Ислам Каримов



Download 320,5 Kb.
bet2/7
Sana21.11.2022
Hajmi320,5 Kb.
#869811
1   2   3   4   5   6   7
Bog'liq
ЖЕР жузилик экон.дагдарыс И.КАРИМОВ

Бириншиден, финанс-банк системасындағы дағдарыс процесслери дерлик пүткил дүньяны қамтып алып атырғаны, рецессия ҳәм экономикалық пәсейиўдиң айқын болыўы, инвестициялық искерлик көлеминниң шеклениўи, талап ҳәм халықаралық саўда көлеминиң кемейиўи, сондай-ақ дүньяның көплеген мәмлекетлерине тәсир көрсететуғын аўыр социаллық жоғалтыўлар пайда болыўы мүмкинлигин тастыйықламақта.
Екиншиден, ҳәўиж алып баратырған глобал финанслық дағдарыс жәҳән финанс-банк системасында жүзеге келген аўыр кемшиликлердиң бар екенин ҳәм усы системаны түптен реформаластырыў зәрүрлигин көрсетти. Ҳәзирги ўақытта бул дағдарыс тийкарынан өзиниң корпоратив мәплерин гөзлеп ис жүритип келген, кредит ҳәм қымбат баҳалы қағазлар базарларында ҳәр қыйлы спекулятив әмелиятларға берилип кеткен банклер хызмети үстинен жетерли дәрежеде қадағалаўдың жоқлығын да тастыйықлады.
Үшиншиден, финанслық-экономикалық дағдарыстың ҳәр бир мәмлекеттеги шегарасы, көлеми ҳәм ақыбетлериниң қандай болыўы ҳәр тәреплеме бир қанша факторлардан келип шығады. Яғный, бул ең дәслеп, әне усы мәмлекеттиң финанс-валюта системасы қаншелли беккем екенине, миллий кредит институтларының қандай дәрежеде капиталласыўы ҳәм ликвидлигине (төлеў имканиятына), олардың шет ел ҳәм корпоратив банк дүзилмелерине қаншелли қараслы екенине, сондай-ақ алтын-валюта қорының көлеми, сырт ел кредитлерин қайтарыў мүмкиншилиги ҳәм ақырғы нәтийжеде - елимиз экономикасының турақлылығына, диверсификация ҳәм бәсекиге шыдамлылық дәрежесине байланыслы.
Төртиншиден, жәҳән финанслық дағдарысынан мүмкиншилиги барынша тез шығыў, оның ақыбетлерин жеңиллестириў ҳәр тәреплеме ҳәр бир мәмлекет шеңберинде ҳәм улыўма дүнья жәмийетшилиги көлеминде қабыл етилип атырған шара-илажлардың қаншелли нәтийжелилигине, олардың бир-бирине муўапықлылығына байланыслы.
2008-жыл ноябрь айында Вашингтонда, дүнья жүзлик жалпы өниминиң 85 процентин ислеп шығаратуғын 20 ири мәмлекет қатнасыўында болып өткен саммит глобал финанслық дағдарыстың көлеми еле де кеңейип баратырғанлығын тастыйықлады.
Усы саммитте болып өткен талқылаўлар көрсетип турғанындай, бүгин дүнья жүзлик финанслық дағдарысының алдын алыў ҳаққында сөз болып атырған жоқ, бәлким оннан тек қалай шығыў жоллары изленбекте. Яғный, бул мәселеде жағдай сондай дәрежеге жетти, енди әўелги нәтийжелерге қайтыў ҳаққында сөз жүритиўге тийкар жоқ.
Талқылаўларда дағдарысты келтирип шығарған себеплер талланғанда саммит қатнасыўшыларының бирдей көз-қарасқа ийе емеслиги, сол себептен усы глобал дағдарыстың аўыр ҳәм узақ даўам ететуғын ақыбетлерин сапластырыў бойынша улыўма ҳәм нәтийжели бағдарлама ислеп шығыў ҳаққында айтыўға еле ерте екенлиги мәлим болды.
Соның менен бирге, усы саммиттиң болып өткени, онда жәҳән финанс дағдарысы менен байланыслы болған машқалалар ҳәм жүзеге келген жағдайдың талқыланғанлығының өзи үмит оятатуғын унамлы аўҳал екенлигине гүман жоқ.
Жәҳән финанслық дағдарысының ҳәр бир мәмлекетке тәсири, оннан көрилетуғын зыянның дәрежеси ҳәм көлеми биринши нәўбетте усы мәмлекеттиң финанслық-экономикалық ҳәм банк системаларының қаншелли турақлы ҳәм исенимли екенлигине, олардың қорғаныў механизмлери қаншелли күшли екенлигине байланыслылығын дәлиллеўге зәрүрлик жоқ, деп ойлайман.
Өзбекстанда қзбекстанда қабыл етилген өзине тән реформа ҳәм модернизация модели арқалы биз өз алдымызға узақ ҳәм даўам ететуғын миллий мәплеримизди әмелге асырыў ўазыйпасын қояр екенбиз, ең дәслеп «шок терапиясы» деп аталған усылларды бизге шеттен турып енгизиўге қаратылған урыныўлардан, базар экономикасы өзин-өзи тәртипке салады, деген жүдә әпиўайы ҳәм алдамшы көз-қараслардан ўаз кештик.
Ҳәкимшилик-буйрықпазлық системасынан басқарыўдың базар системасына өтиў процесинде избе-из қатнасты, «Жаңа үй қурмай турып, ескисин бузбаң» деген турмыстан алынған принципке сүйенген ҳалда, реформаларды избе-из ҳәм басқышпа-басқыш әмелге асырыў жолын таңладық.
Ең әҳмийетлиси, бийпарўалық ҳәм бийбастақлық тәсирине түсип қалмаў ушын өтиў дәўиринде мәмлекет бас реформатор сыпатында жуўапкершиликти өз мойнына алыўы зәрүрлигин биз өзимизге анық белгилеп алдық.
Мәмлекетимиздиң узақ ҳәм даўам ететуғын мәплери талап еткен ҳалларда ҳәм кескин жағдайлардан шығыў, олар пайда ететуғын машқалаларды шешиў зәрүр болғанда экономикада мәмлекет тәрепинен басқарыў усыллары қолланды ҳәм бундай қатнас ақыр-ақыбетинде өзин толық ақлады.
Усы орында Өзбекстанда финанслық-экономикалық, бюджет, банк-кредит системасы, сондай-ақ экономиканың реал секторы кәрханалары ҳәм тараўларының турақлы ҳәм де үзликсиз ислеўин тәмийинлеў ушын жетерли дәрежеде беккем хорлар жаратылғанын ҳәм зәрүр ресурслар базасы бар екенин айтып өткен мақул.
Айырым мысалларға тоқтап өтсем.

Ҳеш кимге сыр емес, бүгин кең көлемде тарқалып баратырған дүнья жүзлик финанслық дағдарыстың тийкарғы себеплеринен бири – бул банклер ликвидлиги, яғный төлеў қәбилетиниң әззилиги менен байланыслы болған машқаланың кескинлесиўи, кредит базарындағы қытшылық, әпиўайы қылып айтқанда, пул қаржыларының жетиспеўшилиги менен түсиндириледи.


Мәмлекетимизде болса тек бир ғана коммерциялық банклердиң активлери муғдары, «Пуқаралардың банклердеги аманатларын қорғаў кепилликлери ҳаққында»ғы нызамына муўапық пайда болған хорларды есапқа алған ҳалда, 13 триллион 360 миллиард сўмнан асады. Бул халық ҳәм хожалық жүргизиўши субъектлердиң тартылған депозитлери көлеминен шама менен 2,4 есе көп.
Банк активлери көлеминиң сезилерли дәрежеде асқанлығын есапқа алып, бүгинги күнде республикамызда жасаўшы халықтың банклердеги барлық депозитлерине мәмлекет тәрепинен жүз процент кепиллик бериў тәмийинленбекте.
Бул бойынша 2006-жылда шөлкемлестирилген «Микрокредитбанк»тың хызмети ҳаққында айрықша тоқтап өтиў лазым. Мәмлекетимиз аймақларында 78 филиалы ҳәм 270 тен зыят минибанклери хызмет көрсетип атырған усы банк киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик тармағын кредитлер менен тәмийинлеўге хызмет етпекте.
2007-2008-жыллар даўамында усы банк активлериниң муғдары 3,5 есе, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти кредитлеў көлеми 4 есеге асты ҳәм бул мақсетлерге 150 миллиард сўмнан артық қаржы қаратылды.
Президент пәрманы тийкарында «Микрокредитбанк» устав хорын 72 миллиард сўмға асырыў ҳәм оның көлемин 150 миллиард сўмға жеткериў ҳаққында қарар қабыл етилди.
Және бир мәселе – сыртқы қарыз ҳәм оны үзиў машқалалары менен байланыслы.
Соны айтып өтиў керек, көплеген мәмлекетлердиң сыртқы қарыз мәселесиндеги пуқта ойланбаған сиясаты олардың экономикасының әззи, сыртқы факторларға ғәрезли, қәўипли жағдайлар алдында қорғаўсыз ҳәм төмен аўҳалға салып қойғанын көриў, бақлаў қыйын емес.
Өзбекстан өзиниң ғәрезсиз раўажланыў дәўиринде қысқа мүддетли спекульятив кредитлерден ўаз кешип, шет ел инвестицияларын
узақ мүддетли ҳәм жеңилликли процент ставкалары бойынша тартыў прициплерине ҳәмме ўақта әмел қылып келмекте.
Соны да айтып өтиўди қәлер едим, қарызды өз ўақтында қайтара алыўға толық исенимимиз ҳәм кепиллигимиз болмаған пайытларда анық бир жойбарды кредитлеў бойынша айырым усыныслардан ўаз кешкен ҳалатларымыз да болды.
Коммерциялық банклеримиздиң сыртқы миннетлемелери бойынша төлеўлердиң жағдай ҳәм көлеми мәселеси бойынша сөз еткенде ҳеш қандай қәўип-қәтерге орын жоқ. Бул да республикамыз банк системасы жәҳән финанслық дағдарысының унамсыз тәсири ҳәм ақыбетлеринен исенимли түрде қорғалғанын көрсетеди.
Өзбекстан өзиниң исенимли ҳәм төлеў қәбилетине ийе бирге ислесиўши екенин, мәмлекетимизге шет ел қаржыларын тартыў бойынша ҳәр тәреплеме қолай шәрт-шараятлар жаратылғанын әмелде дәлиллемекте.
2007-2008-жыллар даўамында өзлестирилген шет ел инвестициялары көлеми 2,5 еседен көбирек асқанлығының өзи де буны тастыйықлап турыпты.
Улыўма, 2009-жылда мәмлекет экономикасына киргизилетуғын шет ел ҳәм ишки инвестицияларды есапқа алғанда, капитал қойылмалардың улыўма көлеми мәмлекетимиздиң жалпы ишки өниминиң кеминде 25 процентин қурайды.
Халықтың ис ҳақы ҳәм табысларын избе-из ҳәм алдын ала асырып барыў ҳәм де тутыныў базарында баҳалар индексиниң тийкарсыз түрде өсиўиниң алдын алыўға тийисли шара-илажлар да избе-из әмелге асырылмақта. Бул болса елимиздиң абаданшылығын көтериў, халықтың сатып алыў қәбилетин асырыўды көзде тутатуғын ең әҳмийетли мақсетлеримизге толық сәйкес келеди.
Тәбийий, жоқарыда атап өтилген мысал ҳәм санлардан, еле де тереңлесип баратырған жәҳән финанслық дағдарысы мәмлекетимизге тәсир көрсетпейди, бизди шетлеп өтеди, деген жуўмақ шығармаўымыз керек. Мәселени бундай түсиниў әдеўир әпиўайылық, айтыўымыз мүмкин, кеширип болмас қәте болар еди.
Ҳәммемиз бир ҳақыйқатлықты аңлап жетиўимиз лазым - Өзбекстан бүгин халық аралық жәмийетшиликтиң ҳәм глобал финанслық- экономикалық базарының ажыралмас қурамлық бөлеги есапланады.
Буның тастыйығын сыртқы дүнья менен байланысларымыз еле де кеңейип баратырғанында, раўажланған жетекши мәмлекетлер жәрдеминде экономика тармақларын раўажландырыў, модернизациялаў, техникалық ҳәм технологиялық қайта үскенелеў бойынша дәстүрлердиң әмелге асырылып атырғанлығында, Өзбекстанның халықаралық саўда системасына интеграцияласыўында, өним ҳәм товарлар импорты ҳәм экспортының өсип барыўында ҳәм басқа мысалларда анық көриўимиз мүмкин.
Усы себепли глобал финанслық дағдарыс ҳәм биринши нәўбетте оның ақыбетлери экономикамыздың раўажланыўы ҳәм нәтийжелилигине тәсир етип атырғанлығына көз жумып қараўға болмайды.
Жәҳән базарында талаптың пәсейип барыўы ақыбетинде Өзбекстан экспорт қылатуғын қымбат баҳалы ҳәм реңли металлар, пахта, уран, нефт өнимлери, минерал төгинлер ҳәм басқа өнимлердиң баҳасы түсип бармақта. Бул болса өз нәўбетинде хожалық жүритиўши субъектлердиң ҳәм инвесторлардың экспорттан алатуғын түсимлериниң кемейиўине алып келеди. Олардың пайда көриўине ҳәм ислеп шығарыў рентабеллигине ақыр-ақыбетте болса, макроэкономикалық көрсеткишлеримиздиң өсиў пәтлери ҳәм экономикамыздың басқа тәреплерине унамсыз тәсир етеди. Гүман жоқ, жәҳән финанслық дағдарысының тәсирин кемейттириў ҳәм оның ақыбетлерин сапластырыў ушын бизде барлық шәрт-шараятлар бар. Бәринен бурын кейинги дәўир даўамында елимиздиң экономикалық ҳәм финанслық потенциалының пухта тийкары, финанс-банк системасын исенимли басқарыў механизмлерин өз ўақтында қәлиплестирип ҳәм беккемлеп алғанымыз буған кепиллик ҳәм тийкар болып хызмет етиўи шәрт.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң жақында қабыл етилген пәрманы менен жәҳән финас дағдарысының ақыбетлерине қарсы гүресиў жолында банк ҳәм финанс дүзилмелерине қосымша жәрдем бериў экономиканың реал секторы кәрхана ҳәм компаниялардың искерлигин күшейтиў ҳәм хошаметлеўге қаратылған шара-илажларды әмелге асырыў нәзерде тутылған.
Бир сөз бенен айтқанда, елимизде глобал дағдарыстың ақыбетлерин, бүгинги ҳәм ертеңги күтилетуғын тәсирин есапқа алған ҳалда, қатаң, ҳәр тәреплеме ойланылған кең көлемли жойбарлар бүгин әмелге асырылмақта.
Әлбетте, елимизде бундай шара-илажлардың енгизилиўи менен бир қатарда бул аўыр сынаўды жеңиў, ҳеш сөзсиз ҳәр тәреплеме бәршемизден алдын ала жуўапкершиликти терең сезиўимизди, барлық имканият ҳәм ресурсларымызды иске салыўымызды талап етеди.


II. Банк ситемасын қоллап-қуўатлаў, өндиристи модернизациялаў, техникалық жаңалаў, диверсификациялаў, инновациялық технологияларды кеңнен енгизиў - Өзбекстан ушын дағдарысты сапластырыў ҳәм жәҳән базарында жаңа жоқары нәтийжелерге ерисиўдиң исенимли жолы

Экономикамыздың жәҳән хожалық ҳәм финанслық – экономикалық системасына интеграцияласыў процеси еле де тереңлесип баратырғанлығын итибарға алатуғын болсақ, жәҳән финанслық дағдарысы, дәслеп оның ақыбетлери бизге де унамсыз тәсир көрсеткени ҳаққында сөз етип отырыўдың ҳеш қандай зәрүрлиги болмаса керек, деп ойлайман.


Және тәкирар айтыўға туўры келеди. Бундай тәсир бәринен бурын улыўма дүнья базарындағы талап ҳәм баҳалардың кескин түсип кетиўинде ҳәм тәбийий мәмлекетимиздиң экспорт қылатуғын өнимлериниң зәрүр түрлерине салыстырғанда ҳәм де экспортқа бағдарланған жетекши тармақлар ҳәм олар менен байланыслы болған түрлес кәрханалар хызметинде көринбекте. Бул болса өз нәўбетинде пүткил экономикамыздың пропорционал ҳәм нәтийжели раўажланыўына унамсыз тәсир көрсетпекте, нәзерде тутылған жойбарларды әмелге асырыў, өз алдымызға қойған мақсетлерге ерисиў жолында көплеген машқалаларды келтирип шығармақта. Қысқа етип айтқанда, 2008-жыл биз ушын биринши нәўбетте мәмлекетимиз мийнеткешлери ушын жүдә қыйын ҳәм аўыр болды.
Лекин, жүзеге келген барлық машқала ҳәм қыйыншылықларға қарамастан халқымыздың пидайы мийнети ҳәм әмелге асырылған илажлары нәтийжесинде 2008-жылда экономикамыздың тек турақлы искерлик көрсетиўине емес, ал оның жоқары өсиў пәтлерин избе-из тәмийинлеўге еристик.
2008-жылда жалпы ишки өнимниң өсиў пәтлери 9 процентти, санаатта 12,7 процентти, соның ишинде тутыныў товарларын ислеп шығарыў 17,7 процентти қурады, хызмет көрсетиў көлеми 21,3 процентке өсти.
Экономикамыздың басқа әҳмийетли тараўлары да турақлы пәтлер менен раўажланды: қурылыс-8,3 процент, транспортта жүк ҳәм жолаўшы тасыў көлеми-10,2 процент, саўда тараўы-7,2 процентке өсти. Аўыл хожалығында 4,5 процент өсимге ерисилип, 3 миллион 410 мың тонна пахта таярланды, 6 миллион 330 мың тонна ғәлле, соның ишинде 6 миллион 145 мың тонна бийдай жетистирилди.
Мәмлекетлик бюджет артығы менен орынланды, нәзерде тутылған дефицит орнына жалпы ишки өнимге салыстырғанда 1,5 процент муғдарында профицитке ерисилди.
Пуқта ойланылған қатаң пул кредит сиясатын избе-из алып барыў себепли инфляция нәзерде тутылған болжаў көрсеткишлери шегарасында, яғный жыллық 7,8 процент дәрежесинде сақлап қалынды.
Бул орында елимизде мийнетти хошаметлеў, ис ҳақыны көбейтиў ҳәм халықтың табысларының өсиўин тәмийинлеўге қаратылған сиясатын әмелге асырыў бойынша қолға киргизилген нәтийжелер ҳаққында арнаўлы тоқтап өтпекшимен.
2008-жылда орташа ис ҳақы бюджет мекемелеринде 1,5 еседен зыят, ал улыўма экономика бойынша 1,4 есе асты. Нәтийжеде орташа ис ҳақы муғдары 300 АҚШ долларынан артық болды. Халықтың реал табыслары болса жыл даўамында жан басына 23 процент көбейди.
2009-жылды алатуғын болсақ, орташа ис ҳақы муғдарын бюджет саласында ҳәм соған сәйкес рәўиште хожалық жүритиўши субъектлерде де-1,4 есе асырыў нәзерде тутылмақта. Инфляцияның өсиў көрсеткишин 7-9 процент дәрежесинде сақлап турыў гөзленбекте.
Сыртқы базарда конъюктураның төменлеўине қарамастан, 2008-жылда сыртқы саўда айланысы 21,4 процентке асты, ҳәзирги ўақытта товарлар ҳәм хызметлер экспорты 28,7 процентке артты. Нәтийжеде сыртқы саўда балансында унамлы сальдо көлеми сезилерли дәрежеде өсти. Бул болса исенимли төлеў балансы ҳәм экономикамыз турақлылығының әҳмийетли көрсеткиши болып хызмет етпекте.
Сыртқы саўда қурамында терең унамлы өзгерислер жүз бермекте. Кейинги жыллар даўамында экспорт қурамында бәсекиге шыдамлы таяр өним салмағының турақлы өсиў тенденциясы ҳәм шийки зат жеткерип бериўши тараўлар өнимлери үлесиниң кемейип баратырғаны анық көзге тасланбақта. 2008-жылда улыўма экспорт көлеминде шийки зат болмаған товарлардың үлеси 71 проценттен зыятын қурады. Сол ўақытта Өзбекстан ушын дәстүрий экспорт шийки заты болған пахта таласының бундағы үлеси 2003-жылдағы 20 проценттен 2008-жылда 12 процентке түсти.
Атап өтиў керек, сыртқы саўда қатнасықларымыз географиясы, дәслеп раўажланып баратырған Азия континенти базарлары менен саўда айланысының өсиўи есабынан сапа жағынан өзгермекте.
Бул көрсеткишлердиң барлығы дәслеп, экспорт қурамында жоқары қосымша қунға ийе болған бәсекилес таяр өним үлесиниң избе-из артыўы, биринши нәўбетте, экономикамыздың өсип баратырған потенциалы ҳәм имканиятларынан дерек береди. Соның менен бирге, бундай жағдай экспортымыздың шийки зат ресурсларының баҳасы тез-тез өзгерип туратуғын жәҳән базары тәсирине ғәрезлилигин кемейтиўде әҳмийетли бағдар болып хызмет етеди.
Жәҳән экономикалық дағдарысы даўам етип атырған ҳәзирги жағдайда бундай өзгерис әсиресе үлкен әҳмийетке ийе. Неге дегенде, бүгинги күнде экспорт тийкарынан шийки зат жеткерип бериўден ибарат болып, дүнья базарындағы баҳа ойынларына ҳәдден тысқары байланысып қалып атырғанлығы айырым еллерде валюта түсимлерин кемейтетуғын, финанслық турақлылықтың төменлеўине алып келетуғын, экономиканы изден шығаратуғын айырықша факторға айланбақта.
Бизиң кейинги жылларда экспорт саласында қолға киргизген жетискенликлеримиз, дәслеп мәмлекетимиз экономикасының қурамын түптен структуралық өзгертиў ҳәм диверсификациялаў, қысқа мүддетте биз ушын пүткиллей жаңа, локомотив ролин атқаратуғын тармақларын пайда етиў, ислеп шығарыўды модернизациялаў, техникалық ҳәм технологиялық жақтан жаңалаў дәстүрлерин әмелге асырыў, заманагөй инфраструктураны қәлиплестириў барысында өз ўақтында басланған, терең ойланылған ҳәм узақ келешекке гөзленген ислеримиздиң нәтийжеси болып есапланады.
Елимизде структуралық өзгерислерди избе-из әмелге асырыўда қолайлы инвестиция орталығының жаратылғаны тийкарғы фактор болып келмекте. 2008-жылда экономиканы раўажландырыў ушын барлық финанслық дереклер есабынан 6,4 миллиард АҚШ доллары муғдарында инвестиция тартылды. Бул 2007-жыл менен салыстырғанда 28,3 процентке көп болып, жалпы ишки өнимге қарағанда инвестициялар көлеми 23 процентти қурады.
Өзлестирилген барлық инвестициялардың 50 процентке жақыны өндиристи модернизациялаў ҳәм техникалық жақтан қайта үскенелестириўге бағдарланғанлығын атап өтиў тийис.
Кейинги жылларда Өзбекстан экономикасына киритилип атырған сырт ел инвестициялары көлеминиң избе-из ҳәм турақлы өсип баратырғаны итибарға ылайық. 2008-жылда 1 миллиард 700 миллион АҚШ доллары муғдарындағы сырт ел инвестициялары өзлестирилди. Бул 2007-жылдағыға салыстырғанда 46 процентке көп дегенди аңлатады. Ең әҳмийетлиси, сырт ел инвестицияларының 74 процентин тиккелей инвестициялар қурады. Жәҳән дағдарысы даўам етип атырғанына қарамастан, 2009-жылда мәмлекетимиз экономикасына тартылатуғын сырт ел инвестициялар көлеми 1 миллиард 800 миллион долларға көбейеди, буның төрттен үш бөлеги тиккелей инвестициялар есапланады.
Соны көтериңки түрде атап өтиў керек, өзлестирилген барлық инвестициялардың дерлик 54 процентин кәрханалар ҳәм халық табыслары қурайды. Бул мәмлекетимизде салық жүгин кемейтиў ҳәм хожалық жүритиўши субъектлердиң инвестициялық белсендилигин хошаметлеў бойынша алып барылып атырған салық сиясаты қаншелли дурыс екенин және бир мәрте тастыйықлайды.
Экономикамызда структуралық өзгерислерди әмелге асырыў ҳәм оны модернизациялаў жөнинде стратегиялық әҳмийетли роль ойнайтуғын жойбарларды әмелге асырыў, биринши нәўбетте, ислеп шығарыў инфраструктурасын қәлиплестириўде 2006-жылда дүзилген, бүгинги күнде 3 млрд. 200 млн. АҚШ долларынан артық Устав фондына ийе болған Өзбекстан Республикасы Тиклениў ҳәм раўажланыў фонды хызметине үлкен әҳмийет берилмекте. Жақын келешекте бул Фонд активлерин 5 миллиард долларға жеткизиў нәзерде тутылмақта. Өткен еки жыл даўамында онлап ири санаат ҳәм инфрадүзилме қурылысын қаржыландырыў ҳәм биргеликте финансластырыў ушын Фонд тәрепинен 550 миллион АҚШ долларынан зыят муғдарда кредитлер ажыратылды.
Мәмлекетимиз бойынша инвестиция дәстүрлерин әмелге асырыў нәтийжесинде дерлик 250 миллиард сўмлық тийкарғы фондқа ийе болған жәми 423 объект, соннан азық-аўқат санаатында 145, қурылыс материаллары санаатында 118, жеңил ҳәм тоқымашылық санаатында 65, аўыл ҳәм тоғай хожалығы тараўында 58, химия ҳәм нефть-химия санаатында 13, фармацевтика тараўында 8 объект иске түсирилди.
2008-жылда иске түсирилген ҳәм ҳәзирги күнде қурылып атырған ири өндирис қурылыслары қатарында Ферғана ойпатлығын электр энергиясы менен мудамы тәмийинлеў мүмкиншилигин беретуғын, узынлығы 165 километрлик Янги Ангрен ыссылық электр станциясы – «Өзбекстан» жоқары күшке ийе электр жеткизип бериў линиясы қурылғанлығын айрықша атап өтиў тийис. Сырдәрья ыссылық электр станциясын «Сўғдиёна» күшлендириў станциясы менен байланыстыратуғын, Ғузор – Сурхон жоқары күшке ийе электр жеткизип бериў линиялары ҳәм Ташкент қаласы электр тәмийинаты объектлери жойбарларын әмелге асырыў ислери даўам еттирилмекте. Сондай-ақ 2008-жылы 2600 километрден артық ишимлик суўы ҳәм де 825 километрден зыят тәбийий газ тармақлары пайдаланыўға тапсырылды.
Социаллық тараў объектлерин қурыў ҳәм пайдаланыўға тапсырыў мәселелерине үлкен әҳмийет берилиўи нәтийжесинде 113 мың 200 оқыўшыға мөлшерленген 169 кәсип-өнер колледжи ҳәм 14 мың 700 орынлы 23 академиялық лицей қурылды ҳәм реконструкция қылынды. Соның менен бирге, 69 жаңа мектеп қурылды ҳәм 582 мектеп капитал реконструкция қылынды. Солар қатарында 184 балалар спорты комплекси, 26 аўыллық шыпакерлик пункти 7 миллион 240 мың квадрат метр турақ жай биналары ҳәм басқа объектлер қурылды.
2008-жылда аўыл хожалығы өндирисиниң нәтийжелилигин және де асырыў принципиал зәрүр әҳмийетке ийе екенин инабатқа алып, фермер хожалықларына ажыратылып атырған жер майданларын оптималластырыў барысында зәрүр ислер әмелге асырылды.
Дәслеп зыян көрип ислейтуғын, рентабеллиги пәс ҳәм келешеги жоқ ширкет хожалықларын сапластырыў негизинде дүзилген жеке фермер хожалықлары бүгинги күнде ҳақлы рәўиште аўылда жетекши буўынға – аўыл хожалық өнимлерин ислеп шығарыўшы тийкарғы күшке айланды.
Ҳәзирги ўақытта фермер хожалықлары аўыл хожалық өнимлерин ислеп шығарыўды шөлкемлестриўдиң ең нәтийжели формасы екенин турмыстың өзи тастыйықлап бермекте. Елимизде фермер хожалықларын материаллық-техникалық тәмийинлеў ҳәм қаржыландырыў бойынша базар экономикасы принциплерине толық жуўап беретуғын исенимли система ҳәм механизмлер қәлиплестирилди ҳәм табыслы хызмет көрсетпекте.
Ҳәр жылы фермер хожалықларын қоллап-қуўатлаў ушын үлкен муғдарда материаллық ресурс ҳәм қаржылар ажыратылмақта. Тек өткен 2008-жылдың өзинде аўыл хожалық өнимлериниң ең зәрүр түрлерин жетистириў ушын 1 триллион сўм, соннан пахта таярлаўға 800 миллиард сўм, ғәлле жетистириўге 200 миллиард сўм қаржы аванс ретинде берилди. 2009-жылда бул мақсетлер ушын 1 триллион 200 миллиард сўм қаратылды.
Аўыл хожалық техникасын лизинг тийкарында сатып алыў бойынша арнаўлы шөлкемлестирилген Фонд есабынан бул мақсетлер ушын 2008-жылы 43 миллиард сўмнан зыят қаржы ажыратылған болса, 2009-жылда 58 миллиард сўмнан артық қаржы ажыратылыўы режелестирилмекте.
Мәмлекетимиз тәрепинен көрсетилип атырған мине усындай итибар ҳәм әмелий жәрдем себепли 2008-жылда фермер хожалықларының пахта жетистириўдеги үлеси 99,1 процентти, ғәлле таярлаўда болса 79,2 процентти қурады.
Соның менен бирге, өткен дәўир даўамында арттырған тәжирийбемиз фермерликти және де раўажландырыў ушын бир қатар жүдә зәрүр машқалаларды, тийкарынан фермер хожалықларының турақлылығы, ең әҳмийетлиси, олардың нәтийжелилигин арттырыў менен байланыслы мәселелерди шешиўди қатты талап етпекте.
Хызмет көрсетип атырған көпшилик фермер хожалықларының ис тәжирийбеси соннан дерек береди, фермер хожалықларын қәлиплестириўдиң дәслепки басқышында оларға ажыратып берилген жер майданларының кемлиги өним ислеп шығарыў рентабеллигиниң өсиўине ҳәр тәреплеме тосқынлық етип атыр.
Имканияты, күш-қуўаты кем болған фермер хожалықлары өзин зәрүр техника, айланыс қаржылары менен тәмийинлеў, кредит мүмкиншилигине ийе болыў, ең тийкарғысы, өз қәрежетлерин қаплаў ҳәм пайда көрип ислеў, дәраматты асырыўдың исенимли тийкарына айлана алмайтуғын бүгин турмыстың өзи көрсетпекте.
Соннан келип шыққан ҳалда, жер майданларын толық инвентаризациядан өткериў ҳәм фермер хожалықлары хызметин сын көз-қарастан баҳалаў тийкарында олардың жер майданларын оптималластырыў бойынша кең көлемли, соның менен бирге, пуқта ойланылған ислер әмелге асырылды. Бунда фермер хожалықларының қайсы тараўға қәнигелескенлиги ҳәм мәмлекетимиздиң түрли аймақларындағы халықтың тығызлығы айрықша итибарға алынды.
Әне сол ислер нәтийжесинде фермер хожалықлары ушын ажыратылған жер майданлары бүгинги күнде пахташылық ҳәм ғәллешиликте орташа 37 гектардан 93,7 гектарға дейин көбейди, яки 2,5 еседен зыят асты. Бул көрсеткиш палыз өнимлеринде-10 гектардан 24,7 гектарға шекем, яки 2,5 есе, шарўашылықта болса 154 гектардан 164,5 гектарға шекем көбейди.
2008-жылы мәмлекетимизде киши бизнес ҳәм жеке ис билерменлик тараўы турақлы раўажланды.
Хожалық жүритиўши субъектлердиң салық жүгин және де кемейтиў, микрофирма ҳәм киши кәрханалар ушын бирден-бир салық төлеминиң 10 проценттен 8 процентке, ал 2009-жылдан баслап 7 процентке түсирилиўи, физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы ставкаларының кемейттирилиўи ҳәм сол ўақытта оны есаплаў тәртиплериниң жетилистирилиўи исбилерменлик, киши ҳәм жеке бизнести избе-из раўажландырыў ушын күшли хошаметлеўши факторлар жаратты.
Нәтийжеде соңғы алты ай даўамында ис алып барып атырған киши бизнес субъектлери саны 400 мыңды қурады.
Киши бизнес субъектлери тәрепинен өндирилип атырған санаат өнимлери көлеми 2008-жылы азы кем 22 процентке көбейди. Бул санаат тараўындағы орташа өсиў көрсеткишинен бираз көп. Соның нәтийжесинде киши бизнестиң жалпы ишки өнимдеги үлеси 2007-жылдағы 45,5 пороценттен 2008-жылда 48,2 процентке көтерилди. Бүгинги күнде мәмлекетимизде жумыс пенен бәнт болған жәми халықтың 76 проценттен көбиреги тап усы тараўда мийнет етип атырғаны айрықша итибарға ийе.
Халықты жумыс пенен тәмийинлеў машқалаларын шешиўде де әҳмийетли сапалық өзгерислер көзге тасланбақта. Биз ушын жүдә актуал болған бул мәселени шешиўде киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти жедел раўажландырыў менен бирге, хызмет көрсетиў тараўы ҳәм үйге алып ислеўдиң түрли формаларын кең енгизиў, аўыллық жерлерде шарўашылықты раўажландырыўды хошаметлеўге айрықша әҳмийет берилмекте.
2008-жыл даўамында елимизде 661 мыңға жақын, соннан киши бизнес тараўында-374 мың, хызмет көрсетиў ҳәм сервис тараўында-220 мыңға шамалас, ал үйге алып ислеў есабынан-97 мың 800 жаңа жумыс орны жаратылды.
Әлбетте, жумыс орынлары санын көбейтиўде хызмет көрсетиў ҳәм сервис тараўын раўажландырыў ҳәм кеңейтиў әҳмийетли орын тутады. 2008-жылы байланыс, хабар мәлимлеме, финанс, банк, траснпорт хызметин көрсетиў, турмыслық хызмет көрсетиў, техника ҳәм автомобиллерди оңлаў тараўлары әдеўир жоқары пәтлер менен раўажланды. Соңғы төрт жыл даўамында жылына орташа 50 процент өсиўди тәмийинлеп атырған информациялық технологиялар тараўында хызмет көрсетиў жедел раўажланып атырғанын айрықша атап өтиў лазым. Нәтийжеде хызмет көрсетиў саласының жалпы ишки өнимдеги үлеси 2007-жылдағы 42,5 проценттен 2008-жылда 45, 3 процентке өсти.
Соның менен аўыл халқына көрсетилип атырған хызметлер көлеми жылдан-жылға өсип баратырғанына қарамай елеберин төмен дәрежеде – бары-жоғы 26,8 процент болып қалып атырғанына айрықша дыққат аўдарыў лазым. Айтыў керек, халыққа хызмет көрсетиў сапасы да талап дәрежесинде емес.
Қайта-қайта ҳәм тәкирар айтып өтиў керек, өндирислик кәрханалар менен кооперация тийкарында пайда етилетуғын үйге алып ислеўди раўажландырыўға үлкен әҳмийет берилмекте. Бул бойынша елимизде жумыс бериўши кәрханалар ушын да, үйге алып ислеў менен шуғылланыўшы адамлар ушын да хошаметлеўдиң бир пүтин ҳәм тәсирли ситемасы жаратылған.
Бүгинги басқышта үйге алып ислеў саласы бәнтлик ҳәм шаңарақ бюджети дәраматларын асырыўдың қосымша дерегине айланып баратырғанын ҳеш ким бийкар ете алмайды. Бүгинги күни үйге алып ислеў пухараларды биринши нәўбетте ҳаял-қызлар, әсиресе көп балалы ҳаяллар, жәрдемге мүтәж майыплар ҳәм мийнет қәбилети шекленген басқа адамларды өндириске тартыў ушын зәрүр социаллық әҳмийет пайда етпекте.
2008-жылда үйге алып ислеўшилер тәрепинен 34 миллиард сўмлық өним ислеп шығарылды ҳәм хызметлер көрсетилди. Үйге алып ислеў ушын жумыс орынларын ашқан кәрханалар, бул бойынша өзлерине берилген жеңилликлер есабынан 1 миллиард сўмнан артық қаржыны тежеўге еристи.
Халықты, әсиресе аўыл халқын жумыс пенен тәмийинлеўдиң және бир әҳмийетли бағдары жеке жәрдемши ҳәм дийқан хожалықларында қара мал бағыў менен шуғылланыўшы адамлар санын көбейтиўден ибарат. Атап өтиў керек, бул мәселеде белгили унамлы нәтийжелер қолға киритилди.
Елимизде қара малларды ҳалыққа ҳәм фермер хожалықларына ким зыят саўдалары арқалы сатыў, оларға мақсетли ҳәм жеңилликли кредитлер бериў, ветеренария хызметин көрсетиў сапасын ҳәм көлемин арттырыў, азықлық пенен тәмийинлеў бойынша нәтийжели механизмлер жаратылған. Шарўашылықты раўажландырыў бағдарламасының орынланыў шеңберинде 2008-жылы ким зыят саўдаларында 20 мың 300 бас қара мал сатылды. 2009-жылда және 24 мың 600 бас қара мал сатыў нәзерде тутылмақта. Егер 2007-жылда қара мал сатып алыў ушын 42,5 миллиард сўмлық жеңилликли кредитлер ажыратылған болса, 2008-жылда бул көрсеткиш-48 миллиард 200 миллион сўмды қурады.
Бизге мәлим, елимизде кем тәмийинленген шаңарақларға бийпул саўын сыйыр ажыратыў жолы менен қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылмақта. 2006-жылдан 2008-жылға шекем әне усындай шаңарақлар ушын 103 мыңнан зыят қара мал берилди.
Нәтийжеде 2009-жылдың 1-январына шекем жеке жәрдемши ҳәм дийқан хожалықларында қара мал бағыўшы сыпатында дизимге алынған пухаралардың улыўма саны 1 миллион 100 мыңнан көбирегин қурады. Солардан 54 мың адамға жаңадан мийнет дәптершеси берилди, 111 мың пухараның болса бар болған мийнет дәптершесине ис стажы белгиленген тәртипте дизимге алынды.
Жәҳән экономикалық дағдарысы күшейип баратырған ҳәзирги шараятта банк-финанс системасы хызметин беккемлеў ҳәм сапа жағынан жақсылаў айрықша зәрүр әҳмийетке ийе. Усы көз-қарастан, банк-финанс системасы раўажланыўы менен байланыслы болған мәселелерге қысқаша тоқтап өтиў мақсетке муўапық.
Тек 2008-жылдың өзинде «Өзсанаатқурылыс-банк», «Асакабанк», «Пахтабанк», «Ғәллебанк» сыяқлы жетекши банклердиң капиталласыў дәрежесин асырыў бойынша бир қатар әҳмийетли қарарлар қабыл етилди. Өзбекстан Республикасы Президентиниң киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти финаслаўдың тийкарғы кредит орайларынан бири болған «Микрокредитбанк»тың Устав қорын көбейтиўге тийисли пәрманы қабыл етилгени де усы жолдағы әмелий жақтан дәслепки қәдем болды.
Нәтийжеде мәмлекетимиз банклериниң улыўма капиталы қосымша ресурсларды тартыў есабынан, 2007-жылға салыстырғанда 40 процентке көбейди. Бул көрсеткиш 2010-жылға шекемги болған дәўирде еки есе асады.
Ҳәзирги пайытта банклеримиздиң улыўма активлериниң көлеми халық ҳәм юридикалық тәреплердиң есап бетлериндеги қаржыларынан еки еседен де зыят. Бул болса усы қаржыларды исенимли қорғаў ҳәм де оларға өз ўақтында ҳәм толық көлемде хызмет көрсетиўге кепиллик береди. Ҳәммеге мәлим, Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманына муўапық пухаралардың банклар депозитлериндеги аманатлары, олардың муғдарына қарамастан, мәмлекет тәрепинен толық кепиллик бериледи.
Бүгинги күнде елимиз банк ситемасы капиталының жетерли дәрежеде Банк қадағалаўы бойынша халық аралық Базель комитети талаплары тийкарында белгиленген халық аралық стандартлардан үш есеге жақын көп екенин атап өтиў лазым.
Ҳәзирги ўақытта республикамыз банк системасының улыўма ағымдағы ликвидлиги доллар есабында 1,5 миллиард доллардан артық. Бул сыртқы мәмлекетлик емес қарызлар бойынша төлениўи керек болған төлемлер көлеминен 10 есе көп. Бул болса бизде ликвидлик, яғный төлеў имканиятына ийелик дәрежеси бойынша машқала жоқ, деп айтыў ушын тийкар болады.
2008-жылдың ең әҳмийетли жетискенликлеринен бири Өзбекстан банк системасына дүньяның абыройлы рейтинг агентликлеринен болған «Мудис» агентлиги тәрепинен бир жола үш бағдар, яғный банк – финанс системасының турақлылығы, миллий валютада узақ мүддетли депозит рейтинги ҳәм шет ел валютада узақ мүддетли депозит рейтинги бағдарлары бойынша «турақлы» рейтинг дәрежеси берилгени болды. Усы агентлик есабында атап өтилгениндей-ақ, «Банк системасы ушын унамлы баҳа банклерди қадағалаў орталығы беккемлигин, банк системасының потенциал өсиўин, финанс системасындағы структуралық өзгерислер ҳәм миллий экономиканың өсиўин өзинде сәўлелендиреди»
Усылар қатарында «Мудис» агентлиги еки банкимиз – Сыртқы экономикалық искерлик миллий банки ҳәм «Ғәллебанк» тиң кредит бериў мүмкиншилиги бойынша рейтингин унамлы баҳалады. Және бир атақлы халық аралық рейтинг агентлиги – «Фитч» болса мәмлекетимиздиң «Пахтабанк», «Ҳамкорбанк», «Ўзсаноатқурилишбанк» ҳәм «Асакабанк» сыяқлы банклерине «турақлы» рейтингин берди.
Усы орында 2009-жылдың 1-январына шекем Өзбекстанның улыўма сыртқы қарызы жалпы ишки өнимниң 13,3 процентин қураўын ҳәм бул көрсеткиш, халық аралық критериялар бойынша, «Ҳәр тәреплеме мақул ҳалат» деп есапланыўын атап өтиў тийис.
Ҳәзирги шараятта 2009-жылға арналған экономикалық бағдарламамыздың ең баслы ўазыйпаларын белгилеп алыўда жәҳән экономикалық дағдарысының тәсири ҳәм ақыбетлерин жетерли дәрежеде толық есапқа алыў жүдә зәрүр. Дүньяның атақлы экспертлери тәрепинен билдирилип атырған пикирлерге қарағанда, бул дағдарыс 2009-жылда ҳәм 2010-жылда да даўам етиўи ҳәм тереңлесиў мүмкиншилиги күтилмекте.
Солай етип, өз-өзинен көринип турғанындай, мәмлекетимизде жәҳән экономикалық дағдарысының унамсыз ақыбетлерин сапластырыў бойынша 2009-2012 жылларға гөзлеп қабыл етилген Дағдарысқа қарсы илажлар дәстүри Өзбекстанды 2009-жылда социаллық-экономикалық раўажландырыўдың ең баслы бағдары болып қалады.
Биз ғәрезсизликтиң дәслепки жылларында қабыл еткен, атақлы бес принципке тийкарланған жәмийетлик бағдарланған еркин базар экономикасына өтиў модели жылдан-жылға илгерилеп барғанымыз сайын өзин әмелде ақлап, қаншелли туўры ҳәм пухта екенин дәлиллемекте, деп айтыў ушын бүгин барлық тийкарларымыз бар.
Биринши нәўбетте экономиканың идеологиядан бөлек болыўы, экономиканың сиясаттан үстемлигинде өз сәўлелениўин тапқан прагматикалық экономикалық сиясат, мәмлекеттиң бас реформаторлық ўазыйпасын өз мойнына алыўы, нызам үстемлигин тәмийинлеў, күшли жәмийетлик сиясат алып барыў, реформаларды басқышпа-басқыш ҳәм салдамлылық пенен әмелге асырыў сыяқлы принциплер әсиресе дүньяда ҳәўиж алып баратырған финанслық ҳәм экономикалық дағдарыс ўақтында өзиниң актуаллығы ҳәм турмыстан алынғанлығын және бир мәрте көрсетпекте.
Бүгинги күнде мәмлекетимизди, ең дәслеп, экономикамызды реформаластырыў, еркинлес-тириў ҳәм модернизациялаў, оның қурамлық дүзилисин диверсификациялаў бойынша әмелге асырылып атырған, ҳәр тәреплеме тийкарлы ҳәм терең ойланылған сиясат бизди дағдарыслар ҳәм басқа қәўиплердиң унамсыз тәсиринен қорғайтуғын күшли тосық, айтыў мүмкин, беккем ҳәм исенимли қорғаныў қуралын жаратты.
Соны тәкирарлап атап өтиў орынлы, интеграцияласқан глобал экономикалық мәканның тығыз байланыслы бир бөлеги сыпатында Өзбекстан жәҳән экономикалық дағдарысының еле де күшейип баратырған унамсыз ақыбетлерин сезип атырғаны ҳәм буннан кейин де сезинетуғынын биз өзимиз жақсы көз алдымызға келтиремиз. Соннан келип шыққан ҳалда, биз экономикамыздағы реал аўҳал ҳәм шараятларды есапқа алып, 2008-жылдың екинши ярымында-ақ Дағдарысқа қарсы илажлар бағдарламасын ислеп шығыўға кирискен едик.
Ҳәзирги күнде жәҳән экономикалық дағдарысы ақыбетлериниң алдын алыў ҳәм оларды сапластырыў бойынша Дағдарысқа қарсы илажлар бағдарламасы тастыйықланып, тараўлар ҳәм аймақлар бойынша анық орынлаўшыларға жеткизилди. Бағдарламаның орынланыўын қатаң қадағалаўды тәмийинлеў мақсетинде ҳүкимет комиссиясы ҳәм орынларда аймақлық топарлар шөлкемлестирилди.
Қысқа етип айтқанда, Дағдарысқа қарсы илажлар бағдарламасын әмелге асырыў баслап жиберилди ҳәм 2009-жылдың январь айы жуўмақлары бул бағдарламасының атқарылыўы өзиниң дәслепки, лекин исенимли нәтийжелерин берип атырғанлыгын көрсетпекте.
Дағдарысқа қарсы илажлар бағдарламасының конкрет бөлимлери – белгиленген комплекс шара-илажлар төмендеги тийкарғы ўазыйпаларды шешиўге қаратылған.

Download 320,5 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish