Илими изертлеў методологиясы пәнинен жуўмақлаўшы қадағалаў сораўларына жуўаплар 86. Илимпаз шахстың диспозициялық структурасы



Download 45,17 Kb.
bet5/5
Sana25.02.2022
Hajmi45,17 Kb.
#306191
1   2   3   4   5
Bog'liq
Илими изертлеў методологиясы пәнинен жуўмақлаўшы қадағалаў сораўларына

91.Илимлердиң классификациясы
Т.с.филосоифялық, математикалық, социаллық, тәбийғый, техникалық.
Жуўап: Анализ бирлигин таңлаӯдан илимниң келип шығыӯ себеплери хəм ӯақты, оның раӯажланыӯының тийкарғы этапларының классификациясы хаққындағы əхмийетли сораӯлардың шешилиӯи ғəрезли. Ҳақыйқатында да илим системаласқан рационаллық билим сыпатында антикалық дəӯирде пайда болады, социаллық институт хəм профессионаллық искерлик сыпатында Жаңа заманда қəлиплеседи, өндириӯши күш ретинде жигирмаланшы əсирдиң 40 жылларында алып қаралады.
Илим хəзирги мəнисинде адамзат тарийхында европалық цивилизацияның ишинде (он алтыншы-онжетинши əсирлер) пайда болған жаңа фактор болып саналады.
Немец философы К.Ясперс «Смысл и назначение истории» деген мийнетинде илимниң қəлиплесиӯиниң еки басқышы хаққында айтады. Биринши басқыш – логикалық хəм методикалық түсинилген илимниң қəлиплесиӯи – грек илими хəм сол ӯақытта №ытай хəм Ҳиндистанда дүньяны илимий билиӯдиң бөртиклериниң пайда болыӯы.
Екинши басқыш – орта əсирлердиң ақырынан өсип шыққан, он жетинши əсирде шешиӯши түрде беккемленген хəм он тоғызыншы əсирден баслап кең раӯажланып атырған хəзирги заман илими.
Он жетинши əсирде илимий революциялар хаққында пикир жүргизиӯге тийкар пайда болады – илимниң мазмунлық структурасының тийкарғы компонентлериниң алмасыӯы, билиӯдиң жаңа принциплериниң, категорияларының хəм методларының алға сүрилиӯи үлкен əхмийетке ийе болады.
Илимниң раӯажланыӯының социаллық стимулы ретинде жаңа тəбият ресурсларын хəм машиналарды талап ететуғын өсип баратырған капиталистлик өндирис алып қаралды. Бул талапларды қанаатландырыӯ ушын жəмийеттиң өндириӯши күши сыпатында алып қаралатуғын илим керек болды. Сол ӯақытта илимниң жаңа мақсетлери де алға сүрилди, олар əййемги дəӯирдеги илимпазлардың алдына қойған мақсетлеринен сезилерли дəрежеде парықланатуғын еди.
Грек илими практикалық мəселелер менен аз байланысқан ой жуӯыртыӯға тийкарланған изертлеӯди аңлатады (теория сөзиниң өзи грек тилинен аӯдарғанда ақылға салыӯ, ой жуӯыртыӯ деген мəниге ийе). Илимий нəтийжелерди практикалық қолланыӯға бағдарланыӯдың өзи биймəнилик ретинде алып қаралады хəм ондай илимниң өзи төмен статусқа ийе болады.
Тек ғана он жетинши əсирде илим халықтың жасаӯ жағдайының өсиӯиниң хəм адамның тəбиятқа үстинлик етиӯиниң усылы сыпатында түсиндирилди. Ойлаӯ стили сол ӯақыттан баслап еки тийкарғы белги менен характерленеди` бириншиден, нəтийжелерди беретуғын хəм тексеретуғын экспериментке арқа сүйейди~ екиншиден, ойлаӯды реаллықтың əпиӯайы, буннан былай бөлинбейтуғын биринши элементлерин излеӯге бағдарланған аналитикалық усылдың үстем сүриӯи алып қаралады (редукционизм).
Бул еки тийкардың биригиӯине байланыслы рационализм хəм сезиӯлердиң үйлестирилиӯи пайда болды.
Илимниң пайда болыӯ себеби ретинде өзинде сезиӯди рационаллық менен бириктиретуғын жаңа европалық мəденияттың өзгеше типи алып қаралады. Илимди эмпирикалық тексериӯге тийкарланған дүньяны билиӯдиң өзгеше рационал усылы деп түсиндириӯге болады.
Солай етип, хəзирги заманда илим дөретиӯшилик искерликтиң эталонлық типи ретинде өмир сүреди. Эталонлылық хəр бир инсанның дөретиӯшилик потенциалының илимий искерлиги арқалы шексиз мүмкиншиликлерин реализациялаӯда, кең түрде бахалық ориентирлердиң хəм илимпазлардың профессионаллық искерлигиниң нормаларының басқа социаллық группаларға кириӯинде көринеди. Илим өзгеше дөретиӯшилик искерликтиң системасы сыпатында резонанс дəрежесине жəмийеттиң тиккелей өндириӯши күшине айланыӯ арқалы ериседи.
Ҳəзирги заман илими ушын тезлик менен раӯажланыӯ типи характерли. Бул өзгешелик оның формаллық хəм мазмунлық тəреплери ушын тəн. Улыӯма философиялық планда буның себебин илимий искерлик системасының элементлери арасындағы, илим хəм социаллық искерликтиң басқа тараӯлары арасындағы қарама қарсылықтың қурамаласыӯ структурасы береди.
Download 45,17 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish