Мойнақ районы Мектепке шекемги Билимлендириў шөлкеми директорлары хам педагог хызметкерлери ушын «Бахтли болалик қонун ҳимоясида» темасында өткерилген онлайн семинар ҳаққында
Мағлыўмат
2020-жыл 24-августь куни Мойнақ районы Мектепке шекемги Билимлендириў шөлкеми директорлары ҳам педагог хызметкерлери ушын «Бахтли болалик қонун ҳимоясида» темасында өткерилген онлайн семинар болып өтти.
Семинарды Мойнақ районы Мектепке шекемги Билимлендириў бөлимине қараслы 4-санлы Мектепке шекемги Билимлендириў шөлкеми психологи П.Айтжанова алып барды. Бул семинар Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги Билимлендириў Министрлиги, Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 20-январьдағы «Мәмлекетимизде мәмлекетлик тилинде ис журитиўди нәтийжели шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында» ғы 34-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң педагог хызметкерлери ушын «Бахтли болалик қонун ҳимоясида» сурени астында шөлкемлестирилди.
Семинарда тийкарынан бала ҳуқықлары Мектепке шекемги тәлим ҳам тәрбия туўрысындағы Өзбекистан Республикаси Нызамы, нызамның 36,37,38 статиялары бала ҳуқықларына тийисли екенлиги сөз етилген. Бул статияларда МШБШ де тәлим-тәрбия қатнасыўшылары кимлер екенлиги, Мектепке шекемги болған жастағы балалардың ҳуқықлары, баланың ҳуқуқый ўәкиллериниң ҳуқық хам мәжбуриятлары ҳаққында айтылған. Буннан тысқары Бала ҳуқықларының кепилликлери туўрысындағы Өзбекистан Республикаси Нызамы ҳаккында сөз етилген. Бала ойнаўға ҳам дем алыўға, билим алыўға, ҳамме нарсени билиўге, Өзбекистан пухарасы болыўға, емлениўге, қорганыўға, жақын карындаслары қушағында болыў ҳуқықларына ийе.
Онлайн семинар барше қатнасыўшыларға бирдей мақул болып, келеси жумысларында алып барылған тәжирийбе тийкарында тәлим-тәрбия бериў мақсет етип белгиленди.