1-модуль. ШӨлкемлестириўшилик минез-хулықТЫҢ теориялық тийкарлары 1-тема. «Шөлкемлестириўшилик минез-хулық»



Download 158,8 Kb.
bet5/16
Sana24.02.2022
Hajmi158,8 Kb.
#214122
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   16
Bog'liq
XAM

Қадағалаў ушын сораўлар
1. Шөлкемлестириўшилик минез-хулқтың қандайда бир тәреплерин үйренген теориялардың эволюциялық раўажланыўы қандай?
2. Шөлкемлестириўшилик минез-хулқы теориясы ҳәм әмелиятының раўажланыўында илимий басқарыўдың роли қандай?
3. Инсаный қатнасықлар мектебиниң өзине сай өзгешеликлери қандай?
4. А.Маслоудың зәрүрликлер иерархиялық теориясы деген не?
5. Қайсы илимий мектеп ўәкиллери изертлеўдиң тийкарғы объекти түринде инсан ресурсларынан нәтийжели пайдаланды?
6. Шөлкемлестириўшилик минез-хулқы ролинде қайсы тийкарғы қатнасықлар көрип шығылады?
7. Мен – концепцияның мәниси неден ибарат?
8. Шөлкемлестириўшилик минез-хулықты басқарыўға қарағанда системалы қатнасықтың мәниси неден ибарат?
9. Шөлкемлестириўшилик минез-хулықты басқарыўға қарағанда процессли қатнасықтың өзине сай өзгешеликлери нелерден ибарат?
10. Қайсы илимий мектеп ўәкиллери басшылардың қол астындағылар ҳаққында ойлаўды асырыў ушын гүрести?
11. «Шөлкемлестириўшилик минез-хулқы» түсинигиниң мәниси не?
12. Менежерге шөлкемлестириўшилик минез-хулқы тийкарларын билиў қайсы ўазыйпаларды шешиўде жәрдем береди?
13. Инсанның шахсы не менен характерленеди?
14. Инсанның кәрханадағы минез-хулқының ең әҳмийетли тийкарлары нелерден ибарат?
15. Инсанның критериялық базасы нелерди өз ишине алады?
16. Жумысшылардың кәрханадағы минез-хулқына қандай сыртқы факторлар тәсир көрсетеди?


2-тема. Инсан ҳәм кәрхана
2-темада инсанның кәрханаға кириўи, оны алып қалыў ҳәм масластырыў; инсанның кәрханада өзини тутыўын үйрениўи, оның түрлери ҳәм мазмуны; инсан ҳәм кәрхананың өз-ара қатнасы ҳәмде оның көринислери қаралады
Жоба:
1. Инсанның кәрханаға кириўи
2. Инсанға кәрханада өзини тутыўды үйретиў
3. Инсан менен кәрхананың өз-ара қатнасы


1. Инсанның кәрханаға кириўи
Ҳәр бир инсан өзиниң турмысы даўамында кәрханаға кириў процессин бир неше мәрте әмелге асырыўға туўры келеди, әлбетте. Кәрханада болыў ҳәм оған кириў – бирдей нәрсе емес. Инсанның кәрханаға кириўи бир қатар машқалалардың щещими менен байланыслы.
Бириншиден, бул - инсанның жаңа орталыққа масласыўы, бундай процесс барлық ўақытта да нәтийжели бола бермейди, оның нәтийжели болыўы инсан менен шөлкемлестириўши орталық (кәрханадағы инсанлар орталығы) арасындағы өз-ара қатнасықтың дурыс жолға қойылғанлығына байланыслы болады.
Екиншиден, бул - инсан минез-хулқының өзгериўи, болмаса көпшилик жағдайларда кәрханаға кире алмайды.
Үшиншиден, бул - кәрханадағы өзгерислер. Илимий машқалалар тек қана инсанның кәрханаға кире алыўы яки кире алмаўы емес, ал ол кәрханада қандай ислеўин, әтираптағылар менен өз-ара қатнасты қандай жолға қойыўын белгилеп береди.
Кәрхананың интизамлық системасын, тийкарғы нормативлер ҳәм қағыйдаларды үйрениў сыяқлылар жаңа ағза ушын кәрханаға кириўге ерисиўдиң әҳмийетли шәрти болып есапланады, егер инсан оларды билмесе, онда әтирапындағылар менен оның арасында кескин келиспеўшиликлер келип шығыўы мүмкин. Бундай нормалар ҳәм интизамларды орнатыў менежерлер ҳәм кадрлар хызметиниң ўазыйпасына киреди. Кәрханаға келген инсан оларды үйрениў зәрүрлигин аңлап жетиўи ҳәм буған кәрханаға кириў “баҳасы”ның бир бөлеги түринде қараўы керек. Кәрханаға келген инсан бул оған өзи менен әтирапындағылар ортасында келип шығыўы мүмкин болған келиспеўшиликлер ушын “төлем”ди қысқартыўға жәрдем бериўин түсиниўи керек.
Кәрхананың оған кириўши инсан үйрениўи керек болған ең әҳмийетли тәреплери төмендегилерден ибарат:

  • усы кәрхананың ўазыйпасы ҳәм мақсетлери;

  • кәрхана мақсетлерине ерисиў ушын пайдаланылыўы мүмкин болған қураллар;

  • кәрхананың ерискен имиджи;

  • кәрхананың өзине сай өзгешеликлерин ҳәмде оның жумыс ислеўин тәмийинлеўши нормалар ҳәм қағыйдалар;

  • оның орынлаўы керек болған функциялары;

  • кәрханадағы минез-хулық стандартлары.

Кәрханаға жумысқа кирип атырған инсан бирге ислеўшилери менен байланыста қандай нормаларға әмел етиўи, кәрхананың жумысын қандай түсиндириў, басшыларға қандай мәселелер бойынша мүрәжәт етиў, жумысқа қандай көринисте барыў, жумыс ўақты ҳәм дем алыў ушын ажыратылған ўақытты қандай өткериў кереклигин анық билип алыўы керек.
Бунда еки ҳә қыйлы процесс болыўы мүмкин. Бириншиси бул – алдыңғы тәжирийбеси тәртип ҳәм тәрбиялық нормалары уқсас болған жумыс пенен байланыслы болғанлығы себепли кәрхананың норма ҳәм тәртиплерин түсинетуғын инсанды үйретиў процесси. Бунда жаңа ағза өзиниң тәрбиясын жаңа жағдайларға сәйкеслестириў мақсетинде өзине таныс болған тәрбиялық қағыйдаларды көрсетиў ҳәм байланыс жасаў жағдайларына итибар қаратыўы керек.
Екинши процесс, инсанның тәрбиялық нормалары бул жердегиден ажыралып туратуғын орталықтан келген жағдайда орын ийелейди. Бунда өзиниң тәртиби басқа система ийеси түринде билиўи ҳәм олардан алысласыў ўазыйпасы пайда болады.
Содан кейин ғана инсанның әмел етиўи керек болған жаңа нормаларды өзлестириўи басланыўы мүмкин. Усындай процесс бираз қурамалырақ болады, себеби тек қана кәрханада не исленип атырғанлығын үйрениўди емес, ал жаңа кәрханада қерек емес тәртип нормаларын жоқ етиў мақсетинде өз минез-хулқын үйрениўди де талап етеди.
Инсан тәрепинен қандай-да бир ролдиң орынланыўы ушын оны жумысқа таңлап алып, кәрхана оның кереклигинен келип шығады. Усындай мүнәсибет пенен инсанды алып қалыў ҳәм оны кәрханаға сәйкеслестириў жүдә әҳмийетли ўазыйпа болып, оның шешими ушын менежерлер жуўапкер. Инсанның кәрханаға кириўге ерисиўи ол кәрханаға кириўди қаншалықта қәлеўи, кәрхана оны алып қалыўға қаншалықта қәдирлигине байланыслы. Егер инсан кәрханада ислеўди жүдә қәлесе, ол қыйыншылықларды жеңип өтиўге умтылады ҳәм шөлкемлестириўшилик орталыққа масласыўға ериседи. Егер кәрханаға кириў мотивациясы жоқары болмаса, ондай жағдайда инсан кәрханадан кетип, үйрениў ҳәм шөлкемлестириўшилик орталығына масласыў процессин тоқтатып қойыўы яки ол менен шөлкемлестириўшилик орталық ортасындағы келиспеўшиликлердиң күшейип кетиўине шекем кәрханада қалыўы мүмкин. Егер инсан кәрханаға кириў ушын күшли мотивацияға ийе болмаса, кәрхана оны жаңа жағдайларға масластырыўға ерисиўи мүмкин.
Көбинесе усындай масласыўдың дәслепки дәўири көпшилик ушын ең қыйын дәўир болады. Ҳәттеки өзиниң қәлеўине қарсы түрде кәрханада қалған инсанға да дурыс қатнас жасалса, ол әсте-ақырын кәрханаға масласады.
Инсанды кәрханада алып қалыў ушын ҳәр қыйлы усылларды қоллаў мүмкин. Бул узақ мүддетли материаллық қоллап-қуўатлаў иләжлары, лаўазымын асырыўды ўәде етиў яки қызығарлы жумыс орынларын бериў, кәрхана есабынан оқыў ҳәм раўажланыў имканиятын бериў, жеңиллетилген шәртлерде турақ-жайлар бериў ҳәм т.б. болыўы мүмкин.
Ағза кәрханаға кириўиниң усындай басқышында кәрхана үш тийкарғы ўазыйпаны шешиўи керек:

  • инсанды кәрханада ислеўге қызықтырыў;

  • оның ески тәртип нормалары ҳәм әдетлерин жоқ етиў;

  • оған интизамның жаңа нормаларын, жәмийеттеги байланыс ҳәм өз-ара қатнасықты үйретиў.

Усындай процесслер өз-ара байланыслы түрде әмелге асады ҳәм белгили усуллар топламының бирлесиўи менен ерисиледи.
Бунда соны-да есапқа алыў керек болады, инсанның кәрханаға кириўинде жумыста жетерлише бәнт болмаў, әпиўайыластырылған ўазыйпалар ҳәм аңсат тапсырмалардың берилиўи ҳәмде жүдә қурамалы ўазыйпалар ҳәм жумыста үлкен жүклеме қойылыўы көбинесе кери нәтийжелерге алып келиўи мүмкин.
Жаңа жумысшы тәрепинен өз бетинше шешилиўи мүмкин болған ҳәм алдыңғылардан парықланыўшы ўазыйпаларды қойыў мақсетке муўапық болып есапланады. Буннан тысқары, усы ўазыйпаларды шешиў ушын инсанның алдыңғы ҳәрекетлерине қарсы болған ис-ҳәрекетлер талап етиледи. Бунда жаңа жумысшыда кәрханаға болған қызығыўшылық артады, өзи ушын айрықша нәтийжеге ерисиўден қанаатланыў пайда болады ҳәмде алдыңғы тәжирийбе ҳәм билимлердиң дурыслығы бойынша гүман пайда болады.
Соны да нәзерде тутыў керек, жас жумысшылардан ибарат топарға бундай кәрханада ислеў бойынша үлкен тәжирийбеге ийе болған жумысшыларды қосыў жаңа кәрханаға тезде масласыўға жәрдем береди. Бундай усыл жаңа жумысшыларға тек шөлкемлестириўшилик орталықты тезирек ҳәм жақсырақ билиб алыў ҳәм түсиниўди емес, ал шөлкемлестириўшилик орталық пенен жақын байланысты жолға қойыў имканиятыны да береди. Егер жаңа жумысшылар менен кәрхананың тәжирийбели ағзасы турақлы түрде бирге ислесе, олардың надурыс жуўмақлары ҳәм көз қарасларын жоқ етиўге ерисиў мүмкин. Бунда тәжирийбели ағза жаңа жумысшылар топары “аралық” мәдениятының кәрхана мәдениятына өтиўи ушын көпир ўазыйпасын атқарады.
Басшылар менен сәўбетлесиўлер, түсидириўлер ҳәм усыныслар жаңа ағзаны кәрханада алып қалыўға ҳәм оның шөлкемлестириўшилик орталығына масласыўына көмеклесиўши қураллар болып есапланады. Бул жаңа жумысшыға исеним береди, үмитсизлик ҳәм керексизлик сезимин кемейтип, ондағы усы кәрхана жумысларына жуўапкершилик сезимин арттырады.
Инсан кәрханаға кириўиниң қолайлы процесси онда жумыс ушын жуўапкершилик сезими ҳәм кәрханаға қарағанда ишки мәжбүриятлар пайда болыўына алып келеди. Жаңа жумысшыға дәслепки басқышта қаржы ҳәм ўақыт сарыплаў оны тәрбиялаўдың әҳмийетли шәрти болып есапланады. Бундай жағдайда жумысшыда кәрхана оған көп нәрсе сарыпланғанлығын ҳәм онда буларды кәрханаға қайтарыўы кереклигине сезим пайда болады.
Және соны да есапқа алыў керек, кәрхананың жаңа ағзасы тәрепинен тек усы кәрхана тәртиплери системасында түсиндирилиўи мүмкин болған ҳәрекетлердиң әмелге асырылыўы онда кәрхана алдындағы жуўапкершилик сезимин тәрбиялаўға жәрдем береди.
Егер кәрхананың жаңа ағзалары кәрхананы раўажландырыў жойбарларын додалаўға тартылса, оларда кәрхана алдындағы жуўапкершилик сезими раўажланады. Бул белгили шешимлердиң әмелге асырылыўы ҳәм кәрхананың жумыс ислеўи ушын жуўапкершилик сезимин пайда етиўге жәрдем береди.
Бунда инсан кәрхананың толық ҳуқықлы ағзалары қатарына өтиўи ол кәрханаға кириў процессиниң жуўмақлаўшы басқышы болып есапланады. Усындай басқыш кәрхананың жаңа ағзасы оның нормалары ҳәм тәртиплерин анық өзлестирген тәқдирде ғана әмелге асырылыўы мүмкин. Кәрхана оны өзиниң толық ҳуқықлы ағзасына айландырады.
Процесстиң әшкаралық дәрежеси ҳәм формасы қандай болыўына қарамастан өтиў сондай дәрежеде әмелге асырылыўы керек, жумысшы өзиниң кәрхана тәрепинен үзил-кесил қабыллағанлығын ҳәм оның толық ҳуқықлы ағзасына айланғанлығын анық сезсин.
Бунда инсанның кәрханаға кириўи, оның шөлкемлестириўшилик орталығына масласыўы көпшилик тәрептен инсан кәрхананың нормалары ҳәм тәртип-қағыйдаларын қаншалықта өзлестирип, қабылланғанлығына байланыслы болады.
Нормалар ҳәм тәртип-қағыйдалардың қабылланыўы инсанның кәрханаға кириўине қаншалықта тәсир етиўине жалпы баҳа бериў ушын тек қана ол кәрхананың нормалары ҳәм тәртип-қағыйдаларын қаншалықта толық өзлестиргенлигин емес, ал усы нормалар ҳәм тәртип-қағыйдалардан қайсылары усы инсан тәрепинен қабылланғанлығын, қайсылары қабылланбағанлығыны да билиў керек.
Кәрхананың нормалары ҳәм тәртип-қағыйдаларын еки топарға бөлиўге болады: кәрхана ағзалары тәрепинен қабылланыўы зәрүр болған ҳәм қабылланыўы шәрт болмаған нормалар ҳәм тәртип-қағыйдалар.
Бунда кәрхананың жаңа ағзасы тәрепинен қандай нормалар ҳәм тәртип-қағыйдалар қабылланғанлығына қарай сәйкеслесиўдиң төрт түрин ажыратып көрсетиўге болады:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   16




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish