10. Дубляж өнери
Кинофильмлерди дәслеп жаратылған тилден басқа тилге аўдарма жасаў дубляж деп аталады. Туўысқан халықлар республикалардың бәрин студяиларында ҳәр жылы бир қанша фильмлер миллий тиллерге дубляж қылынады. Буннан көзде тутылған мақсет усы студияларда ислеп шығарылган, сондай-ақ, тәрбиялық әҳмийетке ийе фильмлерди кең ел жайдырыў болып табылады. Фильмлер дубляжда “Узбек фильм” студиясы ғәрезсиз республикалар арасында алдыңғы орынларда турады. Студияда ҳәр жылы оннан аслам фильмлер өзбек тилинде дубляж қылынады. “Узбек фильм” студиясында ранаўлы дубляж цехы бар. Бул жерде дубляж қәнигелери – редакторлар, режиссерлар, укладшы (сөзлердиң ершилерге туўры келтириўши)лыр хызмет қылады. Фильм аўдарма қылыныўынан әўели оны аўдарда жасаўшы бир көрип алғаны мақул. Себеби ол фильмдеги монлог ҳәм диологлар қандай жағдайда, қайсы түрде айтылыўын фильмниң қай жерлери үлкен ҳәм қайери, орта ҳәм киши көринислерде сүўретке алғанын анық билиўи лазым. Неге дегенде қайсы тилге аўдарма қылыныўынан қатий нәзер, персонажлар ҳәрекети, сөйлесиў, усыл услубы бурынғы ҳалатындай болып қала береди. Аўдармадағы сөзлер болса, фильм қатнасыўшыларының сол жағдайларына, аўзым ашып жумыўларына, актердың айтыў етилине мас түсиўи керек. Көркем шығарма аўдармасындағы қатарлардағы мәнис толық өз көринисин толыўы ушын сөзлер көп ҳәм кем болыў мүмкин. Лекин, кино аўармасында өзлер асып ямаса кемейип калмаўы мазмун болса бузылмаўы керек.
Текст аўдармасы питкеннен кеийин, еринге түсириўши редактор ҳар бир сөзди актер сөйлеўине салыстырып шығады. Гейпара ўақытлары орыс тилиндеги киноларды дубляж буўында ўақытларда орыс тилиндеги ашық буўында келген сөзлер өзбек тилинде жабық буўынларда келиўи мүмкин. Сондай ўақытлары сөзлердиң эквивалентин, синонимлик сынарын таўып, мас келетугын сөзлерди табыў керек болады. Сөзлерди еринге сай түсириўди анықлаўшы редактор аўдарманы қырына шекемги көрип шыкқаннан кейин текстти режиссерға тапсырады. Фильм тексти аўдарма ҳәм анализ қылынып атырған процессте режиссер әўели фильмниң ҳәр бир бөлимин бир неше он бөлеклерге бөлип, ҳар қайсы бөлектиң екеў-үшеўин бир-бирине жалғастырып, бир пүтинлиик пайда етеди. Соң роллерге актерлар таңланады. Актер таңлаў дубляж режиссердың ең тийкарғы ҳәм жуўапкерли ўазыйпасы есапланады. Себеби, таңланған актердың даўысы дөретиўши актердың даўысына туўры келиўи, миллий тиллерге дубляж қылынған фильмдеги гәплер тамашагөйлерге оригинал-нусқадағы актер сөйлеп атырғандай сезилиўи керек.
Бүгинги күне ҳәммемизге белгили өзбек дубляжшылары бир неше шет ел фильмлерин. Сондай-ақ, қоңсылас республикалар фильмлерин өзбек тилин дубляж ислеп ТV арқалы тамашагөйлерге усынбақта. Бул фильмлерди корип атырып сол ролди дөреткен актерлың өзи өзбек тилинде сөйлеп атырғандай сезесең.
Do'stlaringiz bilan baham: |