Өзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги



Download 219 Kb.
bet9/17
Sana09.06.2022
Hajmi219 Kb.
#648476
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   17
Bog'liq
Кино ТВ Р ТМ №1

Радионың ойлап табылыўы

А.С. Поповтың радионы ойлап табыўы


Радионың ойлап табылыўында Марконидиң үлеси


«Cымсыз телеграфия» (радио байланысы дәслеп усылай аталған) илим менен техника тарийхындағы ең әҳмийетли ҳәм ири ойлап табылыўлардың бири болды. Техникалық прогресстиң бул уллы жетискенлиги байланыс ҳәм ғалаба хабар қуралларының раўажланыўындағы ең бир жемисли болған жаңа дәўирди баслап берди.
Радио көплеген еллердеги илимпазлар менен ойлап табыўшылардың өткир ой-пикири менен ушқыр қыялының нәтийжеси.
Соны да айрықша атап өтиўимиз керек, бурынғы мектеп сабақлықларында, бурынғы аўқам ўақтында басып шығарылған тарийхый әдебиятларда радио биринши рет тек ғана Россияда, илимпаз А.С. Попов тәрепинен qiot жылдың u майында ойлап табылды деп келинди. «Радионың ўатаны тек ғана - Россия», «Радионы ойлап тапқан орыс илимпазы» -деп тастыйықланылып, тарийхты дурыс көрсетиўде бир тәреплемеликке жол қойылып, басқа еллерде радионы жүзеге шығарыўда, жетилистириўде белсене қатнасқан ойлап табыўшылардың атлары айтылмай келди.
Ҳақыйқатында да, А.С.Попов пенен бир ўақытта италиялы ҳәўескер Г.Маркони де өзинше Г.Герц болжап айтқан электромагнит толқынлары ҳаққындағы мақалаларын үйренип, радио сигналларды узаққа жеткериў ҳәм қабыллаў усылларын тапқан және әмелий исте қолланған. Оның жасап шығарған жаңалығы да А.С. Поповтың аппаратына уқсас болып, екеўи де немец физиги Г.Р.Герц пенен Дж. К.Максвеллдиң ҳаўада электромагнит толқыны ҳаққындағы изертлеўлери менен болжаўына сүйенген.
Англиялы почта мекемелериниң ақшалай жәрдеми арқасында италиялы ойлап табыўшының иси көбирек нәтийжели болды. Ол пайдакүнем исбилерменлерди ҳәм почта ведомствосының баслығын өз жаңалығының келешегине қызықтырыўға еристи ҳәм исендирди. Маркони ҳаўа арқалы байланыс жасаўға мүмкиншилигин беретуғын «сымсыз телеграфия» қурылмасына 1896-жыл 2-июнинде Англиядан гүўалық (патент) алды. Ал радиотолқынларын жеткериў ҳәм қабыллаў үскенелерин соғыўға ертерек кирискени менен А.С. Попов өз жаңалығына патент алыўды қыялына да келтирмеди. Радиотолқынларын әмелий мәқсетлер ушын пайдаланыў мүмкиншилиги туўралы бираз шет елли илимпазлардың журналларда шыққан мақалалары менен танысып ҳәм олардың тәжирийбелерин ис жүзинде сынап көргеннен кейин А.С. Попов 1889-1894-жыллары жеткерип бериўши ҳәм қабыл етиўши аппаратларды бираз жетилистириўге ериседи. Антеннаның керек екен-лигин анықлайды. Өз жәрдемшиси ҳәм досты П.Н. Рыбкин менен Петербург қаласында орыс физика-химия жәмийе-тиниң бас қоспа жыйналысында 1895- жылдың 23-апрелинде (таза стиль бойынша 7-май ) ушқынлы «сымсыз телеграфия»ны ис жүзинде көрсетеди ҳәм илимий журналда мақала жәриялайды.
Ойлап табыўшылар өз аппаратларын тәжирийбе түринде сынаўды даўам еттирип,1896-жылдың 14-(24) мартында өз үскенесине телеграф аппаратын қосып та сынап көреди. Солай етип, олар жеткерип бериўши передатчик үскенеси турған 250 метр аралықтағы бөлек жайда орнатылған қабыллаў аппаратында «Генрих Герц» деп жазыў сүресин жеткериўге ериседи. Буны ис жүзинде көргенлер оғада ҳайран қалады.
