ЖЫЛАН КЕПЛИ ЖИГИТ ПЕНЕН КИРПИ КИЙИМЛИ ҚЫЗ
Бурынғы ӛткен заманда бир бай болыпты. Байдың үш ҳаялы болады.
Үшеўи де үш қыз туўады.
Бир күни бай бир жаққа қыдырып кетпекши болып, атын ертлеп, енди кетейин деп атырғанда аттың зәңгисине ӛрмелеп киятырған жыланды кӛреди. Бай қорқып кетеди де, қолындағы қамшысы менен жыланды тартып жибереди. Сол ўақытта жылан ӛрмелеп, дизесине келеди. Екинши рет урғанда бел баўырына дейин ӛрмелеп келеди. Үшинши рет урғанда мойнына барып оратылады.
Бай қорыққанынан жыланға жалына баслайды, «үлкен ҳаялымды берейин» дейди. Жылан қаттырақ қысады. «Ортаншы ҳаялымды берейин» дейди, бунда да қаттырақ қысады. «Киши қатынымды берейин» дейди. Және де қыса береди. Буннан кейин «үлкен қызымды берейин» дейди. Айтқан сайын қаттырақ қыса береди. «Ортаншы қызымды берейин» дейди, бунда да қысады. «Кишкентай қызымды берейин» дейди. Сол ўақытта жылан байдың мойнынан жаздырылып, жерге сылқ етип қулайды.
Буннан кейин жылан байға: «Мен бир айдан кейин келемен» - дейди. Бай буған келисим береди.
Бай үйине келгеннен кейин үлкен қызын шақырып алып, «сени жыланға бердим» дейди. Үлкен қызы жылап қоя береди. Ортаншы қызына айтады, ол да жылап қоя береди. Ең кейнинде кишкене қызына айтады. Бул жыламай, қайта күлимсиреп, қуўанышлы шырай билдиреди.
Күнлерден күн ӛтип, баяғы жыланның келетуғын ўақты жақынлайды. Мүддетли күни жақынлағанын сезген байдың кишкене қызы жеңгесине айтып, үстине кирпиниң терисинен тон тиктирип кийеди. Жыланның келетуғын күни қыз кирпиниң тикенли терисинен тигилген тонды үстине кийип алып, үйдиң ишине кирип турады. Жылан келип үйге киреди. Сыртынан жеңгелери сығалап қарап турады.
Қыз жыланға қарап былай дейди:
Жылан-жылан, жыланшы-ай,
Жылан тонды таслашы-ай –
дейди.
Жылан үстине кийген жылан қабығын сыпырып шешип таслайды. Бир суп-сулыў жигит болып шығады.
Кирпи үстиндеги кийген тонын шешип таслайды. Бул да бир суп-сулыў қыз болып шығады. Сыртынан қарап турған қыздың жеңгелери буны кӛрип ҳайран қалысады. Қыздың әкеси еситип, буларды кӛреди. Екеўине әкеси тӛрт түлик мал, бир ақ орда береди.
Күнлерден күн ӛтеди. Бир күнлери жигит қызға:
Мениң мына жылан қабығымды жасырып қой, биреў кӛрип отқа таслап жиберсе, мен саған жоқпан, сен маған жоқсаң – дейди. Усыны айтып болады да аңға шығып кетип қалады. Жигит кеткеннен кейин үлкен апалары үйине қыдырып келеди. Ҳәммеси шай ишип отырғанда бир апасы кесениң түбиндеги шайды тӛгиў ушын шыптаны кӛтерип жиберип еди, екинши апасы жыланның қабығын кӛрип, бирден қорыққанынан жанып турған отқа қолы менен атып урады. Сол отырыстан апалары тарқасады. Аңға кеткен жигит үйине қайтып келип «мениң жылан қабым қайда» деп сорайды. Сол ўақытта ҳаялы болған ўақыяның бәрин түсиндирип айтады. Жигит «ўақ, онда болмаған екен» деп қус болып ушып кетип қалады. Қыз изинен жуўырып, қуўып отырады. Бир жерлерге келгенде шаршап жығылады. Әдеўир ўақыттан ейин орнынан турып қараса, күн батайын деп тур екен. Қыз жән- жағына қараса, бир жайды кӛреди. Сол жайға қарап жүреди. Барса бир ҳаял отыр екен. Бул ҳаял буны кӛрип, «Сен бул жерден кет, егер кетпесең мениң ерим менен қәйним сени жеп қояды» - дейди. Бул ҳаялға басынан ӛткен ўақыяны түсиндиреди. Буннан кейин ҳаял «онда мен сени жасырып қояйын»
- деп қызды аршаның ишине салып жасырып қояды.
Бир ўақытта дәўлер келеди. Булар ӛзли-ӛзине «үйде адамның ийиси бар ғой» дейди. Ҳаял түрли жоллар менен қызды билдирмей аман сақлап қалады. Дәўлер азанда жумысларына кетип қалады. Дәўлердиң кеткенин билген қыз да үйден шығып, ӛз жолына түседи. Жүрип киятырып, бир кемпирге жолығады. Кемпирге басындағы ўақыяны түсиндирип айтады. Кемпир бул сӛзди еситкеннен кейин қызға мына теректиң басында бир қус бар. Сол қус күнде:
- Алты түлик малым-ай, Ақ ордалы үйим-ай, Арыў ҳаялым-ай –
деп зарлайды да турады. Күнлиз уйықлайды, кеште сол сӛзди айтып зарлайды – деп терекке силтеп жибереди.
Ҳаял барып қустың қуйрығынан услап алады. Ол ӛзиниң күйеўи екен. Сол жерден елине қайтады. Солай етип, қыз бенен жигит екеўи қосылып, мурат-мақсетине жетеди.
Do'stlaringiz bilan baham: |