ДөҲметтен атылған жанлар ямаса Қырып тасланған туран жолбарысы сестинен ҳаўлығып қарақулақтың



Download 39,96 Kb.
Sana23.06.2022
Hajmi39,96 Kb.
#695093
Bog'liq
Туран жолбарысы


ДӨҲМЕТТЕН АТЫЛҒАН ЖАНЛАР ямаса ҚЫРЫП ТАСЛАНҒАН
ТУРАН ЖОЛБАРЫСЫ
Сестинен ҳаўлығып қарақулақтың,
Адасқан жолаўшы дегбирден састы.
Мақтанышы болған қарақалпақтың,
Аңқылдап, «айға шапқан» шериң жоқ енди.


Алма жеп, алпыс бий сатылған жерде,
Мәртлер не күлпетке шатылған жерде,
Ең соңғы жолбарыс атылған жерде,
Жасыл тоғай, жапсар төриң жоқ енди…
(шайыр Базарбай Сейтаев)

Халқымыз арасында жүрген аңыз, әпсаналарға қарағанда Орта Азияда жасаған ең соңғы «Туран жолбарысы» 1956-57-жыллары атылған, ал жарақатланған жолбарыс бабамыз Ерназар Алакөздиң қәбири басына барып жан тапсырған екен. Не ушын бул ҳайўан түри қырылып кеткен. Кимлер ямаса нелер себепши болды екен?. Усы мақсетте китапларды ақтарып, ески газета журналларды титкилеп, жасы үлкен аталарымызды сәўбетке тартып, оларды илимий жақтан сәйкеслигин тексере отырып төмендегилерди анықладық.


Дерекли мағлыўматларға қарағанда Каспий теңизи әтирапында, Кавказ арты аймақлары ҳәм Орта Азияда ушырасатуғын болғанлықтан бул жолбарыс түрине «Туран жолбарысы» -деп ат берилген екен. Және де, халқымыз арасында «Аша жолбарыс»- деген аты да болған. Себеби олардың көкирек ашасы кең болып., илимге Сибирь ҳәм Туран жолбарысы- деп киргизилген. Туран жолбарысының салмағы 170-240 кг, узынлығы 220-270 см, сондай-ақ, жолбарыс терисиниң реңи қызыл, қызыл түсли ҳәм жүнлери қалың болған. Басқа жолбарыслардан айырмашылығы оның жолақлары қара емес, қоңыр ҳәм 6-7 метр узынлыққа секире алатуғын болып, олжасын бир соққыда жығып, үлкен нар түйени де 100 леген метрге шекем сүйреп кете алатуғын дәрежеде күшли болған. Туран жолбарысы 12 жылда бир рет қурсақ көтерип, балалары саны үшеўден аспайтуғынлығын билип алдық.
Жасы үлкен аталарымыздың айтыўларына қарағанда, Туран жолбарысы жергиликли халыққа аса зыян келтирмеген. Олар тек ғана өз падасынан артта қалып баратырған ямаса жарадар ҳайўанлар менен азықланған. Падаларға, әсиресе буўаз ҳайўанларға ҳүжим қылмаған. Тийкарынан кийик. Сайғақ ҳәм доңызлар менен азықланып, қойымшылықларда түнейтуғын болған.1894-жылдан баслап 1957-жылға шекем патша Россиясы ҳәм совет аўқамы әскерлери тәрепинен «адам өмирине қәўип туўдырып атыр» деген жалған мағлыўмат пенен Қарақалпақстан аймағындағы Туран жолбарыслары жалпыламай қырып тасланған. Бирақ, биолог алым В.Прохоровтың жазып қалдырған мағлыўматында «Өткен 70 жыл ишинде Орта Азияның барлық жолбарыслары тамаша ушын, сулыў териси ушын атып өлтирилди» делинген.
Усы орында әкем айтып берген мына ўақыяны сөз етпекшимен. Өткен әсирде ҳәзирги Кегейли районы Жүзимбағ АПЖ аймағында Қутлымурат суўпы Бекбаўыл улы деген бир адам жасаған екен. Ислам динине садық болған, коммунистлик идеяларға бас иймеген бул инсан сапарға шықса жолбарыс жолдас болатуғын қусайды. Урыстан кейинги жыллары дийқаншылық еле писпей атырған пайытлары бул кисиниң шаңарағыда қатты тарығады. Бир күнлери кемпири менен чай ишип отырған ўақтында кемпири жетпесликти айтып, азы-кем налынады екен. Сонда Қутлымурат атам кемпирине қарап:
-Шабазым сабыр ет, алла берген несийбе жолда киятыр, жатар ўақта келеди депти мыйығынан күлип. Кемпир-ғарры солай бираз сәўбетлесип енди уйқыға кетейин деп атырса,есиктиң алдына бир нәрсе гүрс ете қалыпты. Бийшара атам сыртқа жуўырып шықса жолбарыс бир қара қойды үй алдына таслап кетип баратырғанын көрипти. Буннан басқа да Туран жолбарысы ҳаққында ел арасында түрли аңыз, әнгимелер ушырасады. Шеттен қарағанға бәри жалғандай. Тек те өкинишли жағдай сол, Орта Азияда бирде-бир Туран жолбарысы қалмай, бәри қырып тасланған. Сөзимиз соңында газетамыз ықласбентлеринен Туран жолбарысы ҳаққында мағлыўматлар бар болса, редаксиямызға жибериўиңизди соранамыз.
Download 39,96 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish