1-модуль. ШӨлкемлестириўшилик минез-хулықТЫҢ теориялық тийкарлары 1-тема. «Шөлкемлестириўшилик минез-хулық»


Заманагөй кәрханаларда мәдениятлараралық



Download 158,8 Kb.
bet10/16
Sana24.02.2022
Hajmi158,8 Kb.
#214122
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   ...   16
Bog'liq
XAM

3.2. Заманагөй кәрханаларда мәдениятлараралық
өз-ара тәсирлер
Глобалласыў ҳәм интернацияландырыў процесслери социаллық байланыстың мәдениятлараралық орталықтағы өз-ара тәсири тәрепин әҳмийетли етип қойды. Солай етип, еки ҳәм оннан артық адамның биргеликтеги мийнет етиўи ҳаққында айтқанда, топар ағзаларының биргеликтеги жумысын әмелге асырыў тийкарында жалпы мақсетлер, ўазыйпалар, талаплар болады. Топар ағзалары умтылыўларында, ең дәслеп, ҳәмме ушын жалпы ҳәм ҳәр бир инсан ушын өз алдына мақсет ҳәм ўазыйпалар көрсетиледи, сондай-ақ, ҳәр бир топар ағзасының өз алдына ҳәм пүткил топар талапларына жуўап бериўши белгили мәплери нәзерде тутылады. Олардың барлығы топар қатнасыўшыларын турақлы түрде әмел ететуғын белгили бағдарға баслайды.
Сондай-ақ, ҳәр қыйлы мәденият ўәкиллериниң қатнасықлары бир қанша машқалаларды келтирип шығарады. Буның себеби, көп миллетли кәрхана орталығында биргеликте мийнет етип атырғанлардың норма, интизам, дуняқараслары өзгешеликлериниң сәйкес келмеўи болып табылады.
Кейинги ўақытлары миллатине қарай табақаластырыў әдепсизлик болады, себеби бул инсан жәмийеттеги орнын өзи белгилеўге имкан бермейди, деген пикир ҳүкимшилик еткен. Мысалы, ҳәр қыйлы этнос ўәкиллери қатнасатуғын биргеликтеги мийнет етиў процессинде бундай улыўмаласыўлар (бирге ислеўшилерди “орыслар”, “түрклер” ҳәм басқалар деп атаў) бирге ислеўшилер ҳәм қатнаста болған исенимниң кемейиўине, олардың мийнетиниң төмен баҳаланыўына, олар орынлап атырған жумысқа жерлеслерине қарағанда жоқары талаплар қойыў сыяқлы кери нәтийжелерге алып келеди.
Мәдениятлараралық өз-ара тәсир, яғный ҳәр қыйлы мәдениятлардың тең ҳуқықлы қатнасы, сондай-ақ, сөйлесиў ҳәм өз-ара ҳүрмет тийкарында өз пикирин мәдений жақтан көрсетиўдиң жалпы формаларын жаратыў имканияты Россия ҳәм шет елдеги алдыңғы раўажланып атырған бағдарлардан болып табылады.
Бунда мәдениятлараралық өз-ара тәсир процессинде вербал емес сөйлесиў (мулоқот) үлкен әҳмийетке ийе екенлигин нәзерде тутыў керек. Бундай жағдайда пайдаланылатуғын белги, ҳәрекет ҳәм белгилер өз-ара тәсир процессине де, оның нәтийжелерине де тәсир көрсетиўи, оның қатнасыўшылары ушын ҳәр қыйлы әҳмийетке ийе болыўы мүмкин. Солай етип, ҳәр қыйлы мәдениятларда сөйлесиў (мулоқот) ўақтында ислетилетуғын белги, түсиндириў, кийим ҳәм безеклердиң мәниси бир-бирине сәйкес келмеўи мүмкин. Мысалы, Туркияда бәлент даўыста сөйлесиў күнделикли жағдай есапланса, Россияда талап етиў ямаса сәўбетлесиўдеги унамсыз сезимтал адам деп қабылланады.
Италия мәденияты белсендилери орысларды түсиндириўлерди (имо-ишорани) кем ислеткенликлери ушын сәўбет темасы ҳәм сәўбетлесиўшиге бийпарўалықта айыплайдылар.
Ҳәр қыйлы мәденият ўәкиллериниң этникалық өзгешеликлери де мәдениятлараралық өз-ара тәсирге үлкен тосқынлық етиўи мүмкин. Усындай жағдайда аңның төмендеги аспектлери өз алдына қызығыўшылық оятады: көрилип атырған этноорайласыў тенденциясы – басқа мәденият ўәкиллерине унамсыз (салбий) баҳа бериўге бейимлилик; өз ҳәм басқа мәденият ўәкиллериниң әпиўайыласқан логотиплерин қәлиплестириўде көриниўши этникалық аңды қәлиплестириў; мәдениятлараралық байланыслар процессине таңлап киргизилген әдетлер, соннан, эмоционаллық қабыллаў, өтмиштиң унамсыз тәжирийбеси ҳәм соған уқсағанлар.
Бул өз-ара тәсирдиң биринши басқышларында шериклердиң жеке өзи ҳаққында мағлыўмат толық болмаған жағдайда мәдениятлараралық байланыслар ушын потенциал тосықларды жаратады. Өз топары ағзаларына қарағанда ҳәр қыйлы мәденият ўәкиллери арасындағы парықтың көбирек дәрежесин күтиў өз-ара байланысларды шегаралайды. Өзини жаңа мағлыўматтан тосып, инсан бидғатларын күшейтиреди ҳәм гейпара шаблонлардың алдамшылығын аңлай алмайды. Узақ даўам ететуғын жедел мәдениятлараралық байланыс болса көбинесе бундай тосықты алып таслайды.
Ҳәр бир белгили жәмийетте қабылланған тәртиплер, дәстүрлер мәдениятлараралық байланысларға тосқынлықтың пайда болыўына негиздиң қәлиплесиўинде үлкен орын ийелейди. Олар бундай шаблонлар қабылланған жәмийетшилик ағзаларының дүняқарасын қәлиплестиреди. Бирақ, соны да айтып кетиў орынлы, дәслепки социалласыў дәл усы жәмийетте өткен шахслар ҳаққында айтылмақта, себеби тийкарғы көз-қараслар усы басқышта қәлиплеседи.
Мигрантларға келетуғын болсақ, олардың саны түпкиликли халық арасында жайылып орналасыўын қыйынластырыўшы көлемге жеткенде ғана, оларды есапқа алыў мүмкин. Бундай жағдайда ассимиляция процесси бираз қыйынласады, себеби иммигрантлар рәсмий яки рәсмий емес кәрханаларға биригип, жәмийеттеги ҳәм кәрханалардағы социаллық жағдайға сезилерли дәрежеде тәсир өткереди.
Соның менен бирге, инсанның интернационал орталықтағы минез-хулқы тек қана белгили бир мәдениятқа тийисли емес, оның жеке, искерлик өзгешеликлери менен анықланыўын умытпаўымыз керек. Бунда мәдениятлараралық байланыс орнатыўға таярланып атырған яки орнатып атырған шахстың дәслепки кейпиятына көплеген нәрсе байланыслы болады. Өз-ара байланыслардың өнимдарлылығын кемейтиретуғын тийкарғы тосықлар ҳәр қыйлы мәденият ўәкиллери қоллайтуғын когнитив сызылмалардағы парықлар болып табылады. Түсиниў моделлетиниң ең анық табақаланыўы өзге дүняқараслар, дүняны түсиниў ҳәм сол сыяқлыларға жолыққанда пайда болады. Өз мәдениятынан тысқарыда болып қалған шахс өзге мәденияттың тил ҳәм вербал емес системаларының өзгешеликлери, социаллық аң бөлимлери менен толық танысыў имканиятына ийе болады. Өзге мәденият ўәкиллери менен биргеликте мийнет еткенде, инсан дәл усындай жағдайға түсип қалады. Себеби жумыс оорны шегарасында инсанлар – ҳәр қыйлы мәденият ўәкиллериниң актив өз-ара байланысы пайда болады.



Download 158,8 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   ...   16




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish