2-ЛЕКЦИЯ. ТАРМАҚ АРХИТЕКТУРАСЫ
РЕЖЕ:
Кирисиў
Тармақ ҳәм тармақ архитектурасы түсиниги.
Тармақ элементлери ҳәм дәрежели архитектура.
Тармақ топологиялары
Тармақ стандартларын тәртипке салыўшы комитетлер.
Кирисиў
Тармақ архитектурасы дегенде – бул компьютер тармағын проектлестириў ҳәм оны ислеп шығыў процесси түсиниледи. Архитектура түсиниги тармақтың физикалық қурам бөлеклери, олардың функционал объектлери, конфигуратциясы, принциплери, ислеў тәртиплери ҳәм пайдаланылатуғын байланыс протоколларын анықлаўды көрсетип береди. Соның менен бирге тармақ архитектурасы байланыс тармағы арқалы усыныс етилетуғын хызметлер ҳәм олардың толық классификацияларын, усыныс етилетуғын хызметлерди есаплаў ҳәм есаплаў структурасын өз-ишине алады.
Компьютер тармақлар архитектурасы дегенде компьютерлердиң өз-ара байланысыўы, байланысыў процесслеринде пайдаланылатуғын технологиялар, олардың қәсийетлери, стандартлары, компьютерлер ортасында ўазыйпалар қандай бөлистирилгенлиги ҳәм басқада бир қанша процесслер түсиниледи. Тармақ архитектурасының ең көп пайдаланылатуғын еки түри бар: peer-to-peer ҳәм клиент-сервер.
Глобал орталықта компьютер тармақларының өз-ара байланысыў нәтийжесинде Интернет тармағы пайда етиледи. Интернет тармағының архитектурасы дәслеп тармақтағы түйинлерди ямаса түйинлерди байланыстырыў ушын мәлим бир моделде ямаса аппарат байланысларының мәлим бир түрлеринде пайдаланыўда емес бәлким Интернет протоколлары (TCP/IP) архитектурасынан пайдаланыўды көрсетеди. Солай етип ҳәр бир технология арқалы проектлестирилетуғын тармақ өзиниң архитектурасына ийе болады, мысалы OSI, TCP/IP, улыўмалық пайдаланыў телефон тармағы, мобил байланыс тармақлары ҳәм тағы басқалары.
Тармақ ҳәм тармақ архитектурасы түсиниги
Тармақ сөзиниң мәниси қурылмалардың ямаса адамлардың өз-ара байланысқан системасын ямаса группасын аңлатады. Компьютер тармақлары болса ең кеминде өз-ара байланысқан еки компьютер системасы түсиниледи. Тармақ шәртиниң орынланыўы тек ғана өз-ара байланысыў емес, бәлким өз-ара мағлыўмат алмасыў процессин әмелге асырыў шәрт.
Тармақ архитектурасы болса жоқарда айтып өтилгениндей компьютерлердиң байланысыўы арқалы пайда етилетуғын тармақты қандай тийкарда қурылғанын, қандай қурылмаларды пайдаланылғанлығы, қайсы протоколлар пайдаланылғанлығы, системада қандай орталықлардан пайдаланып мағлыўматлар узатыў ямаса ҳәр бир процессти физикалық ҳәм логикалық жағдайларын орынланыў дәрежелерин ажратып орынланыўы түсиниледи. Ҳәр бир тармақ архитектурасы белгиленген стандарт тийкарында ямаса хеш қандай стандартқа тийкарланбаған ҳалда ислеп шығылыўы мүмкин. Мысалы компьютер тармақларын OSI эталон модели тийкарында пайда етиў менен глобал орталықта мағлыўматлар алмасыўы мүмкин. Себеби дүньяда көплеп мәмлекетлердиң компьютер тармақлары усы эталон тийкарында ислейди. Егер OSI моделине тийкарланбаған қандайда бир белгиленбеген стандартқа тийкарланған компьютер тармақлары проектлестирилсе, усы система ишиндеги қурылмалар өз-ара мағлыўматлар алмаса алады, OSI тийкарланған менен болса мағлыўматлар алмаса алмайды, себеби оның стандарты басқаша. Төмендеги 1-сүўретде компьютер тармақлары OSI модели тийкарында пайда етилген қурылмалар архитектурасы келтирилген.
(b) (c)
1-сүўрет. a) Интернет, b) компьютер ҳәм c) телефон тармақларының архитектурасы
Басқаша етип айтқанда ҳәр түрли тармақ архитектуралары көплеп стандартлар тийкарында ислеп шығылады, мысалы текстли формат, текстти цифрлы көриниске өpзгертиў, циярлы сигналды текстли сигналға өзгертириў ямаса керисинше, сигналлы информацияларды сымсыз орталыққа узатыў, қабыл етиў процесслери мәлим бир стандартлар тийкарында ислеп шығылады. Көз алдыңызға келтириң еки стандарт тийкарында ислеп шығылған система арасында мағлыўматлар алмасыў жүда қурамалы болады. Соның ушын глобал тармақларды проектлестириў ҳәм пайда етиў ушын тек бир ғана стандарт пайдаланыў ҳәмме ўақыт туўры есапланбайды. Бул бир неше миллетлерди бир жерге әкелип инглиз тилинде сойлескениндей, ҳәр бир миллет өз тилинде сөйлесетин болса, оларды түсиниў ушын переводлаўшы инсан керек болады ямаса базы миллетлерне переводлаўшы инсан таўылмаўыда мүмкин. Соның ушын да тармақларды пайда етиўде бирден-бир архитектураға тийкарланыў тармақты әпиўайы ҳәм кем шығын тийкарында пайда етиў имканиятын береди.
Do'stlaringiz bilan baham: |