойылатуғын талапларға толық жуўап бериўи шәрт. Илимий изертлеў темасының жетискенлигин белгилейтуғын тийкарғы талаплар томендегише:
а) актуаллығы, яғыный дене тәрбиясы ҳәм спорттың тараўындағы теориялық ҳәм әмелий әҳмийети,
б) алынган мағлыўматлар, изертлеў усылы ҳәм жаңалығы,
в) тренерлик ҳәм педагогикалық әмелияттың байланыслығы,
г) спорт пәниның белгили бир тараўындағы илимий мәселени шешиўге бағдарланған болыўы;
д) илимий жаңалығы, мақсети, ўазыйпасы, обьекти ҳәм предметиниң болыўы.
Илимий изертлеў темасының жетискенлигин анықлаў ушын изертлеўши төмендеги бағдарлар бойынша исленетуғын жумыслардың дәслепки анализин көрип шығыўы тийис.
-теманың үйренилгенлик дәрежесин анықлаў;
-изертлеўде қолланылыўы керек болған усылларды белгилеў;
-изертлеўдиң мақсет ҳәм ўазыйпаларын анықластырыў.


Download 44 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2   3




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish