5. Режиссерлық шеберлик
Режиссер – фильм постановкачисы (сценарийди экранластырыўшы) фильм жаратыўда бәрше унамлы ҳәм ислеп шығарыў күшлерин басшылық қылыўшы хызметкер болып табылады.
Режиссер – операторлар, композиторлар, актерлар менен биргеликте жумыс алып барады, фильмниң идеялық. Көркемлик жөнелисин олар дөретиўшилиги менен байланыстырып, шеберлигин фильмге сиңдирип, бир пүтин шығарма жаратады.
Режиссердың жумыс басламастан алдыңғы биринши хызмети фильм ушын шығарма, яғный сценарий таңлаў есапланады. Ол өзиниң характерине мас келетуғын, шығармада сәўлеленген ўақыя-ҳәдийселерди, идеяны экранластырыўға қурбы жететуғын. Сценарий таңлайды.
Көбинесе режиссерлар өзлери сценарий жазады. Себеби ол жаратқан фильмди ол өз ишинде бар шеберлик пенен актерға айнаты, коз алдына елеслетип урған көринислерди избе-излик пенен операторға ленталарға түсириўге жол корсетеди. Режиссер оз сценарийында қайсы кадр қанша метр ҳәм қайсы планда опыныўын анықлайды. Бир толық метражлы көркем фильм орта есапта 2000-2700 метр болады. Ол тийкарғы үш көринисте алынады: 1. Үлкен көринис, 2. Орта көринис, 3. Улыўма көринис
Үлкен көринис фильм каҳарманының бас бөлими, жүзи, көз-карасы, има-имарасы сүўретке алынады. Орта көринсте белден жоқары бөлими, еки ямаса бир неше кисиниң сәўбети сәўленеди. Улыўма көринисте толық геўде, тәбият көринислери, бир топар адамлар, улыўмаласып жумыс қылып атырған адамлар сүўретленеди. Режиссерлық сценарийда жүз беретуғын ўақыялардың әхмийети ҳәм дәрежеси, олардың экранда қай усылда. Шеберликте жанланғанында, безелгенинде анықланып алынады.
Фильмниң ҳәр тәреплеме қызықлы, ўақыялардың избе-из жайласыўы режиссер шеберлигине байланыслы. “Режиссердың хызмети ҳәм мақтанышлы ҳәм машақаты” – дейди Шуҳрат Аббасов, -оның ўазыйпасы жүдә қурамалы. Режиссер үш адам. Ол пьесаның идеясы, мазмуны ҳәм онда илгери айтылған пикирлерди, образларды шолыў жасап өтетугын адам, ол актерға ойнаўы лазым болған ролиниң әҳмийетин түсиндирип, базыда сол ролди қандай ойнаў кереклигин көрсетип бериўши педагок.
Соның менен бирге актердың шахсий қәсийтлери көринип турыўшы ойна, дөретиўшилик күшлер ҳәмде бәрше қатнасышылар өз-ара мүнәсебетлерди орнына қойып, спектаклды бастан ақырына шекем шөлкемлестиретуғын адам болады.
Сүўретке алыў процессинде ҳар қайсы көринис бир неше (дубль) мәрте сүўретке алынады.
Фильмди сүўретке алыў тамам болғаннан кейин, сол көринислер бир-бирине жалғанып (монтаж қылынып) фильм жаратылады. Мине, усы ҳар бир ислемейтуғын жумыстың басында режиссер турады.
Do'stlaringiz bilan baham: |