8. Фильм түрлери ҳәм жанрлары
Фильмлер көрсетилиў түрлерине қарап еки түрли болады.
Ақ-қара көринисиндеги фильмлер
Реңли көринистеги фильмлер
Экранда қойылатуғын фильмлер төменде ис турлерге бөлинеди:
Әпиўайы экранлы 2 КЩ экранлы
Кең көлемли (панорамалы)3. Айлана панорамалы кино
Стереоскопик кино (стереокино)
Пленкалар еки жағынан фильм түрлери: 1. Енсиз (8,16 мм өнимли пленкадағы фильмлер) Бундай пленка тийкарынан ҳәўескерлер киносы, ҳүжжетли фильмлер ҳәм айырым ўақыяларда көркем фильмлер жаратыў ушын ислетиледи.
2. Әпиўайы (35 мм өлшемли фильмлер) Бундай пленка кең тарқалған болып, тийкарынан көркем, ҳүжжетли, илимий ҳәм мультипликацион фильмлер жаратыўда ислетиледи.
3. Кең (65-77 мм) өлшемли фильмлер. Пленкалардың бул түри өзиниң атынан көринип турғанындай фильмлер ислеп шығарыўда ислетиледи ҳәм арнаўлы аппаратларда бериледи.
Жоқарыдағы үш түрдеги пленкада ақ қара ҳәм реңли көринисте болыўы мүмкин.
Кино дәслеп әпиўайы экранда ақ-кара көринисте жүзеге келген. Пән ҳәм техника тез пәт пенен раўажланыўы нәтийжесин де көркем өнердиң бул ақ-қара көринистен реңли көриниске, әпиўайы экраннан кең экранға өтти. Бул, әлбетте фильмге көркемлик түс береди, оның тәбийилығын күшейтеди, тамашагөйге тасир күши артады. Бизде реңли фильмлер ислеп шығарыў ҳәрекети 30-жылларында басланып, бундай фильм 1936-жылда экранда берилген еди. “Грузия Карнокова” атлы фильм есапланады.
Кең экранлы фильмниң қасийети сонда, онда көрсетиўдиң тәбийыйлығы артады. Кең үлкелер, таў төбешеклери, кинокөринислер, ханаың ишки затлары, дала, тәбият байлықлары бирден көзге тасланады. Аппарат әпиўйы экранға карағанда еки мәрте кең орынды ҳәм адамларды қамрап алыўы мүмкин болады.
1955-жылға келип кең көлемли (панорамалы) кинофильмлер жаратыўға кирисилди. Кең көлемли фильм енли 50-55,56-70 мм-ли пленкаларда сүўретке алынып, ўақыя ҳәдийселерди кең экранлы фильмлерге қарағанда ҳәм жанлы, ҳәм тәбийи қылып көрсетеди. Француз кинорежиссеры А.Гаис биринши мәрте 1937-жылда кең көлемли фильм жаратқан еди.
Бизде кең көлемли кино 1957-жылда ислеп шығарылған.
Фильмлерде белгили бир идея ҳәм мақсет көзде тутылады. Сол идея ҳәм мақсет анық ўақыя-ҳәдийселер тийкарында әмелге асырылды. Әмелге асырыў усылына услубына қарай фильмлер 4 түрге бөлинеди.
1. Коркем фильмлер, 2. Ҳүжжетли фильмлер, 3. Илимий фильмлер, 4.Мультипликацион фильм
Усы 4 түрдеги фильмлер түрли жанр фильмлерин өз ишине алады. Драматик, эпик, лироэпик, музыкалы фильмлер ҳ.т.б.
Do'stlaringiz bilan baham: |