конформизм (төзимлилик, барлық нормалар ҳәм қәдриятлар қабылланады);
инкар етиў (олардың ҳеш қайсысы қабылланбайды);
мимикрия (тийкарғы нормалар ҳәм қәдриятлар қабылланбастан, тийкарғы нормалар ҳәм қәдриятлардың инкар етилиўин жасырыўшының қабылланыўы шәрт болмаған нормалар ҳәм қәдриятлар қабылланады);
сәйкеслестириўши индивидуализм (тек қана мәжбүрий нормалар ҳәм қәдриятлар қабылланады).
Инсан тәрепинен кәрхана нормалары ҳәм қәдриятларының қабылланыўының биринши ҳәм үшинши түри оның кәрханаға масласыўы итималлығын жоққа шығарып, келиспеўшиликлердиң келип шығыўына ҳәм байланыслардың жойытылыўына алып келеди. Екинши ҳәм үшинши түрлери болса ҳәр қыйлы нәтийжелерди берседе, инсанға кәрханаға кириў имканиятын береди.
Креативлик, өз-бетиншелик ҳәм мораллықтың өзине сайлығы талап етилмейтуғын бюрократиялық кәрханаларға оның барлық норма ҳәм қәдириятларын өзлестириўши инсан тезде қабылланыўы мүмкин. Исбилерменлик ҳәм творчестволықкәрханаларда масласыў индивидуализми ең жақсы есапланады.
2.2. Инсанға кәрханада өзини тутыўды үйретиў
Кәрхана, оның ағзаларының өзлерин белгили бир стилде тутыўына қәлейди. Машқаланы шешиўдеги биринши қатнас бул – белгили бир түрдеги өзгешеликлерге ийе болған инсанларды таңлап алыў. Бирақ, бундай қатнасты қоллаў шегараланған болып келеди, себеби керекли өзгешеликлерге ийе болған инсанлар барлық ўақытта да табыла бермейди. Буннан тысқары, олар өзини кәрхана күтип атырған дәрежеде услаўға кепиллик жоқ. Және жумысшылардың минез-хулқына қарай қойылатуғын талаплар өзгерип турыўы мүмкинлигини де есапқа алыў керек.
Биринши қатнасты шығарып тасламайтуғын екинши қатнас, кәрхана инсанның минез-хулқын керекли бағдарға өзгертиўге мажбүр еткен жағдайда оған тәсир етиўинен ибарат. Бундай қатнас инсан минез-хулқын өзлестириў ҳәм оны өзгертиў қәбилетине ийе, деген түсиникке тийкарланады.
Сонлықтан-да өзини тутыўды үйрениўди инсанның ис-ҳәрекетин ҳәм әтираптағылардың усындай ҳәрекетлерге қатнасын көрсетиўши тәжирийбе тийкарында инсанның минез-хулқының өзгериўиниң ўақытқа қарай турақлы процесси түринде түсиндириў мүмкин. Ол, бириншиден, өз тәжирийбеси тийкарында да, басқалардың тәжирийбеси тийкарында да болыўы мүмкин. Екиншиден, өзиниң реал ис-ҳәрекетине тийисли болыўы шәрт емес, ал потенциал, яғный инсан әмелге асырыў мүмкин болған ис-ҳәрекетке тийисли болыўы мүмкин. Үшиншиден, барлық ўақыт, ҳәттеки, егер инсанның тиккелей минез-хулқы өзгермеген жағдайда да, инсанның өзгериўинде көринеди.
Өзини тутыўды үйрениўдиң үш түрин ажыратып көрсетиў қабылланған.
Бириншиси, инсанның рефлектор ис-ҳәрекети менен байланыслы. Мысалы, егер басшы қол астындағылар қасына бир нәрседен нарийза болып ҳәм ашыўланып келсе, ондай жағдайда басшының ҳәр қандай көриниси қол астындағыларға қорқыў ҳәм оннан жасырыныўға умтылыўын келтирип шығарыўы мүмкин.
Екинши түри, инсан өзиниң алдыңғы тәжирийбесинен жуўмақ шығарып, өз минез-хулқын өзгертиўге тийкарланады. Егер инсан өзиниң ис-ҳәрекети қолайсыз әқыбетлерге алып келиўиўин аңласа, ол усы ис-ҳәрекетин тәкрарламаўға умтылады. Егер ақыбетлери унамсыз болса, буннан кейин де өзини солай услаўды қәлеўи әлсирейди.
Өзини тутыўды үйрениўдиң және бир түри, бул, басқа адамның ис-ҳәрекетин гүзетиў тийкарында үйрениў. Инсан әтираптағыларды гүзетиў менен биргеликте автомат түринде олардың ис-ҳәрекетине масласады. Ол олардың ҳәрекет түрин ҳәм методикасын, ўазыйпаларды орынлаў көнликпелерин уқсатып үйренеди.
Инсанлар минез-хулқын қәлиплестириўде өзин услаўды үйрениўдиң усындай үш түри кәрхана басшылары тәрепинен есапқа алыныўы керек. Бунда өзин услаўды үйрениўдиң екинши түри үлкен әҳмийетке ийе болады.
Инсан кәрханаға келип ҳәм өз хызметин әмелге асырып атырып:
- өзиниң функционал ролин: ол жумысты жақсырақ орынлаўы ушын не ислеўи кереклигин, жумысты өнимдарлы етип қалай әмелге асырыўы, жумыс процессинде қалай етип ҳәм ким менен қатнас жасаўы кереклигин үйренеди. Бунда ол өзи тәрептен орынланып атырған жумыста, кәрханада не көбирек, нелер кемирек әҳмийетли болып есапланады, не ушын ҳошаметлейди, жумыстың сапасын баҳалаўға нелер киреди – усындай көз қарастан қараўды үйренеди;
- рәсмий-интизамлы ҳәрекетлерди орынлаўды үйренеди (ҳүжжетлерди толтырыў, арзаларды рәсмийлестириў, ушырасыўлар белгилеў ҳәм өткериў, мағлыўмат бериў ҳәм алыў, алынған мағлыўматқа жуўап бериў, жумысқа келиў ҳәм кетиў, белгили тәртипте кийинип жүриў ҳәм т.б.);
- өзиниң кәрханадағы орнын билиўди ҳәм ийелеўди үйренеди. Кәрханадағы бар болған нормалар, қәдриятлар ҳәм олар тийкарында жүзеге келген рәсмий емес топарлар ҳәм қатнасықларды билип алады, бирге ислеўшилер ҳәм басшылар менен өзини дурыс услаўды үйренеди, өзи ушын ким менен жақын қатнаста болыў ҳәм кимлерден алысырақ жүриў, кимге исениў, кимге арқа сүйеў ҳәм кимнен қәўмпсиреў кереклигин белгилеп алады;
- өзиниң кәрханадағы ўазыйпаларын шешиўди, мақсетлерге қандай ерисиўди үйренеди.
Инсанның кәрханадағы минез-хулқын белгилеп бериўши бир неше тәреплерди көрсетиўге болады.
Атап өтиўимиз керек, инсанның жумысы онда белгили бир түртки бериўши тийкарлардың бар екенлиги менен байланыслы. Олар инсанды не ислеўге, тырысып ислеўге, яғный ҳәрекетлерди әмелге асырыўға мәжбүр етеди.
Қоллап-қуўатлаўшы факторлар инсанға тәсир етиўдиң сыртқы дереклери түринде, оны белгили бир жолға бағдарлайды, усындай ҳәрекетке бағдар ҳәм шегаралар береди. Инсанның тәрбиялық реакциясы, ол нени ҳәм қалай ислеў кереклигин таңлаўда, анық нәтийжеге ерисиўши белгили ҳәрекетлерди әмелге асырыўда көринеди. Оның реакциясы қоллап-қуўатлаўшы факторлар менен тығыз байланған болып келеди, бирақ индивидуал өзгешеликке ийе. Инсанның реакциясы оның анық ҳәрекетлери көринисинде де, оның тәрепинен белгили бейимлиликти ислеп шығылыўы көринисинде болыўы мүмкин.
Инсан ушын жүзеге келген ақыбетлерге қарай оның тәрбиялық реакциясы усындай реакцияны күшейтиў ҳәм оған турақлылық бериў мақсетинде беккемленеди яки оннан бас тартылады. Әмелге асырылған ис-ҳәрекетлерди беккемлеў ямаса оннан бас тартыў инсанның минез-хулқын қәлиплестириўде үлкен әҳмийетке ийе, себеби инсанның минез-хулқын аңлы түрде дурыслаў яки кәрхана ушын қәлеген бағдарға өзгертиў усы арқалы болады. Бунда үйрениў процесси төмендеги басқышларды өз ишине алады.
Не ислеў кереклигине дуўшар болып, оны қалай ислеў кереклиги ҳаққында жүзеге келген ҳәм өзини услаўды үйрениўдиң ерисилген дәрежесине тийкарланған түсиникке муўапық инсан белгили бир ҳәрекетлерди әмелге асырады. Бундай ҳәрекетлер оның ушын белгили бир ақыбетлерди келтирип шығаратуғын нәтийжелерге алып келеди. Ол өзиниң ҳәрекетлерининг ақыбетлерин қалай қабыллаўы ҳәм баҳалаўына қарай, инсан өз минез-хулқына тийисли жуўмақлар шығарады. Бул өзин услаўды жәнеде үйрениўге ҳәм оның минез-хулқының дурысланыўына алып келеди.
Солай етип, инсанның минез-хулқының өзгериўине өзин услаўды үйрениў ақыбети түринде қараўға болады. Өзин услаўды үйрениўдиң өзи инсан ушын ол тәрептен әмелге асырылған ҳәрекетлер нәтийжесинде жүзеге келген ақыбетлер функциясы есапланады. Бундай байланыслықтың болыўы кәрхана ушын өзиниң ағзалары минез-хулқын дурыслаў ҳәм қәлиплестириў имканиятын береди. Басшылар ҳәм кәрханадағы орталық инсанның өзиниң ҳәрекетиниң белгили бир ақыбетлерине ийе болыўы басқышында оған өзин услаўды үйретиў процессине қосылып, кәрхана ағзаларының минез-хулқы ақыбетлерин белгилеши ҳәм оны анық мақсетти гөзлеп қәлиплестириўи мүмкин.
Инсан ҳәрекетлериниң ақыбетлери өзин қалай тутқанлығына, не ислегенлигине байланыслы. Бирақ олар инсанның ҳәрекетлерине баҳа берип атырғанда, оның ис-ҳәрекетлери ушын төлемди әмелге асырыўшы инсанларға тиккелей байланыслы болады. Бундай жағдайда төлем кең мәнисте инсанның минез-хулқына қарағанда сыртқы реакция түринде түсиниледи. Ол, инсан өзи әмелге асырған ҳәрекетлери нәтийжесинде бир нәрсени қолға киргизгенлиги яки жойытқанлығы, бир затқа ерискенлиги ямаса ерисе алмағанлығында көринеди. Төлемли материаллық қошаметлеў яки жазалаўдан баслап, сөз бенен мақуллаў ямаса айыплаўға – ҳәр қыйлы көринислерде әмелге асырылыўы мүмкин. Бул өзин услаўды үйрениў ушын үлкен әҳмийетке ийе, себеби әмелге асырылған ис-ҳәрекеттиң беккемлесиўи ямаса оннан бас тартылыўына үлкен тәсир көрсетеди. Инсанға оның ҳәрекетлери ақыбетлери ҳаққында түсиник бериўши төлем болмаса, әмелде минез-хулықтың сезилерли дәрежеде өзгериўи жүз бермейди, себеби өзин услаўды үйрениў әмелге аспайды. Сонлықтан-да инсанларды басқарыўдағы төлем тек қана мийнет ушын қошаметлеў яи жумысшылардың зәрүрликлерин қанаатландырыў қуралы ролини емес, ал инсанның минез-хулқының өзгертиў қуралы ролини де атқарады.
Бунда, егер төлеўге өзин услаўды үйрениў ҳәм минез-хулқты өзгертиў көз-қарасынан қарайтуғын болсақ, төлемниң әмелдеги минез-хулықтың беккемлениўине ямаса оннан бас тартылыўына алып келетуғын төмендеги түрлерин ажыратып көрсетиўге болады.
Do'stlaringiz bilan baham: |