Өзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги



Download 219 Kb.
bet17/17
Sana09.06.2022
Hajmi219 Kb.
#648476
1   ...   9   10   11   12   13   14   15   16   17
Bog'liq
Кино ТВ Р ТМ №1

«Ешлар» телеканалы ҳаққында. Бүгинги күнде ғалаба хабар қуралларының алдында улыўма аудиториялық дыққатын жеңип алыўға талаплардың күшейиўи ҳәм ғалаба хабар қураллары арасында газета журналлар менен радио-телевидение ортасында конкуренцияның пайда болыўына әкелди. Әсиресе, телевидение дәўир талабын қанаатландырыўда айрықша көзге түспекте. Айырым телевизион орайларда көрсетиў басланғаннан соң бес минут өткеннен кейин неше телевизор ислеп турғанын көрсететуғын аспабтан пайдаланбақта. Демек, техникалық қураллар ҳәр бир көрсетиўдиң тамашагөйлери санын билиўге жәрдем береди.
Китап оқыўшы оқыған шығармасынан тек өзи руўхый азық алыўы мүмкин. Ал, өз қәсийетлерине, нызамларына ийе болған телевидение шығармаларынан бир ўақыт ишинде миллионлар заўық алады. Демек, адамлардың күнделикли турмысына сиңип кеткен телевизиялық көрсетиўлердиң идеялық мазмуны терең ҳәм рәўшан болыўы лазым. Телевидение ушын фильмлер жоқары талапшаңлық пенен таңланыўы керек. Ғәрезсизликке ерискеннен соң Өзбекстан телевидениесинде өзгерислер жүз берди. Тележурналистлер жаңаша ис усылларын қолланды.
Тамашагөйлерди қызықтыратуғын көрсетиўлердин «Меҳробдан чаен» романының теле постановкасы, (режиссер М.Мухамедов), түрк жазыўшысы Н.Камалдың «Жалаладдин Хорезмшах» телеспектакли (режиссеры Т.Исройлов), Т.Мирзоның «Амир Темур» видеофильми (режиссер Т.Хамидов) ҳ.т.б. ири шығарманың телевизиялық көринислери көпшиликтиң дыққатын тартты.
Сондай-ақ «Аталар сөзи-ақылдың көзи» (режиссеры М.Мирзаҳмедов), «Телевидениениң миниатюралар театры» (режиссеры Р.Қурбанов), «Оталар чайхонаси» (режиссеры М.Каримов) киби көрсетиўлериниң қайта дөритилгени де көпшилкке мақул түспекте.
Соның менен бирге, «Жүзбе-жүз», «Хайрат», «Ҳидоят сари», «Ҳамма кўриши шарт ... эмас», «Катта танаффус», «Ракурс», «Диенат», «Ўзлигинг намаен қил», «Тунги еғда» киби көркем публицистикалық руўхый ағартыўшылық дем алыс көрсетиўлериниң де ықласбентлери барған сайын артып бармақта. «Ахборот», «Ҳафтанома» ҳ.т.б. дәстүрлерде өзбек журналистлериниң дүньясының ҳәр қыйлы еллери турмысынан таярлаған хабар, сүўретлеме, ҳәм репортажлары көбейип баратырғаны қуўандырады.
Булардан тысқары «Шырасы жанған үй», «Ойла ва жамият», «Азизим», «Ажаб саодат эрур» киби көрсетиўлердиң мазмун бағдары жәмийетлик тырнағын қалаўшы семья ҳәм инсанлар ортасындағы меҳирлиликти сәўлелендириўге итибарға ылайық.
Турмыстан мәлим TV ниң көп ықласбенти жаслар есапланады. Сонлықтан да елимиз келешеги жаслардың өзине тән дүньясын көрсетиў, қуўанышлы ҳәм тәшўишлери менен көпшиликти хабардар етиў мақсетинде көп ислеп исленбекте. Соңғы гезде «Жаслар» каналының дүзилиўи, «Сомон йўли» билимлендириў дүньясының көрсетиўлериниң пайда болғанлығы тосыннан емес. Жаслардың руўхый дүньясын байытыў, оларға Ўатанға болған меҳр-муҳаббатын қәлиплестириў мақсетинде де бир қатар дөритиўшилик өзгерислер алып барылмақта. Усы тийкарда тамашагөйлерге «Кутилмаган меҳмон»,»Шу Ватанга бордир менинг керагим», «Акссадо», «Келин-кўев», «Совчининг савдоси тушди», «Табассум кўчаларда», «Эстарада ва ешлар», « Мушаҳада баҳси», «Ўйла изла топ!» «Омад юлдузи» көрсетиўлери берилмекте.
Профессионал журналист, сиясатшы, шолыўшы кадр жетиспеўшилиги сезилмекте. Оларда тәжирийбе жетилиспей атыр, мойнына ўазыйпа алыўдан қорқыў ҳәм өзи болдыға салыўшылықлар бар. Көплеген журналистлер елеге шекем ескише пикир жүргизиўден қутыла алмай атыр. Зәрүрли проблемаларды сәўлелендириўде оларда принципиаллық жетиспейди деген еди Президентимиз И. А. Каримов. Президентимиздиң усы гәплерине бола, ӨзТV де Қәбилбек Каримбеков, Қуддус Аъзамов киби сиясий шолыўшылар, Муҳамаджон Обидов, Раҳман Қошқар, Иқбол сыяқлы билимли хызметкерлери, Аҳмад Аъзам, Абдурауф Коржобов, Садриддин Суяров, Саидазим Мардиев, Дилшод Шамс киби өз тараўының билимданлары, Шерзод Қудратхожаев, Муҳаммаднозим Мовлоновқа уқсаған экранға ҳәр тәреплеме жарасатуғын журналистлер жетилисип киятыр.

ТИЙКАРҒЫ ӘДЕБИЯТ





  1. Каримов А. Обучение профессиональной этики-важный этап подготовки телевизионных и радиожурналистов. В кн. «Проблемы подготовки журналистов для радиовещания и телевидения». Т.. 1991.

  2. Акбаров Х. Кино ва телевидение оламида. Тошкент, 1992

Download 219 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   9   10   11   12   13   14   15   16   17




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish