Өзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги


Қарақалпақстанда дәслепки радиоеситтириўлердиң басланыўы



Download 219 Kb.
bet10/17
Sana09.06.2022
Hajmi219 Kb.
#648476
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   ...   17
Bog'liq
Кино ТВ Р ТМ №1

Қарақалпақстанда дәслепки радиоеситтириўлердиң басланыўы

Қарақалпақстанда радиостанциялардың қурылыўы


Қарақалпақстан радиосының дәслепки еситтириўлери

Рус илимпазы А.С.Попов пенен италиялы Марконидиң ашқан жаңалығы пүткил дүньяда үлкен қызығыўшылық оятты. Радио тек байланыс қуралы болып қалмастан, кем-кемнен ғалаба хабар қуралына айлана баслады. Кең аудиторияға қаратылған биринши радиостанция АҚШ тың Питсбург қаласында қурылып, 1920-жылдың w-ноябринен баслап еситтириўлер бере баслады. Кейин Лондон, Париж, Берлин, Брюссель, Прага қалаларында, qowr-жылдың we-ноябринде Москва қаласынан турақлы радиоеситтириўлер берилетуғын болды.


Москвадан дәслепки ўақытлары берилген радиоеситтириўлерди бир ямаса бир неше адам наушник пенен тыңлар еди. Өйткени, бүгингидей, «громкоговорительлер» болмады. Радио арқалы РосТА хабарлары, концертлер, гүрриңлер берилип барылды. Қарақалпақстанға дәслепки радиоеситириў қураллары qoww-жылдан баслап алып келине баслағаны туўралы архив ҳүжжетлеринде сөз етиледи. Оған дейин тек Төрткүл-Чаржаў аралығында сым менен келип турған телеграф байланысы болды.
1922-жылдың май айында Ташкент-Түркстан почта-телеграф округинен сол жыллардағы Қарақалпақстанның (qowr-жылға дейин Әмиўдәрья ўәлаяты деп аталған) пайтахты Төрткүлге бир комплект «Телефункен» типиндеги қабыллаў радиостанциясының үскенелери жибериледи. Ол жыллары жергиликли радиоқәнигелери болмағанлықтан, Ташкенттен бурынғы әскерий радист Д.Кузнецов ҳәм оның ҳаялы Надежда жоллама менен Қарақалпақстанға келди. Олар келиўден радиостанцияны ислетиў мәқсетинде жергиликли узын ағашларды бири-бирине жалғастырып, антенна ислейди ҳәм орнатады. Радиостанцияны Төрткүл почта-телеграф кеңсесиниң бир бөлмесине орналастырып, оны батареяларға ҳәм антеннаға тутастырады. Тез арада, атап айтқанда, август айының орталарында Төрткүл қабыллаў радиостанциясы жумыс ислей баслаған.
Төрткүл қабыллаў радиостанциясы бурынғы Түркстан автоном республикасы қурамындағы ири қалаларға қурылған 14 радиостанцияның бири еди. Бул радиостанциялардың тийкарғы ўазыйпасы Ташкент ҳәм Москвадан берилген нусқаўлар менен директиваларды, хабарлар менен мағлыўматларды жергиликли басшы органларға жеткериўден ибарат еди. Төрт-күл радиостанциясы да бул ўазыйпаны орынлай баслады ҳәм « Түркистан Телеграф Агентли-ги», «Россия телеграф агентлиги» хабарламаларының сүрелерин радио арқалы қабыл етип, тийисли мәкемелерге жиберип турды. Хабарлар дәслеп қолдан, соңынан машинкада көбейтилген.
1924-1925-жыллардан кейин Орта Азияда миллий республикалардың дүзилиўине байланыслы, Қарақалпақстан автоном ўәлаят болып, Қазақстанның қурамына кирди. Усы жыллары батареялар менен ислейтуғын радиоқабыллағышлар алып келине баслады. Кейинирек, Төрткүлге ҳәм басқа да район орайларына радиоузеллер орнатылды.
1927-жылдың 11-февралынан Ташкент радиостанциясы арқалы өзбекше ҳәм орысша еситтириўлер бериле баслады. Кейинирек, бул радиостанция арқалы қазақ-ша, қырғызша, түркменше, тәжикше еситтириўлер жолға қойылды. 1930-жылдың ақырынан баслап, Ташкенттен қарақалпақша да еситтириўлер бериле баслады. Еситтириўлер бул қалада оқып атырған қарақалпақ жасларының күши менен таярланған, ҳәўескер жаслардың қарақалпақша концерти де берилип турылды. Радио турмысымызға енисип атырған дәслепки жыллары жаслардың радиоға қызығыўшылығы тәбийий нәрсе. Радиоға қызыққан жаслар дөгереклерге бирлесип, схемалар бойынша детекторлы ҳәм лампалы әпиўайы радиоқабыллағышлар қурастырған. Москва, Ташкент, Баку қалаларынан берилген радиоеситтириўлерин турақлы тыңлап барған. В.Троцан, М.Қәлимбетов, А.Нарымбетов, В.Кучиевлер дөгеректиң белсенди ағзалары болып, оларға тәжирийбели радист Д.Кузнецов басшылық еткен.
1931-жылдың декабринде Қарақалпақстанда радиокомитет дүзилди ҳәм оның баслығы болып, А.Г.Лехин тастыйықланған. Бираз шөлкемлестириў қыйыншылықларынан кейин qoew-жылдың 16-апрелинен баслап, қарақалпақша еситтириўлерди радиоузеллер арқалы бериў жолға қойылды. Қарақалпақстан радиосын қурағанлардың қатарында Қ.Аралбаев, Қ.Оразов, Б.Зиналиев, И.Бекбаўлиев, А. Тантешева, Б.Штейнберг, Фучкин, Аболтин ҳәм басқалар бар.
Қарақалпақстан радиосы qoew-жылы дәслепки еситтириўлерин Төрткүл қаласында баслады. Ветеранлардың еске түсириўлерине қарағанда, булардың көпшилиги майда хабарлардан ибарат болған. Ол ўақытлары радиоқабыллағышларо санаўлы болды. Сонлықтан адамлар қызыл отаўларға, клубларға, ҳәттеки ашық майданларға да жыйналып, радио тыңлаған. Дәслепки жыллары халық радионың ҳәр бир еситтириўин таң қаларлық ўақыя ретинде баҳалады. Радионы халыққа кеңирек таратыў мақсетинде 1930-жыллары қабыллаўшы ҳәм тарқатыўшы станциялар, радиоузельлер Төрткүлде, Шымбайда, Нөкисте ҳәм басқа да районларда көплеп қурылды. 1935-жылға келип Қарақалпақстан радиосының еситтириўиниң көлеми 3 саатқа жеткерилди. Еситтириўлердиң тийкарғы бөлегин сол ўақытлардағы коллективлестириў, халық турмысының гейпара машқалалары ҳәм басқа да әҳмийетли машқалаларға арналды. Халық сазлары ансамбли, талантлы қосықшылар өзлериниң концерт бағдарламалары менен тиккелей микрофон арқалы ҳәр күни халықтың хызметинде болды.
Екинши жер жүзлик урыс жылларында радионың роли айрықша болды. Халқымыз урыстағы ҳәм сол жыллардағы көнделикли аўҳалды, жаңалықларды радио арқалы билип барды. Урыстан кейинги жыллары халық хожалығының барлық тараўларын қайта тиклеў, раўажландырыў, бес жыллықтың жобаларын мүддетинен бурын орынлаў бойынша гүресте, өндирис алдыңғыларының тәжирийбелерин халыққа нәсиятлаўда Қарақалпақстан радиосы айтарлықтай хызмет атқарды.
Демек, солай екен бүгинги турмысымызды радиосыз көз алдыңа келтириў қыйын. Радио республика халқының көнделикли турмысына терең сиңип, өзиниң дәслепки дүзилген күнинен баслап, халықтың сөйлеў тили, еситер қулағы, көрер көзи болып келди. Қарақалпақстан радиосының дөретиўшилик жәмәәти бүгинги күни республиканың сиясий, экономикалық, социаллық, мәдений ҳәм руўҳый турмысында жүз берип атырған жаңалықларды, өзгерислерди орын алып атырған бир қатар машқалаларды өз ўақтында сәўлелендирип келмекте. Сондай-ақ, күнде-ликли радиоеситтириўлеринде республикамыздың экономикалық ҳәм сиясий турақлығын тәмийнлеў, халықты социаллық жақтан қорғаў, елде аўызбиршиликти, дослықты, бирликти беккемлеў бойынша қатар жумысларды иске асырып атыр.
Қарақалпақстан радиосы 70 жылдан аслам ўақыттан бери мәдениятымыздың әҳмийетли бөлеги сыпатында халқымызға қалыс хызмет етип киятыр.



Download 219 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   ...   17




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish