Иқтисодиётни модернизациялаш шароитида туғри солиқларни ундиришни такомиллаштириш масалалари



Download 443 Kb.
bet1/11
Sana25.04.2022
Hajmi443 Kb.
#580371
  1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   11
Bog'liq
Киши бизнес(1)


Тема: Өзбекстан Республикасында киши бизнес субъектлерин салыққа тартыў арқалы муўапықластырыў

Мазмуны:




Кирисиў . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . .

4-7

I-Бап

Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик мазмуны ҳәм оның теориялық тийкарлары




1.1.

Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик түсиниги ҳәм оның мазмуны

8-13

1.2.

Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў




1.3.

Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик тараўының экономикадағы орны

14-21

II-Бап

Киши бизнес субъектлерин салыққа тартыўдың өзине тән
өзгешеликлери

22-41

2.1.

Киши бизнес субъектлерин салыққа тартыўдың әпиўайыластырылған формасы – бирден-бир салық төлеми

22-31

2.2.

Киши бизнес субьектлерин салыққа тартыўда салық ставкаларының анализи

32-41


III-Бап

Өзбекстан Республикасында киши бизнес субъектлерин салыққа тартыў арқалы муўапықластырыўды жетилистириў

42-56

3.1.

Өзбекстан Республикасында киши бизнес субъектлерин салыққа тартыў арқалы муўапықластырыўды жетилистириў







Жуўмақлаў. . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . .

57-62




Пайдаланылған әдебиятлар. . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . . .

63-65

КИРИСИЎ
Өзбекстан өз ғарезсизлигин қолға кириткен дәслепки күнлеринен баслап-ақ, жәмийетте исбилерменлик руўхыятын пайда етиў, экономикалық раўажланыўдың әҳмийетли факторларынан бири сыпатында оның раўажланыўын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға ҳәм сол тийкарда адамларда мүлкдарлық сезимин оятыўға үлкен итибар қаратылмақта.
Мәмлекетимизде салыстырмалы қысқа ўақыт ишинде исбилерменлик искерлигин пайда етиў, оны жүритиў ушын тийкар болған ҳуқықый-норматив тийкар жаратылды. «Исбилерменлик искерлиги еркинлигиниң кепилликлери ҳаққында», «Жеке кәрхана ҳаққында»ғы ҳәм сол сыяқлы басқа Өзбекстан Республикасы Нызамлары исбилерменлик искерлигин шөлкемлестириўде қатар жеңиллик ҳәм имканиятлар жаратып, оны қоллап-қуўатлаў ҳәм қорғаўды кепиллеп береди.
Жәмийет раўажланыўының әҳмийетли факторы сыпатында исбилерменлик, әсиресе, киши ҳәм жеке бизнес формаларының ис жүритиўи ушын қолай шәрт-шараят жаратыў, жаңа пайда болған исбилерменлик субъектлерин дизимге алыўды жеңиллестириў, жоқары ликвидли өнимлер, шийки зат ҳәм материалларды ашық биржа саўдаларында сатыўды шөлкемлестириўге қаратылған ис-иләжлар, исбилермен тәрепинен ислеп шығарылған өнимлерди сертификатлаўға тийисли қарарлар усы бағдарда кең имканиятлар ашып берди.
Мәмлекетимизде киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў жолы менен заманагөй, диверсификацияланған ҳәм күшли бәсекиге шыдам беретуғын экономиканы қәлиплестириў бойынша исленип атырған ис-иләжлар экономикалық өсиўдиң турақлы жоқары тезлигиниң сақланыўын тәмийинлемекте.
Мәмлекет тәрепинен берилип атырған жәрдемнен тысқары, Өзбекстанда исбилерменликтиң пайда етилиўи ҳәм раўажланыўы даўамында исбилерменлердиң мәмлекетлик емес ҳәм коммерциялық шөлкемлерге бирлесиўи жолы менен өз-өзин қоллап-қуўатлаў формалары кең тарқалмақта. Усы кеңес республиканың түрли аймақларында киши бизнести раўажланырыў бойынша белгили ис-иләжларды ислеп шығыў менен шуғылланады ҳәм сол машқалаларды шешиў бойынша усы тараў органларының искерлигин муўапықластырады.
Киши бизнес ҳәм исбилерменлик искерлигин таңлаў, оны шөлкемлестириў мазмуны бойынша мәмлекетлик, жәмийетлик әҳмийетке ийе болып қалмастан, еркин таңланатуғын искерлик болып табылады.
Исбилерменлик искерлигиниң үш түри ҳәм усыған сай түрде исбилерменликтиң 3 топарын ажыратып көрсетиў мүмкин:

  • жаңа товар яки хызмет проектин пайда етиў. Исбилерменликтиң бул түри менен интеллектуал мүлк ийелери, инновацион идеялар авторлары шуғылланады.

  • товар ислеп шығарыўды шөлкемлестириў менен шуғылланыўшы исбилерменлер.

  • товарды сатыў, қайта сатыў ҳәм коммерция ислерин шөлкемлестириў менен шуғылланыўшы исбилерменлер.

2013-жылда жалпы ишки өнимниң 55,8 проценти экономиканың жедел раўажланып баратыған киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик секторына туўры келген болса, 2014-жылда бул көрсеткиш 56,1 процентти қурады. Ал, 2015-жылға келип мәмлекет жалпы ишки өниминде киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик тараўының үлеси 56,5 процентти қураған болса, өткен 2016-жылда бул көрсеткиш 56,9 процентти қураған. Буның барлығы, әлбетте, мәмлекетимизде киши бизнес субъектлерин салыққа тартыў механизминиң жетилисип атырғанлығынан дерек береди.
Мине булардың барлығы мениң таңлаған “Өзбекстан Республикасында киши бизнес субъектлерин салыққа тартыў арқалы муўапықластырыў” атамасындағы питкериў қәнигелик жумысымда сәўлелендирилген болып, ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Республикасында өзиниң әҳмийетлилиги ҳәм актуаллығы менен ажыралып турады.
Питкериў қәнигелик жумысымның мақсети Өзбекстан Республикасында киши бизнес субъектлерин салыққа тартыў арқалы муўапықластырыў жолларын үйрениў, сондай-ақ кейинги жылларда киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субьектлериниң раўажланыўы оларға салынатуғын салық ставкалары бойынша мағлыўматларды ашып бериўден ибарат. Қойылған мақсеттен келип шығып питкериў қәнигелик жумысымды жазыўда өз алдыма төмендеги ўазыйпаларды белгилеп алдым:

  • Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик түсиниги ҳәм оның мазмунын ашып бериў;

  • Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў бойынша мағлыўматларды үйрениў;

  • Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик тараўының экономикадағы орнын изертлеў;

  • Киши бизнес субъектлерин салыққа тартыўдың әпиўайыластырылған формасы – бирден-бир салық төлеми бойынша мағлыўматларды үйрениў;

  • Киши бизнес субьектлерин салыққа тартыўда салық ставкаларын анализлеў;

  • Өзбекстан Республикасында киши бизнес субъектлерин салыққа тартыў арқалы муўапықластырыўды жетилистириў бойынша бир қанша жуўмақ ҳәм усыныслар келтириў.

Бул ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде “Өзбекстан Республикасында киши бизнес субъектлерин салыққа тартыў арқалы муўапықластырыў” атамасындағы питкериў қәнигелик жумысымды төмеңдеги структурада жаздым. Питкериў қәнигелик жумысым кирисиў, тийкарғы бөлимде 3 баптан ҳәм жуўмақлаў бөлимлеринен ибарат болып, соңында пайдаланылған әдебиятлар дизими келтирилген. Жумысымның кирисиў бөлиминде таңлаған темамның актуаллығы, питкериў қәнигелик жумысымның мақсет ҳәм ўазыйпалары, сондай-ақ жумыстың структурасы ҳәмде пайдаланылған усыллар келтирилген.
Тийкарғы бөлимниң биринши бабы «Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик мазмуны ҳәм оның теориялық тийкарлары» деп аталып онда, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик түсиниги ҳәм оның мазмуны, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў бойынша мағлыўматлар, сондай-ақ, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик тараўының экономикадағы орны ҳаққында сөз барады.

  • Екинши бап «Киши бизнес субъектлерин салыққа тартыўдың өзине тән өзгешеликлери» деп аталып, онда киши бизнес субъектлерин салыққа тартыўдың әпиўайыластырылған формасы – бирден-бир салық төлеми бойынша мағлыўматлар ҳәмде киши бизнес субьектлерин салыққа тартыўда салық ставкаларының анализлери келтирилген.

Үшинши бап “Өзбекстан Республикасында киши бизнес субъектлерин салыққа тартыў арқалы муўапықластырыўды жетилистириў” деп аталып, бул бапта Өзбекстан Республикасында киши бизнес субъектлерин салыққа тартыў арқалы муўапықластырыўды жетилистириў ҳаққында тоқтап өттим.
Жуўмақлаў бөлиминде изертлеген жумысларымнан келип шығатуғын жуўмақ ҳәм усыныслар келтирилген.
Питкериў қәнигелик жумысымның предмети Өзбекстан Республикасындағы киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субьектлери болса, объекти киши бизнес субъектлерин салыққа тартыў арқалы муўапықластырыў болып табылады.
Питкериў қәнигелик жумысымды жазыў барысында ҳукиметимиздиң мәмлекетимиздеги киши бизнес субъектлерин салыққа тартыў бойынша Қарарларынан, Президентимиздиң докладларынан, Өзбекстан Республикасын раўажландырыў бойынша ҳәрекетлер стратегиясынан, экономист илимпазларымыздың мийнетлеринен ҳәм илмий басшым доцент З.Баймуратованың мәсләҳәтлеринен, сондай-ақ, интернет материалларынан пайдаландым.
Питкериў қәнигелик жумысымды жазыўда статистикалық ҳәм экономикалық усыллардан, олардан: таблицалық, графиклик ҳәм диаграммалық усылларынан пайдаландым.



Download 443 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   11




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish