Илими изертлеў методологиясы пәнинен жуўмақлаўшы қадағалаў сораўларына жуўаплар 86. Илимпаз шахстың диспозициялық структурасы



Download 45,17 Kb.
bet1/5
Sana25.02.2022
Hajmi45,17 Kb.
#306191
  1   2   3   4   5
Bog'liq
Илими изертлеў методологиясы пәнинен жуўмақлаўшы қадағалаў сораўларына


Илими изертлеў методологиясы пәнинен жуўмақлаўшы қадағалаў сораўларына жуўаплар
86.Илимпаз шахстың диспозициялық структурасы
Т.с. эмоционаллық-ерклик, критикалық, әдеп-икрамлылық, эстетикалық, пухаралық, сиясий.
Жуўап: Илимпаз шахсты диспозициялық структурасын анализлеӯ төмендеги жуӯмақларды ислеӯге алып келеди. Илимни раӯажланыӯы менен субъектлик-инсанлық бинарлық оппозиция илимпаз шахсты структурасыны пүтинлик-диспозициялық сызығы бойынша қəлиплеседи. Бул оппозиция арқалы илимдеги адамлық фактор, илимий дөретиӯшилик искерликти шахслық аспекти көринеди. Бул процесс структураны барлық тийкарғы компонентлерини сапалы өзгерислери менен байланыслы` пухаралық-сиясий, рефлексивлик-критикалық, эмоционаллық-ерклик. Структураны хəр бир элементи илимий дөретиӯшиликти когнитивлик механизмине актив қатнасады. Биринши компонентте илимпазды дөретиӯшилик искерлигиндеги социаллық-сиясий мотивациясыны ролини артыӯы көринеди. Рефлексивлик-шахслық компонент гүманланыӯ хəм өзин критикалаӯ факторларында көринеди, илимпазды билиӯ процессине, билимлендириӯ системасына бир пүтинлик қатнасы арқалы илимдеги дөретиӯшилик процессти раӯажланыӯыны хəрекетке келтириӯши күшлерине киреди. Илимпаз шахсты аффективлик психофизиологиялық ресурслары ойлаӯды блокададағы хəрекет етиӯ жағдайларындағы дөретиӯшилик процессти энергетикалық жақтан тəмийинлейди хəм ретлестиреди, соны менен бирге илимий жəмəəтти санасында илимий искерликти нəтийжелерин беккемлеӯде қатнасады. Илимий искерликти бинарлық оппозицияларыны барлық комплекси илимпаз шахсты диспозициялық структурасы арқалы өз көринисине ийе болады. Оны элементлери илимдеги дөретиӯшилик процессти резонанслық халына ерисиӯде тиккелей қатнасады.
Илимий дөретиӯшилик дөретиӯшиликти қурамалы түри болып, ол дөретиӯшиликти басқа түрлерине салыстырғанда көп дəрежеде дөретиӯшилик процесске алып келиӯши билимлерди талап етеди. Илимпазда ол, жоқарыда айтқанымыздай, проблеманы қойылыӯынан басланады. Проблеманы қойылыӯы хəм формулировкасы илимпазды искерлигиндеги дөретиӯшилик актты алатады. Илимий дөретиӯшиликте, оны қəлеген түриндегидей, төрт басқыш бар` таярлық, писип жетилисиӯ (созревание), нурланыӯ (озарение) хəм тексериӯ.
Илимий дөретиӯшиликти биринши басқышында пайда болған идеяға кириӯ басланады, дөретиӯшилик күшлерди хəрекетке келиӯи иске асырылады. Екинши басқышта ядта берилген идеяға яки проблемаға қатнасы болған билимлерди қайта көрип шығыӯ басланады (стягивание знаний). Буған қосымша жетиспейтуғын билимлерди табыӯ иске асырылады. Е əхмийетлирек басқыш ретинде үшинши басқыш алып қаралады. Бул басқышта нурланыӯ иске асырылады. Нурланыӯ бирден иске аспайды, оған идеяларды инкубациясы тəсир етеди. Идеяларды инкубациясы тек ғана мийди саналы искерлиги емес, ал санасызлықты да искерлиги менен сыпатланады. Бул басқышта илимпаз еркин пикирлейди, проблеманы дөгерегинде пикир жүргизеди, бар билимлерге тийкарланған итималлылыққа ийе хəм ийе емес вариантларды, комбинацияларды көрип шығады. Бул басқышта дөретиӯшилик тəбиятқа ийе инсанларды мийи үзликсиз санасызлық дəрежеде тийкарғы проблема бағдарында жумыс ислейди.
Егерде дөретиӯшилик процессти үшинши басқышы нурланыӯ менен тамамланса, онда ол айрым жағдайларда проблеманы шешилиӯин де алатады. Көпшилик жағдайларда нурланыӯ проблеманы шешилиӯини мүмкин болған жолларын ашыӯды белгилейди. Сол себепли дөретиӯшилик процессти төртинши басқышы проблеманы шешилиӯи деп те аталады. Бул басқыш екинши хəм үшинши басқышларға салыстырғанда қурамалырақ (хəм оншелли дөретиӯшилик емес (менее творческой)) болып табылады. Бул басқышта илимпаз өзини алған жуӯмақларын, нəтийжелерин тексериӯ зəрүр.
Дөретиӯшилик стимулға мүтəж болады. Дөретиӯшиликти стимулластырыӯшы көплеген факторлар бизге белгили. Оларға қызығыӯшылық, өзин беккемлеӯге умтылыӯ, қупыялық хəм парадоксты болыӯы х.б. киреди.
Илимий дөретиӯшиликте интуиция үлкен əхмийетке ийе. Философияда интуиция тиккелей билим, тиккелей билим менен бирликтеги жанлы сезиӯ (живое созерцание) ретинде алып қаралады. Көпшилик жағдайда интуиция адамны психикалық халы, эмоциялары хəм қыялланыӯы менен байланыстырылады. Интуиция билиӯлик акт нəтийжесинде жаңа билимниң пайда болыӯын да, дөретиӯшиликти көриниӯини жоқарғы формасын да алатады.
Интуицияда бизиң түсинигимиздеги билимни мазмунынан жоқарырақ та мазмун бар (в интуиции имеется нечто превышающее знание в нашем понимании).



Download 45,17 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2   3   4   5




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish