|
Кегейли районы санитария эпидемиология тынышлык орайы Сизиң, 2020-жыл 20-август кунги №583/516-шығыс хатыңызға төмендегише жуўап береди
|
bet | 1/5 | Sana | 25.02.2022 | Hajmi | 29,75 Kb. | | #257997 |
| Bog'liq Дауран 2011-2014
№1/1-600 25.08.2020-жыл
Кегейли районы санитария эпидемиология тынышлык орайы Сизиң, 2020-жыл 20-август кунги №583/516-шығыс хатыңызға төмендегише жуўап береди.
Кегейли районы медицина бирлеспеси медицина хызметкерлериниң Кегейли районлық медицина бирлеспесине қараслы жуқпалы кеселликлер бөлиминде 2020-жыл 20-июль ҳәм 03-август күнлери аралығында коронавирус инфекциясы менен кеселленген наўқасларды емлеў дәўиринде қатнасқан районлық реанимация бөлиминиң реанимотолог врачы Аманқулов Жанибек, районлық жуқпалы кеселликлер бөлиминиң инфекционист врачы Оразбаев Рашид, жуқпалы кеселликлер бөлиминиң хамширалары Реймбаева Жаңылсын, Сулайманова Қаршыға, санитаркалар Матирзаева Лала, Ерекеева Айзада лардан 2020-жыл 20-июль ҳәм 03-август күнлери аралығында коронавирус инфекциясы менен кеселленген наўқасларды емлеу дәўиринде 2020-жыл 31-июль күни коронавирус инфекциясына тексериў мақсетинде тамақ ҳәм мурыннан районлық СЭТО тәрепинен анализ алынып ҚР СЭТО вирусология лабороториясына жиберилди ҳәм анализ натийжеси 2020-жыл 02-август күни жоқарыда аты көрсетилген медицина қәнигелеринен коронавирус инфекциясы анықланды.
Эпидемиологиялык анализлер алып барылғанда реанимотолог врачы Аманқулов Жанибек тийкарғы жумыс орны Кегейли РМБ қараслы реанимация бөлиминде реаниматолог врач болып жумыс ислейди.
2020-жыл 15-июль күни коронавирус инфекциясы менен дизимге алынған наўқас усы бөлимде ислеўши врач Уббиев Саламат пенен қатнаста болған реанимация бөлиминиң 36 қәнигелеринен коронавирус инфекциясына гуман етип тамақ ҳәм мурыннан анализлер алынып ҚР СЭТО вирусология лабораториясынын анализ жуўмагы бойынша 2020-жыл 18-июль күни 16 қәнигеде коронавирус инфекциясы анықланды, бул анализ жуўмагы бойынша Аманқулов Жанибекте коронавирус инфекциясы анықланбады ҳәм 15-18 июль күнлери коронавирус инфекциясы анықланған медицина қәнигелери менен анализ жуўмағы шығыў аралығында наўқас реанимация бөлими хамширасы Отепова Лиза менен 15 ҳәм 17-июль күнлери, санитарка Жарылқағанова Мухаббат пенен 17-июль күни, санитарка Хожаназарова Жаңылсын менен 16-июль күни нәўбетшиликте турған.
2020-жыл 20-июль ҳәм 03-август күнлери аралығында коронавирус инфекциясы менен кеселленген наўқасларды емлеў карантин зонасында болған дәўиринде 2020-жыл 23-июль күни районлық СЭТО тәрепинен коронавирус инфекциясына тамак ҳәм мурыннан алынған анализди сол күни ҚР СЭТО вирусология лабораториясына тапсырттырыўдан өз қәлеўи менен бас тартты.
2020-жыл 04-август күни Аманқулов Жанибектин өзиниң айтыўы бойынша 2020-жыл 27-июль ҳәм 31-июль күнлери өзин коронавирус инфекциясына гумандар етип коронавирус инфекциясы менен кеселленген наўқасларды емлеў карантин зонасынан санитария гигиена қағыйдаларына әмел етпестен шығып Кегейли РМБ не қараслы рентген тексериўине өзи барып түскен.
Жоқарыда көрсетилген мағлыўматлар жуўмағы бойынша, Аманқулов Жанибек өзин коронавирус инфекциясына гүмандар етип 2020-жыл 23-июль күни районлық СЭТО тәрепинен коронавирус инфекциясына тамақ ҳәм мурыннан алынған анализди сол күни ҚР СЭТО вирусология лабораториясына тапсырттырыўдан өз қәлеўи менен бас тартқанлығы ҳәм 2020-жыл 27-июль ҳәм 31-июль күнлери өзин коронавирус инфекциясына гүмандар етип Кегейли РМБ рентген тексериўине барғанлығы, коронавирус инфекциясының жасырын дәўиринде тийкарғы жумыс орны Кегейли РМБ реанимация бөлиминде болғанлығы инфекцияны жуқтырыў дереги Кегейли РМБне қараслы болып есапланады.
Кегейли РМБ жуқпалы кеселликлер бөлими инфекционист врачы Оразбаев Рашидтиң келиншеги Нызамова Наргиза ҳәм 2019-жыл 31-октябрь күни баласы Баймуратов Расул ОРЗ гипертермический синдром, нейротоксикоз эксикоз диагнозы менен Кегейли РМБниң реанимация бөлиминде 11-16 июль күнлери аралығында емлетиўде алып жатқан 16-июль күни Нызамова Наргиза ҳәм Баймуратов Расул бул бөлимнен шығып үйине қайтқан ҳәм үйинде дене ыссылығы көтерилгеннен соң 17-июль күни усы бөлимге қайтадан келип жатқан.
Бул бөлимде Нызамова Наргизадан коронавирус инфекциясына гүмандар етип районлық СЭТО тәрепинен 2020-жыл 17-июль күни коронавирус инфекциясына тамақ ҳәм мурыннан анализ алынып ҚР СЭТО вирусология лабораториясына жиберилди ҳәм ҚР СЭТО вирусология лабораториясы анализ жуўмағы 2020-жыл 20-июль күни Нызамова Наргизада коронавирус инфекциясы анықланды.
Оразбаев Рашид 2020-жыл 11-17-июль күнлери аралығында келиншеги Нызамова Наргиза ҳәм баласы Баймуратов Расул емленип атырған районлык реанимация бөлимине ҳәр күни барып хабар алып турған.
Оразбаев Рашидте коронавирус инфекциясын жуғыў дереги инфекцияның жасырын дәўири даўамында реанимация бөлиминде болғанлығы ҳәм коронавирус инфекциясы менен дизимге алынған келиншеги Нызамова Наргиза қатнаста болғанлығы анықланды.
Кегейли РМБ жуқпалы кеселликлер бөлиминиң хамширалары Реймбаева Жаңылсын, Сулайманова Қаршыға, санитаркалар Матирзаева Лала, Ерекеева Айзадалардан өзлериниң қәлеўи менен (өзлеринде коронавирус инфекциясының клиник белгилери болмағанлығы себепли) 2020-жыл 04-август күни районлык СЭТО тәрепинен коронавирус инфекциясына қайтадан тамақ ҳәм мурыннан анализлер алынып ҚР СЭТО вирусология лабораториясына жиберилди ҳәм 06-август күни ҚР СЭТО вирусология лабораториясының анализ жуўмағы бойынша Реймбаева Жаңылсында коронавирус инфекциясы анықланды.
Сулайманова Қаршыға, Матирзаева Лала, Ерекеева Айзадаларда коронавирус инфекциясы анықланбады.
Жоқарыда аты көрсетилген медицина қәнигелеринде коронавирус инфекциясын анықлаў мақсетинде ИФА тексериўден өткериўинизди сораймыз.
Do'stlaringiz bilan baham: |
|
|