87. Болжаў билимниң раўажланыў формасы сыпатында
Т.с. болжаўдың раўажланыў басқышлары, дәлиллеў, бийкарға шығарыў.
Жуўап: Гипотеза сөзи грек сөзи болып {шамалаӯ} дегенди алатады.
Илимий əдебиятта қəлеген шамалаӯды болжаӯ деп айта алмаймыз. Болжаӯ өзгеше тектеги шамалаӯды береди. Болжаӯ деп бул шамалаӯды алға сүриӯши билиӯ процессин де айтамыз. Солай етип, илимий əдебиятта болжаӯ сөзи еки мəниде қолланылады. Болжаӯ деп билимни өзгеше түрин, тағыда билимни раӯажланыӯыны өзгеше процессин алып қараӯымызға болады.
Болжаӯ биринши мəнисте қубылысларды себеплери, қубылыслар арасындағы бақланбайтуғын байланыслар хаққындағы дəлилленген шамалаӯды береди.
Екинши мəнисте болжаӯ шамалаӯды алға сүриӯши, оны дəлиллениӯи яки бийкарға шығарылыӯы хаққындағы билиӯди қурамалы процессин алатады. Бул процессте еки басқышты – шамалаӯды раӯажландырыӯ хəм шамалаӯды дəлиллеӯ яки бийкарлаӯды бөлип көрсетиӯге болады.
Шамалаӯды раӯажландырыӯ. Бул процессте бир неше этапларды бөлип көрсетиӯге болады. Биринши этап – шамалаӯды алға сүриӯ. Шамалаӯ аналогия, толық емес индукция х.б. тийкарында алға сүриледи. Ол догадканы алатады, себеби, ол, əдетте, дара жағдай түринде де дəлилленбеген болады.
Екинши этап – алға сүрилген шамалаӯды жəрдеминде болжаӯды предметлик тараӯына тийисли болған барлық бар болған фактлерди түсиндириӯ. Бул этаплардан басқа шамалаӯ өзини раӯажланыӯ барысында болжаӯға айланыӯы ушын бир қанша талапларға жуӯап бериӯи тийис.
Биринши талап – шамалаӯ логикалық қарсылыққа ийе болмаӯы хəм илимни фундаменталлық жағдайларына қарсы болмаӯы тийис. Илимни фундаменталлық жағдайларына қарсы болмаӯы тийис деген талап абсолют болмайтуғынлығын дыққатқа алыӯымыз керек.
Болжаӯларды бул талапқа жуӯап бериӯи төмендеги төрт болжаӯды түрин келтирип шығарады`
-бар билим менен де, тəжирийбе менен де байланысқа ийе болмаған дəлилленбеген болжаӯлар.
-теориялық дəлилленген болжаӯлар, олар тек бар билим менен байланыслы болады, қарсылықсызлыққа ийе, эксперименталлық тексериӯге мүмкиншилик береди, бирақ эксперименталлық яки тəжирийбелик берилгенлерге тийкарланбайды.
-эмпирикалық дəлилленген болжаӯлар, олар тəжирийбе менен байланыслы, бирақ берилген бар билим менен байланыспаған.
- толық дəлилленген болжаӯлар, олар бар билимлер менен де, тəжирийбелик билимлер менен де келисиледи. Болжаӯларды усы берилген дəрежесинде белгили қосымша белгилер бойынша илимни нызамлары бөлип көрсетиледи, усы дəрежеде болжаӯлар нызамларды категорияларына өтеди.
Екинши талап – шамалаӯ принципиаллық тексерилиӯи тийис. Тексерилиӯди еки түрин – практикалық хəм принципиаллықты бөлип көрсетиӯге болады. Егер ол берилген ӯақытта яки салыстырмалы узақ даӯам етпеген ӯақытта тексерилиӯ мүмкиншилигине ийе болса, онда шамалаӯ практикалық тексериӯшиликке ийе болады. Егер шамалаӯ қашан дур тексерилиӯ мүмкиншилигине ийе болса, онда ол принципиал тексериӯшиликке ийе болады.
Болжаӯ ретинде принципиал тексерип болмайтуғын догадкалар алып қаралмайды.
Принципиаллық тексериӯшилик талабы 80 – жыллары Америка Қурама Штатларыны Илимлер Академиясы тəрепинен қолланылды. Бул ӯақытта АҚШ ты бир қатар мектеплери креационистлик тəлиматты (дүньяны хеш нəрседен қудай тəрепинен жаратылғанлығын мойынлайтуғын диний тəлимат) оқытып баслайды. Бул шешимни конституцияға қайшы келетуғынлығы айтылады, себеби ол анаӯ яки мынаӯ динни үстем сүриӯин қадаған ететуғын конституцияны биринши өзгерисине қарсы келеди. Бул өзгеристи айланып өтиӯ ушын, креационизм тəрептарлары оны дин емес, ал илим екенлигин айтады хəм 10 декабрь 1986 жылы АҚШ Жоқарғы Судына мүрəжет қылады. Жоқарғы Суд Илимлер Академиясынан бул мəселени түсиндирип бериӯди талап етеди. Жоқарғы Судқа жазған хатында Илимлер Академиясы дөретилиӯ акти тəбияттан тыс күшти, ақылды тиккелей араласыӯын талап етеди хəм сол себепли оны тиккелей илимий методлар менен тексерилиӯи мүмкин емеслигин көрсетеди. Егер де шамалаӯды бийкарлайтуғын экспериментти ойлап таба алмасақ, онда бундай шамалаӯ илимий бола алмайды деген жуӯмақты хатта жазады.
Үшинши талап – шамалаӯ өзи түсиндириӯи керек болмаған бурын қабыл етилген фактлерге қарсы келмеӯи тийис (болжаӯды предметлик тараӯына тийисли болмаған).
Төртинши талап – шамалаӯ қубылысларды мүмкин болғанынша ке бөлегине қолланылыӯы тийис. Бул талап бир қубылысты түсинидириӯши еки яки бир неше болжаӯдан əпиӯайысын талаӯға мүмкиншилик береди. Бул принципти англичан ойшылы Уильям Оккам пайда етти, сол себепли бул талап {Оккам алмасы} (бритва Оккама) деп аталды. Бул талап та абсолютлик характерге ийе емес.
Шамалаӯды алға сүргеннен кейин (биринши этап), оны тийкарында болжаӯды предметлик тараӯына тийисли болған барлық бар қубылысларды түсиндириӯ (екинши этап), аты келтирилген барлық талапларды тексергеннен кейин (егер олар орынланған болса) шамалаӯ дəлилленген (толық емес), яғный болжаӯ болып саналады. Болжаӯ итималлылыққа ийе билим (дəл емес) болып табылады
Do'stlaringiz bilan baham: |