2-Тема. Спорт пәнинде илимий билиўдиң усыл ҳәм принциплери
2.1. Илимий билиўдиң улыўма илимий усыллары
Илимий билиў – инсән ақылының қандай да бир нәрселер мәнисине, олардың нызамый байланыс ҳәм қатнасықлары дүньясына кирип барыўдың курамалы диалектикалық процесине айтылады. Илимий билиўсиз тәбият ҳәм социял турмысты жақсы тәрепке өзгертиў мүмкин емес. Ҳәммемизге белгили болған, дүньяны билиў ҳаққындағы мәселе философияның тийкарғы мәселеси есапланады.
Билиў барысында инсан (билиў субъекти) ҳәм бар болған барлық (билиў объекти) өз-ара байланыста болады. Инсан дүньяны үйренеди соның ушын да ол ийелеген бәрше билимлер объектив барлықтың сәўлелениўи емес, яки субъектив сәўлелениў болып табылады.
Илимий методология бул илимий билиўдиң улыўмалық дүньяқарасқа сай принциплери системасы. Спорт методологиясы дегенде илимий билиўдиң усыллары ҳаққындағы тәлимат түсиниледи.
Усыл илимий мағлыўматларды топлаў ҳәм оларды ислеп шығыўдың тийкарғы жолы болып табылады. Илимий усыл барлық ўақыт объекттиң өзгешеликлери ҳаққындағы принциплер келип шығады ҳәм олардың нәтийжесине ерисиў мақсетинде тәмийнлейтуғын жол жобалар, талапларды өз ишине қамтыйды.
Методика белгили бир усыл менен байланыслы болған усыллар ямаса техникалық жоллардың жыйындысы түсиниледи.
Методика дегенде төмендегилер түсиниледи: Усылдың жеке варианты, белгили бир проблеманы шешиўдиң арнаўлы жолы, мысалы: спортшының тезлик-күш өзгешеликлерин изертлеў методикасы:
Ҳәр қандай илим изертлеў илимий проблеманы табыўдан басланыўы керек..
Илимий проблеманы дурыс орынлаў ушын пән ҳәм техниканың жаңа жетискенликлери ҳәм имканиятларды билиў, сондай-ақ усы тараўда өткерилетуғын изертлеўлер ҳаққындағы аз болсада билимге ийе болыў ҳәм олардың дәрежелерин анық билиўи тийис. Илимий проблеманың дурыс таңланыўы оны шешиў ушын көп мағлыўматлар топламын бере алады.
Илимий методологиядан келип шығып илимий билиўдиң төмендегише усылларын парқлаў мүмкин: анализ ҳәм синтез, индукция ҳәм дедукция, уқсаслық (аналогия) ҳәм моделлестириў, қыяслаў ҳәм аниқластырыў, системали анализ, бақлаў ҳәм эксперемент.
Анализ – предметти ақылда ямаса әмелде қурамый бөлимлерге (объекттиң бөлимлери, белгилери, өзгешеликлери, қатнасықлары) ажыратып үйрениўден ибарат болған изертлеў усылы.
Мысалы: Командалық ойында яғыный тренеровка барысында ҳәр бир спортшыны анализ қылыў..
Синтез – (бирлестириў, улыўмаластырыў, дүзиў) – объектти бөлимлерин бирликте ҳәм өз-ара байланыслығын үйрениў усылы.
Илим изертлеўлар барысында синтез анализ бенен тығыз байланысқан, себеби ол предметтиң анализ барысында бөлимлердиң ажратылып жиберилген бөлеклерин бирлестирип, олар арасындағы байланысты анықлаўға ҳәм предметти бир пүтин ҳалда үйрениўге имкан жаратады. Мысалы: спортшылар тәрепинен микро ҳәм мезоцикл жүклемелериниң улыўма көлемин шөлкемлестириўши ҳәр түрли бағдардағы тренеровка жүклемелериниң орынланыўы.
Индукция (дурыслаў, қозғалтыў) – предметтиң айрым бөлеклерине сай белгилерди үйрениў тийкарында оның барлық бөлеклерине сай болған белгилар ҳаққында улыўма жуўмақ шығарыўға умумий тийкарланған изертлеў усылы.
Спортшының жарыс ўақтындағы көрсеткишлерин айрықша үйренилип, кейиншели сол көрсеткишлер бойынша улыўмаластырыў.
Дедукция (байқап алыў)- улыўмалықтан жекеликке қарай пикир жүргизиў усылы есапланып, бунда дәслеп объект тексериледи, кейин оның қурамый бөлимлери изертленеди. Мысалы: дәслеп палўанның ол ямаса бул әмелди орынлаў техникасы үйрениледи, кейин әмел қурамый ьөлимлерге ажратылып көрип шығылады (услап алыў, көтерип алыў, шалыў, гилемге жығыў).
Do'stlaringiz bilan baham: |