1-модуль. ШӨлкемлестириўшилик минез-хулықТЫҢ теориялық тийкарлары 1-тема. «Шөлкемлестириўшилик минез-хулық»


«Шөлкемлестириўшилик минез-хулық» түсиниги



Download 158,8 Kb.
bet4/16
Sana24.02.2022
Hajmi158,8 Kb.
#214122
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   16
Bog'liq
XAM

1.2. «Шөлкемлестириўшилик минез-хулық» түсиниги
Басқарыўдың заманагөй системалары ушын төмендеги жағдай сәйкес келеди: ҳәр қандай кәрхананың негизи, биринши гезекте, инсанлар болып есапланады, олар кәрхана мәнисиниң тийкарын қурайды, сонлықтан-да, кәрхананы үйрениўде инсан басланғыш точка болыўы керек. Оның ушын инсанның кәрханадағы минез-хулқына тийисли болған мәселелерди көрип шығыўға үлкен итибар қаратылыўы керек.
Инсанлардың көпшилиги өзиниң пүткил аңлы өмирин кәрханаларда өткереди, сонлықтан-да, олар аңлы яки аңламаған түрде, өзиниң қәлеўи менен ямаса мәжбүрий түрде кәрхана турмысына қосылып, оның нызамлары бойынша жасайды, сондай-ақ, кәрханаға бирдеңе берип, оның орнына кәрханадан да бирдеңе алған түрде кәрхананың басқа қатнасыўшылары менен өз-ара қатнасықта боладылар.
Усындай қатнас пенен “Шөлкемлестириўшилик минез-хулқы” түсиниги қолланылады.
Шөлкемлестириўшилик минез-хулық бул – 1. Кәрхана субъектлери (инсанлар, топарлар, жәмийетшилик) не тәсир көрсетиўши ҳәм көпшилик тәрептен олардың минез-хулқын ҳәмде бир-бири менен ҳәм сыртқы орталық пенен өз-ара қатнасығын белгилеп бериўши психологиялық, социаллық ҳәм шөлкемлестириўшилик-экономикалық тәреплер ҳәм факторлар ҳаққындағы комплекс әмелий пән. 2. Оқыўлық пән.
Шөлкемлестириўшилик минез-хулқы субъектлердиң ҳәм хызмет субъекти түринде кәрхананың өзиниң болып атырған ишки ҳәм сыртқы өзгерислерге қатнасын билдириў усылларын көрсетеди. Сыртқы ҳәм ишки орталық факторларының турақлы түрде тәсирине ушырап, кәрхана өзиниң турақлы жағдайын ҳәм раўажланыўын тәмийинлеўши механизмлерди жетилистириўге умтылады.
Кәрхана ушын нәтийжели шөлкемлестириўшилик минез-хулық, инсанлар өз мәжбүриятларын исенимли түрде ҳәм ҳадал атқарады, олар жумыстың қызығыўшылығы ушын өзгериўшең жағдай түринде өзлериниң тиккелей мәжбүриятлары орталығынан тысқарыға шығады, қосымша ис-ҳәрекетлерди әмелге асырып, жеделлик еткен түрде өз-ара бирге ислесиў ушын имканият табыўын көриўге болады.
Шөлкемлестириўшилик минез-хулықтың нәтийжелигине төмендеги тийкарғы факторлар тәсир көрсетеди:

  • ишки (шөлкемлестириўшилик) факторлары: топардың өлшеми, роллердиң қурамы ҳәм саны, топардың мәртебеси, ишки коммуникация, топардағы жумыстың мақсетлери, топардағы бирге ислесиўлер ҳәм жетекшилик;

  • сыртқы орталық факторлары: кәрхананың тәбийий орналасыўы, топардың кәрханадағы роли, ири кәрханалар менен коммуникациялар.

Инсанлардың кәрханадағы минез-хулқы олардың жеке өзгешеликлери, оның хызметин қәлиплестириў шәртлериниң тәсири – олар киргизилген топардың өзине сай өзгешеликлери, биргеликте хызмет етиў шәртлери, олар ислеп атырған кәрхана ҳәм мәмлекеттиң өзине сайлығы менен белгиленеди.
Өз гезегинде, инсанларды шөлкемлестириўшилик орталығына қосыў, оларды өзини тутыўға үйретиў усы орталықтың өзгешеликлерине де, шахслардың өзгешеликлерине де тең дәрежеде байланыслы.
Шахслардың өзгешеликлери тәбийий өзгешеликлер (организмниң физиологиялық жағдайы, жоқары нерв хызметиниң өзине сай өзгешеликлери, яд, сезим, түсиниў) ҳәмде социаллық факторлар (билимлендириў, тәжирийбе, әдетлер, сөйлесиў орталығы ҳәм т.б.) тәсири астында қәлиплеседи.
Ҳәр қандай шахс төмендегилер менен характерленеди:

  • улыўмалық өзгешеликлер;

  • өзине сай өзгешеликлер;

  • жумыстың белгили түрине таярланғанлығы;

  • белгили өзгешелик түри;

  • бағдарланғанлық (социаллық жеделликтиң бағдарланғанлығы);

  • биологиялық шәртленген өзгешеликлер;

  • психологиялық өзгешеликлер: хызмет орталығы, ислеў методикасы ҳәм психологиялық динамикасы;

  • психологиялық жағдай.

Жеке өзгешеликлер көпшилик жақтан инсанға жүкленген функцияларды орынлаўдың сапасына, оның жумыс ислеў методологиясына, әтирапындағылар менен қатнасыққа тәсир көрсетеди.
Инсанның кәрханадағы минез-хулқының ең әҳмийетли тийкарлары түринде төмендеги үш структуралық бөлим ажыратылады:

  • мотивация;

  • қабыллаў;

  • критериялық тийкар.

Мийнет минез-хулқының тийкарында инсанның мийнет минез-хулқының бағдарын ҳәм оның формаларын белгилеп бериўши мотивлер, ишки умтылыўлар жатады. Бир минез-хулқтың өзи ҳәр қыйлы мотивациялық тийкарға ийе. Мотивация – инсанның минез-хулқын ҳәм оған тәсир етиў имканиятларын түсиниў ушын гилт болып есапланады.
Түсиниў – әтираптағы дүнья ҳаққындағы ой-пикирлерди пайда етиў ҳәм түсиндириў процесси. Ол мағлыўматларды қабыллаў ҳәм қайта ислеў бойынша ярым саналы хәрекетти өз ишине алады. Түсинип жетиў көпшилик тәрептен субъектив процесс болғанлығы себепли, ол мағлыўматтың толық яки бир бөлегиниң бузып көрсетилиўи ямаса жойытылыўы итималлығына ийе. Түсиниў нәтийжесинде үйренилип атырған объектке қарағанда ҳәр қыйлы түрдеги субъектив қатнасықлар пайда болыўы мүмкин: қабыллаў, қабылламаў, «түйеқус минез-хулқы».
Түсиниўге объектив ҳәмде субъектив жағдайлар тәсир көрсетеди:

  • мағлыўмат келип түсетин яки танысыў жүзеге келетуғын жағдай;

  • реал жағдайды көриў тереңлиги;

  • үйренилип атырған объекттиң жеке ҳәм социаллық характери;

  • инсанға сәйкес болған жалпы белгилер ҳәм ырымлар.

Түсиниўге оның таңлаў өзгешелиги (инсан ҳаққындағы барлық мағлыўматлар қабыллана бермейди), глобаллық (объект жалғыз нәрсе түринде қабылланады), жетерлише структураланбағанлық (тийкарғыдан басқа барлығы фон түринде қабылланады, уқсас нәрселер жалғыз нәрсе түринде қабылланады, уқсас объектлер ажыратып алынады ҳәм бирлестириледи, барлығы ески тәжирийбеге байланысады) тәсир көрсетеди.
Инсанның кәрханадағы минез-хулқының критериялық тийкарына оның шахсының таңлаў, инсан тәрепинен өзиниң минез-хулқы бойынша шешимлер қабыллаўын белгилеўши турақлы өзгешеликлери киреди. Инсанның критериялық базасы төмендеги элементлерден турады:

  • инсанлар, ўақыялар, процесслерге бейимлилик;

  • усы инсан жақтыратуғын қәдриятлар жыйындысы;

  • инсан әмел ететуғын исенимлер;

  • инсан өзин услаўында сақлаўы керек болған принциплер.

Кәрхана ағзаларының жеке өзгешеликлерин үйрениў зәрүрлиги шубхасыз. Бирақ, соны да естен шығармаў керек, инсанның кәрханадағы минез-хулқы тек оның жеке сезимлериине ғана емес, ал оның ҳәрекетлери әмелге асырылып атырған жағдайға да байланыслы. Солай етип, кәрхана жумысшыларының минез-хулқына, биринши гезекте, төмендеги сыртқы факторлар тәсир етеди:

    • байланыс (қатнас) орталығы, ол сезим байланысларын өз ишине алыўшы жеке ҳәм лаўазым мәжбүриятлары менен белгиленетуғын хызметке тийисли болыўы мүмкин;

    • инсаннан оның жеке руҳий өзгешеликлери ҳәм басқарыў иерархиясындағы орнына қарай күтилетуғын ҳәрекетлер жыйындысы менен характерлениўши роль;

    • мәртебе – әтираптағылар тәрепинен усындай субъекттиң шахсына ҳәм ол атқаратуғын ролге берилетуғын, оның социаллық байланыслар системасындағы ҳақыйқый ҳәм күтилип атырған орнын белгилеп бериўши баҳа, индивидтиң дәрежеси.




Download 158,8 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   16




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish