БИЛИМЛЕР ҒӘЗИНЕСИ ГИЛТИ
«Тил билген – жол табады»,- дейди дана халқымыз.
Бул нақыл көп тилди билген адамның ҳеш жерде қор болмаўы, ҳәр қандай қурамалы мәселениң дурыс шешимин тапа алыў ҳаққында айтылған. Бир тилди билетуғын адам әлемди билиў ҳәм үйрениў ғәзийнесиниң қулыпының бир гилти болса, еки тилди билетуғын адам да сондай ғәзийнеден екеўиниң гилти бар, үш тилди билетуғын болса – үш. Сол себепли адамның билим дәрежеси оның өзлестирген тиллери саны менен байланыслы болады. Мектепте басланғыш кластан баслап ана тили менен бир қатарда туўысқан ҳәм шет тиллерди еркин оқытылып барыўына тийкарғы себеп те сол. Халқымыз ўатанымыз гүллениўине өз ана тили менен бир қатарда инглис, немис, француз, рус, араб, қытай, корейц, қазақ, қырғыз, тәжик ҳәм т.б. тиллерди билетуғын жаслар керек. Усындай жаслар ғана жарқыраған келешегимизди тәмийинлейди. Илим ҳәм техника, электроника жоқары дәрежеде раўажланған ҳәзирги шәраятта бир неше шет тилди билместен турып илимий техникалық тараўда, руўхый-мәдений тараўда жоқары жетискенликлерге ерисип болмайды.
Ғәрезсизлик шарапаты менен бақшалардан баслап инглис, француз, немис, қытай, япон, корейс тиллердиң үйретилиўи жоқары бахыт ҳәм жоқары инам болып табылады. Бул инамлардан азықланыў ҳәм жыйналған күшлерди халық ҳәм ўатан гүллениўине жумсаў сиз жаслардың миннетиңиз.
ИНСАН ҚӘДИРИ БИЛИМДЕ
Адамзат нәслиниң уллылығы билимнен ҳәм ақыл себепли не бирне түйинлерди шешиўге ылайық. Билим ийеси болған ҳәр қандай адам даңқлы болады.
Билим ойлап көрилса мысалы бир жылаў. Ол барлық жаман ислерден тыйып турады ҳәм де билим ийеси өз тилеклерин табады.
Ақыл - ақыл ийелериниң мәпи мудамы көпшиликке тийип турады. Билим ийелери ел де әзиз болады ҳәм ҳүрмет ийе болады. Барлық қурамалы жумыслар билим менен шешиледи.
Ҳәдислерди оқың ҳәм мазмунын айтып бериң.
Ҳәтте Қытайда да илимге умтылған, себеби илим алыўға ҳәрекет етиў ҳәр бир мөминге парыз.
Илимди үйренип, кейин оны басқаларға үйретпеў мал дүньяны жыйнап, оны сарп етиў етпей көмип қойыў менен бирдей болады.
Илим саҳрада дос, турмыс жолларында таяныш, жалғызлық дәмлеринде жолдас, бахытлы минуталарда басшы, қайғылы ўақытларда мәдеткер, адамлар арасында зебу-зийнат, душпанларға қарсы гүресиўде қурал болып табылады.
Бесиктен қәбирге шекем илим изле.
РЕЗЮМЕ
Резюме қысқа жуўмақ, қысқаша мазмун мәнислерин береди. Реферат, монография, илимий журналлар ҳәм басқа илимий жумыслар ҳаққындағы тийкарғы мағлыўматларды қамтып алған қысқа информация резюме деп аталады. Резюмениң көлеми аннотациядан үлкенлеў (асып кетсе, бир бет) болады. Резюме бериўден мақсет, әдетде, өзге тил ўәкиллерин усы мийнет мазмуны ҳәм көлеми менен таныстырыўдан ибарат болып, сол дәрек ақырында рус ямаса инглис тилинде бериледи. Ҳәзирги күнде филология илимлери бойынша философия докторы (PhD) ҳәм илим докторы диссертациялары авторефератларының ақырында бир бет резюме инглис тилинде берилип атыр.
К. Қурамбаевтиң «Шынында да, базы бир сабақлықларды қайта жазыў зәрүрлиги барға уқсайды» атлы мақаласына жазылған
РЕЗЮМЕ
Статя посвяшена проблему саздания учебников по каракалпакской литературе периуда независимости. «Илим ҳəм жəмийет» журналы.
Do'stlaringiz bilan baham: |