88. Теория билимниң раўажланыў формасы сыпатында
Т.с.дәлилленген билим, әпиўайылық, проблеманың шешилиўи, дәл шегарасы, фальсификацияланыўы, қатаң ядро, аргументлер, әҳмийетлик, тестлениў.
Жуўап: Теориялық билимни ядросын нызамлар хəм нызамлықлар қурайды. Илимий нызам объектив хақыйқатлықты предметлери хəм қубылыслары арасындағы берилген тараӯ ушын зəрүрли, тийкарғы, турақлы қайталанатуғын, улыӯма байланысларды хəм қатнасларды сəӯлелендиреди. Системалы усылда нызам белгили системаны раӯажланыӯ тенденциясын, оны турақлылығыны шегараларын, өмир сүриӯини хəм шөлкемлесиӯини принциплерин сəӯлелендиретуғын үйренилип атырған объектти структурасын алатады.
Егер нызамлар ашылмаса, адам қубылысларды сүӯретлеӯи, сыпатлаӯы, фактлерди жыйнаӯы хəм системаластырыӯы мүмкин, бирақ ол хеш нəрсени түсиндире алмайды, алдыннан болжай да алмайды. Қəлеген конкрет жағдай нызамға салыстырғанда байырақ болады, индивидуаллық, тосыннанлық қəсийетлерден хəм байланыслардан абстрактлесыӯ оларды ишки тийкарын билиӯге мүмкиншилик береди. Сол себепли нызамларды ашыӯ хəм оларды формулировкалаӯ илимий изертлеӯди е əхмийетли мақсетин қурайды. Илим нызамларында объектив нызамларды сəӯлелендириӯди анықлық хəм толықлық дəрежеси билиӯди хəм практиканы раӯажланыӯ дəрежеси менен анықланады. Теориялық нызамларды дара фактлерди, хəттеки бар эмпирикалық нызамларды индуктив улыӯмаластырыӯ жəрдеминде ашылыӯы мүмкин емес. Буны себеби теориялық нызамларды предметлер хəм қубылысларды қəсийетлерини сезиӯлик қабыл етилиӯлери менен байланыслы болмаӯында, олар үйренилип атырған процесслерди тере ишки механизмлери менен байланыста болады. Бирақ теориялық нызамлар эмпирикалық мазмун арқалы өз көринисин табады, оларды жəрдеминде өзлерин тастыйықлайды хəм эмпирикалық жақтан дəлилленеди.
Илимни теориялық басқышы теориялық конструкциялар пайда болған ӯақытлары пайда болады. Олар менен идеалластырылған объектлер сыпатында ислесиӯ мүмкиншилигин береди, салыстырмалы түрде ойды хəрекети эмпириядан түсиниклерди теориялық қатламына өтиӯ мүмкиншилиги ашылады. Теориялық изертлеӯ барлық ӯақытта хақыйқатлықты қыя түрде үйрениӯ менен байланыслы болады.
Илимий-теориялық нызамларды хəр қыйлы логикалық тийкарларда классификациялаӯға болады`
-оларды билиӯди терелиги дəрежесинде (улыӯма яки универсаллық, өзгеше яки дисциплинааралық, дара яки арнаӯлы) бөлиӯге болады~
-изертлеӯ мақсетине қарай (фундаменталлық яки теориялық, əмелий (прикладные))
-хəрекет етиӯши материяны формаларына қарай (физикалық, биологиялық, географиялық х.б.).
Барлық илимий нызамларды улыӯма белгилери ретинде конкрет предметлерди хəм қубылысларды сүӯретлегенде оларды универсаллығы, буған қосымша кеисликлик-ӯақытлық улыӯмалығы алып қаралады.
Илимий билиӯде нызам категориясы менен бирликте нызамлылық категориясы да қолланылады. Оларды ара қатнас мəселеси бойынша еки көз қарас бар. Бириншиси нызамлылық көплеген арнаӯлы нызамларды хəрекетини жыйнағын алататуғынлығын хəм тийкарғы, зəрүрли хəм улыӯма қатнасларды системасын сəӯлелендиретуғынлығын, оларды хəр бирини дара нызамды беретуғынлығын айтады.
Екинши көз қарас бул түсиниклер арасындағы айырмашылықты гносеологиялық екенлигине дыққат аӯдарады. Билиӯди дəслепки басқышларында предметлер арасындағы сəйкеслик ғəрезлилик нызамлылық түринде, ал кейин ала егер ол хаққындағы билимлеримиз толық хəм конкрет характерге ийе болып басласа бул нызамлылық нызамға айланыӯы мүмкин екенлигин көрсетеди.
Теориялық билимни тамамланған формасы сыпатында қандай да бир илимий идея дөгерегинде бириккен теориялық көз қарасларды жыйнағын алатыӯшы концепциялар алып қаралады. Белгили бир басқышта үстем сүриӯши теориялық концепция парадигма деп аталады.
Бул берилгенлер теориялық изертлеӯ схемасын белгилеӯге жəрдем береди. Бул схема өз ишине төмендеги тийкарғы элементлерди қамтыйды` -абстракт объектти, оны структураласыӯын дəлиллеӯ, тийкарғы компонентлерин хəм элементин қəлиплестириӯ~
-тийкарды анықлаӯ хəм тийкарғы қатнасларды хəм процесслерди сүӯретлеӯ, сыпатлаӯ~
-жаа терминлерди хəм категорияларды ислеп шығыӯ~
-сəйкес нызам хəм нызамлылықларды формулировкалаӯ~
-изертлеӯ объектини раӯажланыӯыны хəм өмир сүриӯини логикалық пүтин концепциясын дөретиӯ.
Илимий нəтийжени оригиналлылығы қубылысларға, байланысларға хəм процесслерге болған өз бетинше, қайталанбайтуғын көз қараста көринеди.
Солай етип, теориялық изертлеӯ илимдеги ислеп шығылған билиӯ методлары хəм принциплерине тийкарланған халда объектти ис-хəрекетин белгилеӯге, оны структурасын хəм сыпатламасын үйрениӯге мүмкиншилик беретуғын себеплерди, байланысларды, өз-ара ғəрезлиликти анықлаӯға бағдарланған конкрет теориялық мəселелерди шешилиӯин талап етеди. Алынған билимлер нəтийжесинде нызамларды қəлиплестиремиз, оларды эмпирикалық жақтан тексеремиз. Оларды шешимини нəтийжеси ретинде жаа бахалы илимий информация алып қаралады.
Әлбетте, қəлеген теориялық изертлеӯ илимий нəтийжени баянланыӯ логикасына тийкарланады. Илимни логикасы таяр билимни қурылысын изертлеӯ менен шуғылланады хəм бул билимни көриниӯ формасын алатады. Ол тəбийий тил базасында дүзилген илимни тили деп аталады. Бирақ одан изертленип атырған предметти яки қубылысты тийкарын баянлаӯдағы қаталылығы хəм жоқары дəрежедеги анықлылығы менен парықланады. Илимий изертлеӯдеги логикалық усылларды конкрет иске асыӯы, реализациясы логикалық методты тийкарын береди. Теориялық изертлеӯлерди табыслы орынланыӯы илимий хызметкерди тек ғана кругозорынан, тырысқақлығынан, мақсетке бағдарланғанлығынан ғəрезли болып қоймай, ал ол илимий изертлеӯ методлары хəм усыллары (биринши гезекте диалектикалық хəм логикалық методлардан) менен қай дəрежеде қуралланғанлығынан да ғəрезли болады.
Do'stlaringiz bilan baham: |