qiou-жыллары А.С. Попов пенен П.Н. Рыбкин қәрежет жағынан қысыңшаңлыққа ушыраса да, өз аппаратларының жеткерип бериў аралығын узайтыў, жетилистириў үстинде көп жумыс атқарады. Нәтийжеде, көп қыйыншылықлардан кейин радио байланысының аралығы барған сайын узайып барады. Фин қолтығында бири-биринен 45 км аралықта жайласқан еки атаў арасында байланыс орнатылады. Сол жерде радиобайланысының әмелий истеги пайдасы да тийеди. 1899-жылы аварияға ушыраған әскерий кемелердиң адамларын қутқарыўда радиотелеграф үлкен әмелий жәрдем көрсетти.
Буннан кейин де радиобайланысы тараўындағы тәжирийбелер даўам еттириледи. Кем-кемнен Балтик теңизиндеги кемелер, кейин басқа да теңиз океанлардағы кемелер радиоқураллары менен тәмийнленеди.
Туўылған ўатаны Италия болған Г. Маркони арнаўлы техникалық билимге ийе болмасада, өзиниң мәқсетке умтылыўшылығы, шаққанлығы, коммерциялық ҳәм техникалық исбилерменлиги арқасында керекли қәрежетти де, қәнигелерди де таба билди. Оның ислеген тәжирийбелери де сәтли өткерилип турылды.
Исин бираз жолға қойғаннан кейин Г. Маркони Англияда сымсыз телеграф пенен ислейтуғын жеке меншик компания дүзип, 1898-жылдың июнь айынан баслап телеграммалар бере баслаған. Ол өз аппаратураларын жетилистириў ҳәм қолайластырыў үстинде тынымсыз жумыс алып барды. Нәтийжеде, радиобай-ланысының аралығы да кем-кемнен узайды, нәтийжеси де әмелий исте көринди. qioo-жылы Г.Маркони өз радиоаппараты менен Ла-Манш буғазы арқалы, 1901-жылы Атлантика океаны арқалы радиобайланысын әмелге асырды.
Байланыстың жаңа тараўы болған «сымсыз телеграфия» машқалалары менен көп еллерде адамлар шуғылланды. Соның ишинде белгили табысқа ерискен америкалы алым (миллети бойынша югослав) Н. Тесланы атап өтиў орынлы. Ол өзи жетилистирген радиоаппаратурасы менен qioy-жылы Гудзон дәрьясында жүзип баратырған кемеден ew км аралыққа радиосигналлар бериўге ҳәм қабыл етиўге еристи. Электромагнитли толқынларды Тесла тек телеграмма жеткериў ушын ғана емес, ал ҳәр қыйлы механизмлерди басқарыў ушын сигнал жеткериўши ретинде де кең қолланды. Радиосигналлар кемеде орнатылған антенналар жәрдеминде қабыл етилип, ол механизмлерге жеткереди. Сервомотор деп аталған арнаўлы үскене-механизм электр сигналларын механикалық ҳәрекетке айландыратуғын болған.
1901-жылдан баслап, Тесла радио менен басқарылатуғын реактив двигатели орнатылған ушыў аппаратының жобасы үстинде жумыс алып барды. Радио жетискенликлерин көп мәмлекетлердиң әскерий мәкемелери өз мәқсетлери ушын пайдаланды.
1901-жылдан баслап әскерий теңиз кемелери барлық еллерди дерлик, радио жеткерип бергиш (радиопередатчиклер) менен үскенеледи.
1901-жылдан баслап америкалы ойлап табыўшы Форест бири-биринен 50 км аралықтағы темир жол станциясы және кетип баратырған поезд бенен байланыс орнатты. 1910-жылы «Тен-неси» пароходы 7,5 мың км. узақлықтағы Колифорниядан ҳаўа райының жағдайы туўралы мағлыўмат алыўға еристи. qoqq-жылы радиобайланысының узынлығы 10 мың километрге жетти.
1907-жылдан баслап Европа менен Америка материклери арасында исенимли түрде радиобайланысы ислей баслады. Енди ойлап табыўшылар радионы турмыстың барлық тараўларында пайдаланыўды гөзлеп, киширейтирилген қолайлы радиоаппаратуралар ислеп шығарыўға ҳәрекет етти. 1911-жылы Англиялы Бэкер қолда алып жүриўге қолайластырылған, салмағы 7,5 кг радио жеткерип бергишти жасап, оны самолетке орналастырды. Оның исенимли ҳәрекет етиў қашықлығы узақ болмаса да, 1,5 км аралықта сөйлесиў мүмкин еди.



Download 219 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   17




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish