2.3. Инсан менен кәрхананың өз-ара қатнасы
Инсан менен кәрхананың ҳәр қандай өз-ара қатнасы еки тәреплеме өзгешеликке ийе. Инсан өзиниң мийнети, өзиниң ҳәрекетлери менен кәрхана тәрепинен ўазыйпалардың шешилиўине жәрдем береди. Бунда кәрхана инсанға оның қәўипсизлик, ҳүрмет, өзини көрсетиў, шахсты қәлиплестириў, қоллап-қуўатлаўға болған зәрүрлигин қанаатландырыўда жәрдем берген жағдайда оған тәсир көрсетеди. Өз-ара қатнасықлар жақсы жолға қойылған, ишки турмысы актив болған кәрханаларда инсанлар саў ҳәм жақсы тәрбияға ийе, олар сыртқы тәсирлерден жақсырақ қорғалған болып, жалғызлатып қойылған жағдайдағы яки келиспеўшиликтеги топарлардағы инсанларға қарағанда өнимдарлырақ ислеўи атап көрсетилген.
Кәрхананың инсанға тәсирлери ҳәр қыйлы көринислерге ийе. Инсанның минез-хулқында кәрхананың тәсири астында жүз беретуғын гейпара елеўли өзгерислер төмендегилерден ибарат.
Биринши гезекте, инсанның түсиниўи, мотивация, итибар тараўы, баҳалаў системасы сыяқлы өзгешеликлериниң өзгериси жүз береди. Инсан кәрхананың басқа ағзалары мәплерине итибарды күшейтиў есабынан өзиниң итибар тараўын кеңейтеди.
Екиншиден, кәрханада инсан белгили бир салыстырмалы «салмақ»қа ийе болады. Кәрхана тек тапсырма ҳәм роллерди бөлистирип қана қоймай, ал ҳәр бир инсанның көз-қарасыны да белгилеп береди. Топардың көпшилик ағзалары ушын бундай характеристика олардың кәрханадағы лаўазым көз-қарасынан әҳмийетлирек болыўы мүмкин.
Үшиншиден, кәрхана индивидке өз «мен»ин жаңаша сезиўге жәрдем береди. Инсан өзини кәрхана менен идентификациялай баслайды.
Төртиншиден, кәрханада болып, қарарларды ислеп шығыў ҳәм талқылаўда қатнасып, инсан ҳеш ўақытта жеке өзи бермеген усыныслар ҳәм идеяларды бериўи мүмкин.
Бесиншиден, инсан өзи жалғыз ҳәрекет еткендегиге қарағанда кәрханада көбирек тәўекелшиликке жол қойыўға бейимлирек болады. Бул кәрханада өзини актив түрде услаўының дереги болып есапланады.
Кәрхана жеке ҳәм группалық ҳәрекет қағыйдаларын, мәжбүриятлар орталығын, ҳуқық ҳәм жуўапкершиликлерин, жуўапкершилик шегарасын, жумысқа тийисли байланыслар стандартларын белгилейди. Инсанлар минез-хулқының зәрүрий үйлесимлигине кәрхана ушын жалпы мақсетлерди қойыў, жумысшыларда олардың қадирин сезиўди қоллап-қуўатлаў, шөлкемлестириўшилик минез-хулқы стандартларынан пайдаланыў есабынан ерисиледи.
Ҳуқықый нормалар ҳәм мәмлекеттиң декретлери (сиясый тәртипке салыўшылар), өндирис-административлик тәртиплер, кәрхана нызамлары ҳәм көрсетпелери (шөлкемлестириўшилик тәртипке солувчилар), урф-одатлар, анъаналар, жамоатчилик фикри (социаллық тәртипга салыўшылар) шахслар ҳәм топарлар минез-хулқын тәртипке салыўшылар болып есапланады. Шахстың хәрекетин, оның шөлкемлестириўшилик минез- хулқын анық белгилеп қойыў бир қатар ҳүжжетлер менен әмелге асырылады, олардың тийкарғылары – лаўазым көрсетпелери ҳәм мийнет шәртнамасы (контракты).
Бирақ, кәрхана менен өз-ара биргеликте инсан белгили бир ҳәрекетлерди орынлаўшы механизм түринде емес, ал умтылыў, қәлеў, сезим, кейпият ҳәм ой-пикирге ийе болған, белгили бир исенимге ийе ақыллы ҳәм аңлы жаратылыс түринде қатнасады.
Кәрхана инсанды өзи қәлеген түрде өзгертеди, деп есаплаў надурыс. Көбинесе инсан кәрхананың көпшилик тәсирлерине узақ ўақыт қарсылық көрсетеди, көпшилик тәсирлердиң ол тек бир бөлегин ғана қабыллайды, айырымларын ол толығы менен инкәр етеди.
Буннан тысқары, инсан өз қәлеўи ҳәм мәжбүриятларын орынлаў имканияты болыўы ушын кәрханаға ҳәр қыйлы усыллар менен тәсир етиўге, оның ҳәрекетине өзгертиўлер киргизиўге урынады. Инсанның топарға тәсир етиў формасы ҳәм дәрежеси оның жеке өзгешеликлерине ҳәмде топардың өзгешеликлерине байланыслы болады.
Көпшилик инсанлардың минез-хулқы стандарт орталықларға қыйын масласады.
Стандартластырыў менен инсан минез-хулқының ҳәр қыйлылығы ҳәмде инсан минез-хулқы менен кәрханадағы орталықтың нормалары арасындағы келиспеўшиликлерди алып таслаў ушын инсанның минез-хулқы не менен белгилениўи, ол өзи ҳәм әтирапындағыларды қалай белгилеўи, қоллап-қуўатлаўшы тәсирлерге қандай қатнас жасаўы, оның ушын не зәрүрлигин билиў керек.
Әлбетте, инсанның минез-хулқына ол өз алдына қойған мақсетлер, ҳәрекетлер кескин түс алатуғын жағдайлар, оның имканиятлары, болып атырған процесслер ҳәм басқа да факторлар үлкен тәсир көрсетеди. Факторлардың ҳәр қыйлы болғанлығыжағдайында ҳәр бир инсанның минез-хулқы белгили турақлылыққа ийе болып, оны белгили дәрежеде алдыннан айтыў мүмкин.
Инсанның кәрхана менен өз-ара қатнасы кооперацияласыў, қосылыў яки келиспеўшилик өзгешелигине ийе.
Биринши жағдайда инсан менен кәрхана ортасында жақсы қатнасықлар жолға қойылады. Инсан өз-ара қатнасты жақсылаў жолларын излейди, топардың шешимлерин унамлы қабыллайды ҳәм кәрхана менен қатнасықларды өз-ара пайдалы түрде сақлап турыў жолларын излеўге таяр болады.
Инсанның кәрхана менен қосылып кетиўинде олар ортасында ҳәр еки тәреп басқасын өзи менен органикалық бир пүтинлик түринде қарайтуғын қатнасықлардың орнатылыўы гүзетиледи. Инсан өзиниң мақсетлерин кәрхананың ўазыйпаларынан келип шығып белгилейди, көпшилик тәрептен өз мәплерин кәрхананың мәплерине бойсындырады ҳәм өзини кәрхана менен идентификациялайды. Кәрхана, өз гезегинде, индивидти садық инсан сыяқлы қабыллаўға умтылады.
Келиспеўшиликлер жүзеге келген жағдайда инсан менен кәрхана мәплериниң қарсы қойылыўы ҳәм олар ортасында гүрести көриўге болады. Бундай қарсыласлыққа факторлардың еки топары себеп болыўы мүмкин:
шөлкемлестириўшилик факторлар (алдында турған мақсетлер, өз-ара қатнасықлар, роллердиң бөлистирилиўи ҳәм тағы басқаларға қарасларындағы парық пенен байланыслы);
сезим факторлары (инсанға исенбеў, қәўип-қәтер, қорқыў, қызғаныш, көре алмаў ҳәм т.б.затлар менен байланыслы).
Факторлардың екинши топары жүзеге келтиретуғын қарсылықлардың жоқ етилиўи жүдә қыйын.
Атап көрсетиў керек, кәрхана раўажланған сайын жумысшының минез-хулқын өзгертиў зәрүрлиги пайда болады. Кәрхана ҳәм оның басшылары инсан минез-хулқының өзгериўине жедел тәсир көрсетиўи мүмкин. Буның ушын қолланылатуғын тәсир етиў қураллары инсанның түскен жағдайына қарай, оның минез-хулқына тәсир етиўши факторлардың пүткил ҳәр қыйлылығын есапқа алған түрде, биринши гезекте зәрүрликлер ҳәм хызмет мотивлерин, инсан өз тәжирийбесине сүйенген түрде кәрханадағы өзгериўшең орталыққа өз бетинше масласыўы ушын жағдайлар жаратылыўын есапқа алған түрде таңланыўы керек. Буны тек белгили бир шахсқа ғана тәсир етиў арқалы емес, ал жумысшының сыртқы орталығын өзгертиў жәрдеминде ҳәмде шахс ҳәм сыртқы орталыққа комбинациялық жақтан тәсир этиўди қоллаў арқалы әмелге асырыў мүмкин.
Do'stlaringiz bilan baham: |