ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРЫ ҲӘМ ОРТА АРНАЎЛЫ БИЛИМЛЕНДИРИЎ МИНИСТРЛИГИ
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ МӘДЕНИЯТ МИНИСТРЛИГИ
ӨЗБЕКСТАН КӨРКЕМ ӨНЕР ҲӘМ МӘДЕНИЯТ ИНСТИТУТЫ
НӨКИС ФИЛИАЛЫ
Техноген ҳәм драматургия көркем өнери кафедрасы
1-курс Кинотелеоператорлық тәлим жөнелиси студентлери ушын
«Кино, телевидение ҳәм радио тарийхы»
пәни бойынша
ТАРҚАТПА МАТЕРИАЛЛАР
Нөкис 2019
1. Кино өнери раўажланыў жолында
1919-жылда қабыл етилген бурынғы Пүткил Россия кинофото басқармасы 1922 жыл декабринде Орайлық мәмлекетлик фотокино шөлкемлерине (мәмлекет киносы) айландырылды. 1928-жылға келип болса пүткил кино камитети дүзилди.
1936-жылдың 17-январында Көркем өнер ислери Бас басқармасы дузилип, кино сол басқарманың бир тармағы сыпатында жумыс алып баратуғын болды. Кейинрек кино өнери ҳәм көркем өнерди басқарыўды жақсылаў мақсетинде 1938-жылдың 23-мартында халық Камиссарлары Совети касынан кино ислери менен шуғылланыўшы комитет шөлкемлестирилди. Бул комитет 1946-жылдың 20-мартында Кино матография Министрлигине айландырылды.
Киноматография Мәмлекетлик комитети дүзилгеннен кейин кино тез раўажлана баслады. Жаңадан-жаңа кино тармақлары, кинотеатрлар кинофильмлерди ижараға бериў орынлары, кинотехника әспабларын ислеп шығарыўшы заводлар, кинодан көбирек нусқа көшириўши фабрикалар 1973-жыл 21-августта шығарыўға арнаўлы қарар кино өнеринде әхмийетли роль ойнайды ҳәм кино хызмет керлери ушын ҳүжжет ҳәм әмелий дәстүр болып қалды. Карарда тийкарынан киноматография тараўын жәнеде раўажландырыў оны жоллары көрсетип берилген.
1976-жыл октябрь айында “Дөретиўши жаслар менен ислесиў” ҳаққындағы шығарылған карар дөретиўши жасларға ғамқорлық ҳәм меҳрибанлық руўхы менен суўғарылған. Әдебият ҳәм көркем өнер майданына кирип қәдем таслап атырған жасларды қоллап-қуўатлаў, оларға итибар менен қараў ҳәр бир дөретпесин, шығармасын басып шығарыў көрсетилген.
Өзбек кино өнери даўыссыз дәўир менен даўыслы дәўирге ақ-қара көрсетиўден, реңли көрсетиўге, әпиўайы экраннан ҳәтте кең көлемге ерисиў жолында қурамалы жолларды басып өтти. Өзбекстанда заман талабына жуўап беертуғын аппаратлар ҳәр түрли техника әспаблары менен тәмийинленген еки киностудия имараты бой көтерди. Бул дөретиўши инсанлардың өзлигин корсетиўде, сондай-ақ, көплеп фильмлер ислеп шығарыў имканиятын жаратты. Даўыс пенен жазатуғын ўақытқа ерисилгеннен кейин дәслепки пайытларда бир фльм ислеп шығаратуғын студия бүгинги күнде ҳар жылы бес-алты метражлы көркем фильм, бес атамада телевизион фильм, жети-сегиз мультипликацион фильм ҳәм Нометор атлы сатирик кино журналлардың сегиз санын жаратып бермекте.
Ҳүкимет студия исин мүнәсип баҳалап Алишер Наўайы “Даҳонинг естелиги” фильмлери мәмлекетлик сыйлықка “Осие устида бўрон”, фақулодда комиссар “Утган кунлар”, “Абу Райҳон Беруний” фильмлери Ҳамза атындағы республик мәмлекетлик сыйлығына ийе болды.
Do'stlaringiz bilan baham: |