9. Кинода сүўретшилик ҳәм композиторлық өнери
Көркем телевизион – көркем ҳәм мультипликацион фильмлер жаратыўда көринислик декарация тәреплери авторы художник есапланады. Художник бәрше дөретиўшилик топар ағзалары әсиресе постановкашы-режиссер ҳәм постановкашы оператор менен биргеликте жумыс алып барады. Болажақ фильмниң тийкарғы бөлимлерин көретуғын дәслепки дөретиўши хызметкер художник болып табылады. Ол әўели сценарийда көрсетилген заман, дәўир, ўақыя-ҳәдийселерден келип шығып фильм сүўретке алыныўы лазым болған орын ҳәм адамлардын көз-алдына келтиреди. Соған қарап декорация (повильон еки табият қойнында фильм қаҳарманларын жумыс алып барыўына мас келетуғын орын, ол киношығарманың идеялық-көркемлик мақсетин әмелге асырыўға хызмет қылады) ҳәм қатнасыўшылар ушын кийим-кеншек ҳәм де сүўретке алыў ушын зәрүрий нәрселер эскизин сызады. Ол дәслеп эскизлердиң өмир ҳақыйқатына мас келиўи лазымлығын көзде тутады.
Бир фильм жаратыў ушын дөретиўшилик топарға бир қанша художниклер жәмленеди.
Постановкашы (бас) художник
Декорациялар художниги
Кийимлер художниги
Гримчи
Мебель ҳәм риквизит (үй-рузгершилик нәрсеси)
Қурамалы сүўретлерди алыўшы художниклер
Художник ассистенти
Художниклердиң ўазыйпасы тийкарынан төмендегилерден ибарат:
Сүўретке алыў қаерде, қай тәризде болыўы кереклигин анықлаў.
Буныңушын қандай декорация таярлаў зәрүрлигин, қаҳарманлар қандай кийиниўлери лазымлығын анықлаў
Қандай мебель ҳәм үй-руўзег буйымлары керек болыўын анықлаў
Фильмниң қайсы жерлеринде курмалы съемкалар ислетиў лазымлыгын белгилеў
Кино еле даўыс пенен жазылмаған ўақытта фильмлер көрсетилип атырған залда музыка даўысы еситилсе оған ҳәмме қызығыўшылық пенен дыққат аўдарады. Кинода даўыс пайда болғаннан кеийин әўели фильмде мас музыкалар қосылып айтылатуғын, кейин болса бөлек композитор фильмниң жанр қәсийетлеринен келип шығып, оған туўры келетуғын музыка таңлайды.
Ҳақыйқатын айтқанда фильмди музыкасыз келтирип болмайды. Көбинесе тамашагөйлер фильм музыкалы дегенде тек кадр ишиндеги музыканы түсинеди. Бунда нама фильм аҳарманының қосык айтыўында пианино, гитара, танбур, дуўтар ҳәм басқа шертиў аспабы яки магнитафон, граммафон, потефон еситиўинде көринеди.
Бундай жағдайларда фильм каҳарманлары сол қосыққа музыкаға итибар береди, тыңлайды, ойын қояды. Кадрдан сырттағы музыканы фильм дөретиўшилери еситпейди. Бул нама тамашагөйге жағдайды аңлатыў, фильм идеясын ашып бериў ушын киритиледи! Жудә көп фильмлерде екин түрдеги музыка болыўы мүмкин. Драматик фильмлерде көбинесе кадрдан сырттағы намаларға орын бериледи. Музыкалы фильмлерден тысқары кеўилсиз фильмлерде ўақыя ҳәдийселер жағдайы ҳәм де қаҳарман кейпиятын анықлаўда нама жүдә әхмийетли роль ойнайды.
Do'stlaringiz bilan baham: |