1-МОДУЛЬ. ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎШИЛИК МИНЕЗ-ХУЛЫҚТЫҢ ТЕОРИЯЛЫҚ ТИЙКАРЛАРЫ
1-тема. «Шөлкемлестириўшилик минез-хулық» пәниниң предмети, объекти ҳәм методы.
1-темада инсанның кәрханадағы минез-хулқы теориясы ҳәм концепциясы, «Шөлкемлестириўшилик минез-хулық» түсиниги, инсанның кәрханадағы минез-хулқы тийкарлары көрип шығылады.
Жоба:
1.1. Инсанның кәрханадағы минез-хулқы теориясы
1.2. «Шөлкемлестириўшилик минез-хулық» түсиниги
1.1. Инсанның кәрханадағы минез-хулқы теориясы
Инсанның кәрханадағы минез-хулқы бир-бири менен үзликсиз байланысқан еки структуралық бөлим: жеке өзгешеликлер (туўма өзгешеликлер ҳәм олардың тийкарында пайда болған өзгешеликлер) ҳәм инсан әтирапындағы орталық тәсиринде қәлиплеседи. Инсанның минез-хулқын түсиндириўши ҳәр қыйлы теориялар усындай структуралық бөлимлерге қандай-да бир ролди береди.
Илимий менежмент концепциясы. Оның тийкарын салыўшы Ф.Тейлор жумысшыларды өндирис факторларының бири түринде, менежерлерди болса басқарыў функцияларын орынлаўшы жумысшылардың өз алдына тайпасы түринде тән алған еди. Ең жоқары мийнет өнимдарлығына ерисиў мийнетти илимий жақтан шөлкемлестириў ҳәм нормалластырыў, инсан хызметиндеги тәбийий шегараларды есапқа алыўшы мийнет етиў ҳәм дем алыўдың дурыс режими есабынан тәмийнлениўи керек. Жумысшылардың бир бөлеги ҳадал ҳәм жуўапкершилик пенен ислейди, басқа бөлеги болса – исжақпаслар. Ҳадал ҳәм жуўапкершилик пенен ислеўши жумысшылардың минез-хулқына материаллық жақтан хошаметлеў жақсы тәсир етеди, исжақпасларға қарағанда болса қатаң қадағалаў усылын қоллаў керек, егер сондада ислеўди қәлемесе, оларды жумыстан босатыў керек.
Ф.Тейлор менежерлердиң қол астындағылар менен қатнасықларда авторитар усыллар ҳәм субъективликти илимий қағыйдалар менен алмастырыўды талап етти ҳәм бул олардың ортасындағы өндиристе жүзеге келетуғын келиспеўшиликлерди жоқ етиўин атап көрсетти.
Классикалық яки административлик басқарыў мектеби. Оның тийкарын салыўшы А.Файоль кәрхананы басқарыў принциплери ҳәм функцияларын жаратты. А.Файоль жумысшы басқарыў объекти, ислеп шығылған басқарыў принциплериниң кәрханада әмелге асырылыўы ҳәмде менежердиң жоқары жеке ҳәм мораллық өзгешеликлери жумысшы минез-хулқына тәсир етиўдиң тийкары болып табылады, деп есаплаған еди.
Усындай мектеп ўәкиллери тәрепинен түсиндирилген жалғыз басшылық принципи буған мысал болып хызмет етиўи мүмкин, бунда инсан тек қана бир баслықтан буйрық алыўы ҳәм тек оның өзине бойсыныўы керек.
Усындай мектептиң раўажланыўына кәрхананың бюрократиялық структурасы ҳәм оны басқарыў структурасы теориясын ислеп шыққан германиялық социолог М.Вебер (1864–1920) үлкен үлес қосты. Ол кәрхананың машинадай болып ислеўи ушын не ислеў керек, деген саўалға жуўап изледи. Жуўапты Вебер ҳәр қандай жағдайда өзини тутыў тәртип-қағыйдалары, ҳәр бир жумысшының ҳуқық ҳәм мәжбүриятларының ислеп шығылыўында көрди.
Оның концепциясында шахс жоқ еди. Тәртип-қағыйдалар ҳәрекеттиң барлық түрлерин, жумысшылардың карьерсын, басшылардың шешимлери белгилеп берер еди. Ҳәкимиятты бөлистириўдиң иерархиялық системасы, анық түрде мийнет бөлистирилиўи ҳәм жумысшылардың қәнигелесиўи нәзерде тутылды. М.Вебердиң пикиринше, егер барлық нәрсе анық жазылып, жолға қойылса, инсанлардың қәлеўлери шығарып тасланса, ондай жағдайда кәрхана жоқары өнимдарлы болады. Турмыс бундай көз қарастың қәте екенлигин көрсетти.
Басқарыўда инсаныйлық қатнасықлар мектеби. Оның ўәкиллери басшылар өз жумысшылары ҳаққында көбирек ойласа, жумысшылардың жумыстан қанаатланыў дәрежеси артады, бул мийнет өнимдарлығының асыўына алып келиўи анық, деп есаплаған еди. Олар инсаный қатнасықларды басқарыўдың усылларын қоллаўды усыныс етти. Усындай усыллар тиккелей баслықлардың нәтийжели ҳәрекетлери, жумысшылар менен мәсләҳатлар, оларға жумыста кең түрде сәўбетлесиўлер алып барыў имканиятларын усыныў сыяқлыларды өз ишине алыўы мүмкин.
Гарвард университети Бизнес мектебиниң профессоры Э.Мэйо (1880 – 1949) инсаный қатнасықлар мектебиниң тийкарын салыўшы болып саналады. Ол жумысшылардың минез-хулқына, олардың мийнетке болған қатнасына жәмийеттеги социаллық қатнасықлар, группалық процесслер, басшылардың қол астындағыларға болған қатнасының адамгершилиги, жәмийетте ислеў сыяқлы факторлардың шешиўши тәсирин анықлады.
Илимий басқарыў мектеби ҳәм административлик (классикалық) мектеп ўәкиллери инсан факторының әҳмийетин тән алса да, олардың тартысыўлары мийнетке әдиллик пенен ҳақы төлеў, экономикалық жақтан хошаметлеў ҳәм рәсмий функционал қатнасықлардың орнатылыўы сыяқлы тәреплери менен шекленди.
Инсаный қатнасықлар ушын ҳәрекет олардың инсан факторыны кәрхана өнимдарлығының тийкарғы элементи түринде толық аңлай алмаына жуўап түринде пайда болды. Инсаный қатнасықлар мектеби илимий басқарыўға қарсы болып шықты, себеби онда итибар өндирис ҳаққында ойланыўға емес, ал инсанларға қаратылды. Идея, инсанларға итибардың әпиўайы түрде пайда болыўы олардың мийнетиниң өнимдарлығына жүдә үлкен тәсир етиўинен ибарат еди.
Э.Мэйо, Ф.Тейлордан парықлы түрде, егер дурыс қатнасықлар жолға қойылса, инсан қызығыўшылық ҳәм жигерленип мийнет етеди, деп есаплаған.
Мэйоның пикирине қарай, менежерлер жумысшыларға исениўлери ҳәм тийкарғы итибарды жәмийетте жақсы өзара қатнасықларды жолға қойыўға қаратылыўы керек.
Бихевиорист илимпазлар тәрепинен мотивацияның бир неше теориясы ислеп шығылыўы ХХ әсирндиң 40–60-жылларында инсаный қатнасықлар мектебиниң раўажланыўына түртки болды. Солардың бири басқарыўда бихевиоризмниң раўажланыўына катта үлес қосқан А.Маслоудың (1908–1970) зәрүрликтиң иерархиялық теориясы болып табылады. Кейинирек менежментте кеңинен қолланылған усындай теория «зәрүрликлер пирамидасы» түринде белгили.
Минез-хулықлық пәнлери мектеби яки бихевиористик мектеп. Оның ең көзге тасланған ўәкиллери – Ф.Герцберг, Р.Лайкерт, Д.МакГрегор. Бул мектеп инсаный қатнасықлар мектебинен бираз алысласты. Жоқарыдағы илимпазлардың пикири бойынша, кәрхананың ҳәр бир жумысшына оның
кәрханаларын басқарыўға қарағанда минез-хулықлық пәнлер концепцияларын қоллаў тийкарында өзиниң имканиятларын аңлап жетиўде көбирек жәрдем көрсетилиўи керек. Усындай мектептиң тийкарғы мақсети инсан ресурсларынан пайдаланыў өнимдарлығын асырыў жолы менен кәрхана хызметиниң өнимдарлығын асырыўдан ибарат еди.
Бул мектеп ўәкиллериниң тийкарғы идеясы: минез-хулқ ҳаққындағы пәнниң дурыс қолланылыўы өз алдына жумысшының да, улыўма кәрхананың да хызметиниң өнимдарлығын асырыўға көмеклесиўи керек. Бунда ҳәр қыйлы минез-хулықлық қатнасықлар ҳәм оларды әмелиятқа енгизиўди үйрениў үлкен әҳмийетке ийе. Бул жерде, инсан бул - басқарыў системасындағы ең әҳмийетли элемент, дурыс таңланған пикирлеслер ҳәм шериклер жәмийети болса кәрхана жетискеншилигиниң әҳмийетли шәрти болып есапланыўы ҳаққында айтылмақта.
Психологияның инсанның руҳый структурасының сыртқы қоллап-қуўатлаўшы факторларға экспериментал минез-хулықлық реакцияларды үйрениўши бағдары – бихевиоризмнен шөлкемлестириўшилик минез-хулқы пән түринде жүзеге келди. Бирақ ХХ әсирдиң ақырында ол өзиниң итибарын кәрханадағы системалы ҳәм жәмийетлик тәсирлерге, корпоратив мәденият феноменлерине қаратқан түрде, әсте-ақырын абсолют бихевиористлик қараслардан алысласты.
Ҳәзирги ўақытқа келип шөлкемлестириўшилик минез-хулқы теориясында төмендеги тийкарғы қатнасықлар көрип шығылады: когнитивлик, бихевиористлик, социаллық үйретиў.
Do'stlaringiz bilan baham: |