1-модуль. ШӨлкемлестириўшилик минез-хулықТЫҢ теориялық тийкарлары 1-тема. «Шөлкемлестириўшилик минез-хулық»



Download 158,8 Kb.
bet7/16
Sana24.02.2022
Hajmi158,8 Kb.
#214122
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   ...   16
Bog'liq
XAM

Бириншиси бул – унамлы (оң) төлем. Ол инсан ушын унамлы ақыбетларге алып келиўши хошаметлеўди әмелге асырылыўынан ибарат. Хошаметлеўдиң формасы ҳәр қыйлы болыўы мүмкин. Унамлы төлем басшылар тәрепинен жумысшының унамлы минез-хулқын беккемлеў ушын пайдаланылыўы мүмкин. Бунда сыйлық қолайлы хулыққа анық байланысқан болыўы керек, яғный инсан не ушын сыйлық алғанлығын билиўи керек. Хошаметлеў әмелге асырылған унамлы ис-ҳәрекеттен кейин жүз бериўи керек ҳәм, сыйлық хошаметлениўши инсанның мәплерине сәйкес келиўи керек.
Екинши түри бул – унамсыз (кери) төлем. оның мәниси, қолайлы хулық тезде инсан ушын унамсыз болған жағдайлардың жоқ етилиўине алып келиўден ибарат. Мысалы, өзини керекли тәризде услай алмайтуғын инсанды әтираптағылар шетлестирип қояды. Ол өзини әтираптағылар көз қарасынан дурыс тутыўды баслаўы менен, олар шетлестириўге шек қояды.
Төлемниң бундай түрине, бириншидеги сыяқлы, әтираптағылар яки басшылардың хулқының өзгериўине реакциясы имкан барынша тезирек жүз бериўи керек.
Төлемниң үшинши түрижазалаў, ол инсанның кәрханадағы басшылар яки кәрхана ушын унамсыз минез-хулқына реакция түринде жүз береди.
Дәслепки еки түрде унамлы минез беккемленеди, үшиншисинде болса – унамсыз минез жоқ болады. Инсан өзиниң ис-ҳәрекетиниң кери, унамсыз ақыбетлерине ийе болады. Мысалы, жәриймаланыўы, сыйлықтан бос қалыўы, сөгис алыўы мүмкин. Ўазыйпа кәрхана ағзаларының кәрхана ушын унамсыз ис-ҳәрекетлерин кемейтиў яки жоқ етиўден ибарат. Жазалаў сыртқы тәрептен алып қаралғанда унамлы төлемге абсолют түрде қарама-қарсы көринсе-де – ол жерде сыйлықлайды, бул жерде тартып алынады, – инсанға өзин услаўды үйретиў көз қарасынан бул олай емес.
Төлемниң усындай түри унамлы төлемге қарағанда кемирек нәтийже береди. Буның себеби, жазалаў нәтийжесин алдыннан айтыў қыйынырақ, көбинесе жазалаған басшыдан қапа болып жүриў, жумысқа болған қызығыўшылықтың жоғалыўы сыяқлы тиккелей кери ақыбетлер келип шығады. Сонлықтан-да жазалаўға қарағанда муқыятлы қатнаста болыў, оның унамсыз ақыбетлерин дыққат пенен қадағалаў керек.
Төлемниң төртинши түри бул – унамсыз минезди сөндириў. Дәслеп унамлы реакция билдирилген унамсыз ҳәрекетлерди әмелге асырыўшы инсан, егер усындай ҳәрекетлерге қарағанда унамлы реакция билдирилмей қалса, белгили ўақыт өткеннен кейин оларды тоқтатады, яғный усындай ҳәрекетлерге қарағанда унамлы реакция билдирилмесе, онда белгили ўақыт өткеннен кейин, олар кемейип баслайды.
Төлемниң түрин ҳәм формасын таңлаў инсанның минезин кәрхана ушын қолайлы бағдарға нәтийжели өзгертиў жумысында үлкен әҳмийетке ийе. Бирақ өзин услаўды үйретиў мақсетинде төлеў ўақытын таңлаў да үлкен әҳмийетке ийе. Төлемниң ўақытын таңлаўға қарағанда еки түрли қатнасық болыўы мүмкин. Бириншиси бул - инсан тәрепинен ҳәрекет әмелге асырылған ҳәр бир жағдайдан кейин төлеў (үзликсиз төлем).
Екинши қатнасық бул - ҳәр бир әмелге асырылған ҳәрекеттен кейин емес, ал белгили ўақытда төлеў (дәўирли төлем). Олардың әмелий нәтийже бериўи олар қолланылған жағдайға байланыслы. Бунда биринши қатнасық өзиниң кәрханадағы ролин үйренип атырған жумысшыға қарағанда қолланылғанда жақсы нәтийже береди. Екинши қатнасық болса кәрхана инсанның белгили бир минез-хулқын турақластырыўды қәлеген жағдайларда қолланылады.



Download 158,8 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   ...   16




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish