Өзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги


Тема:Өзбекстанда телевидениениң пайда болыўы ҳәм раўажланыўы



Download 219 Kb.
bet14/17
Sana09.06.2022
Hajmi219 Kb.
#648476
1   ...   9   10   11   12   13   14   15   16   17
Bog'liq
Кино ТВ Р ТМ №1

Тема:Өзбекстанда телевидениениң пайда болыўы ҳәм раўажланыўы


Жобасы:

1. Телевидениеге байланыслы дәслепки сынаўлар


2. Өзбекстан телевидениесиниң пайда болыўы.
3. Өзбекстан тележурналистикасы тарийхы

Айырым изертлеўшилер Ташкентти электрон телевидениениң Ўатаны сыпатында тилге алады, лекин бул ҳәмме изертлеўшилер арасында тән алынған пикир емес. Мәселен, армян алымлары ақ-ара ҳәм реңли телевидениениң тийкарын салыўшысы О.А.Адамяндив деген пикирди алға сүреди. Буған уқсас басқа да көз қараслар бар (раўажланған мәмлекетлерде). Соның менен бир қатарда, абыройлы алым-қәниге Грабовский иси Ташкентти электрон телевидениениң ўатанларынан бири деп есаплаўға тийкар салады. Ол қашан ҳәм қай тәризде пайда болды. Ташкенттеги биринши телевизион узатыўшы ҳәм қабыл қылыўшы үскене XX әсирдиң 20-жылларында Орта Азия мәмлекет университетиниң физика факультетинде проектлестирилген болып, оны илимий хызметкер Б.П.Грабовский әмелге асырған еди. Пухаралар урысы ўақтында қызыл армия қатарында хызметин өтеп болып, Ташкентке келип қалған Грабовский Розингтиң ислери менен қызығады ҳәм Белянский менен биргеликте Розинг сүўретлеген аппаратты жаратыўға ҳәрекет қылады, барлық қыйыншылықлар, зәрүр материаллар жетиспеўшилигине қарамастан, Грабовский бул қурамалы техникалық мәселени шешиўге ийе болды. Грабовский жасаған телевизион экранниң үлкенлиги шырпы қутысындай еди.


Дуньядағы ең биринши электрон телевидение көрсетиўлеринен бири усы тәризде ен жайды.
Дүньяда телевидениениң биринши ойлап табыўшылары, ҳәрекет етип атырған көринисти электрон нур жәрдеминде бир жерден екиши бир жерге узатыўға ерискен Ташкентли Б. П. Грабовский ҳәм И. Ф. Белянскийлер Б. В. Розингтиң идеясына хабардар болған. Телевидениеге байланыслы дәслепки сынаўлар Ташкенте 1928-жылда басланған еди. Бул туўралы Ташкенте шығып турған газеталарда избе-из хабарлар берилип барылған. Мәселен: «Қызыл Өзбекстан» газетасының 1928-жыл ғқ-апрель санында «Алыстағын жақыннан көремиз» атлы мақала басылған. Онда тийкарынан сондай сөзлер жазылған еди: «Б. П. Прабовский ҳәм И. Ф. Белянский мың шақырым узақтағы нәрселерди көрсететуғын аппаратты ойлап тапты. Әне сол аппарат жәрдеминде жер астын ярым шақырымға шекем көриў мүмкин. Ол аўыл рузгершилиги ҳәм байланыс исине жүдә қолай. Пүткил мәмлекет қалаларынан Нижний ҳәм Ташкенте бул туўралы тәжрийбе өтеди. Аппарат Ташкенттеги тәжрийбе станциясында ислетиледи. Шемби күни округ байланыс басқармасында усы мәселе ҳаққында жыйналыс болып өтти.
1928-жылдың 26-июльинде Ташкент қаласындағы Орта Азия байланыс округи имаратында жерлеслеримиз жаратқан радио телефон табыслы сынаўдан өтти. "алаба хабар қуралларынан бири болған телевидение бүгинги турмысымызда үлкен орын ийлейди. Себеби, эфирде берилип атырған түрли қызықлы көрсетиўлер арқалы биз дүньяда жүз берип атырған ўақыя ҳәдийселерден хабардар боламыз, сана-сезимизди асырамыз. Әйне пайытта телевидение бағдарламалары мәдениятымыз, руўхыйлығымызды байытыўға хызмет етеди. Сол себепли ғәрезсиз мәмлекетлерине телевидение тармақлары раўажландырыў оларды материаллық, техникалық базасын беккемлеў мәселесине үлкен итибар берилмекте. Ҳәзирнги ўақытта тележурналист кадрларды таярлаў, оларды кәсиплик тәжрийбесин асырыў, бағдарламалар сыпаты ҳәм мазмуны заман талаплары дәредесине жеткериў жолында үлкен ҳәрекетлер алып барылып атыр.
Ташкент телеорайының тәжирийбе сынаў көрсетиўлери 1956-жылы ноябрьден басланды. Өзбекстан телевидениесиниң 1-көрсетиўи 1956-жылы 5 ноябрьде эфирге шықты. Көрсетиў бары жоғы еки саат еди. Ташкент телевидениесинде көрсетиўлердиң нәтийжели алып барылыўын тәмийинлеў мақсетинде баспа сөзде ҳәм радиоеситтириўлерде көп жыллық бай тәжирийбе топлаған журналистлер жумысқа шақырылды. Өзбекстан тележурналистлерине баспа сөз, радио хызметкерлери, дөретиўшилик шөлкемлер ҳәмде басқа да шөлкемлер өзлериниң дөретиўшилик, материаллық және техникалық жақтан көмегин берди. Бул нәрсе өз гезегинде телевидение жумысының бир қанша жетилисиўине имканият жаратты. Усы жылы Ташкент студиясы дүзилди. Студия қурамында еки редакция болды. 1) жәмийетлик-сиясий музыкалы, әдебий-драмалық редакция. 2) балалар ҳәм жас өспиримлер көрсетиў редакциясы. Көрсетиўлердиң көбейиўи менен тележурналистика жанрларының Өзбекстан телевидениесинде пайда болыўы ҳәм қәлиплесиўи басқышлары басланды. Сондай-ақ, информациялық жанрларды өзинде қамтыған көрсетиўлерде жанрлардың ҳәр тәреплеме раўажланыўы көзге тасланды. Дәслеп журналистлер теле репортаж, теле интервьюлерди таярлаўда Москва телевидениеси көрсетиўлеринен тәжирийбе топлап, бул жанрлардың раўажланыўына үлеслерин қосты. 1958-жылы Ташкентте көшпели телевизиялық станция арқалы биринши мәрте студиядан сыртта көрсетиў алып берилди. 1958-жылы августтан Ташкент телестудиясы еки программада ислеп баслады. Телепрограммаларды қабыллаў аралығын кеңейтиў мақсетинде сол жылы Самарқанд ҳәм Ферғанада ретрансляторлар қурылды. 1961-жылы Үргениште жаңа телевизиялық орайлар пайдаланыўға тапсырылды.
1965-жылы Өзбекстан Республикасы халқы Орайлық телевидение көрсетиўлерин көриў мүмкиншилигине ийе болды. qouq жылдан баслап Москвадан реңли телевидение көрсетиўлери көрсетилди. Ал 1978-жылдың 1-январынан баслап Өзбекстан телевидениеси де реңлиликке өтти.

Download 219 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   9   10   11   12   13   14   15   16   17




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish