Ислам Каримов



Download 320,5 Kb.
bet6/7
Sana21.11.2022
Hajmi320,5 Kb.
#869811
1   2   3   4   5   6   7
Bog'liq
ЖЕР жузилик экон.дагдарыс И.КАРИМОВ

Үшиншиден, бағдарламаның тийкарғы ўазыйпасы – аўылда санаат ислеп шығарыўы ҳәм қурылысты жедел раўажландырыў, мийўе-палыз ҳәм шарўа өнимлерин қайта ислеў бойынша заманагөй техника ҳәм де технологиялар менен үскенеленген ықшам кәрханаларды қурыў шара-илажларын әмелге асырыўдан ибарат. Бул бойынша ўазыйпалар кең көлемде қойылмақта – яғный аўыл хожалық өнимлерин ислеп шығарыўды кеңейтиў есабынан аўылда ықшам технологиялар менен үскенеленген жаңа, заманагөй қайта ислеў кәрханаларын қәлиплестириў ҳәм олардың кең көлемде хызмет көрсетиўи ушын ҳәр тәреплеме беккем шийки зат базасын жаратыў лазым. Бундай ислеп шығарыў қуўатлары ҳәр бир ўалаят, район ҳәм аўылларда қурылыў дәркар. Бул тек ислеп шығарыўдың жаңа көлемлери ҳәм жалпы ишки өнимди асырыўды ғана емес, ең дәслеп азық-аўқат ислеп шығарыўды көбейтиў имканиятын бериўин анық түсинип алыўымыз керек. Себеби азық-аўқат өнимлерине талап ҳәмме ўақыт жоқары болып, бул талап буннан кейин артып барыўына гүман жоқ.
Ең әҳмийетлиси, қайта ислеў кәрханалырын қурыў арқалы биз ең дәслеп жумыс орынларына талап бәрҳама жоқары болған жасларды жумыс пенен тәмийинлеў машқаласын шешиў имканиятына ийе боламыз.
Төртиншиден, 2008-2012-жылларда суўғарыла-туғын жерлердиң мелиоратив жағдайын жақсылаў мәмлекет дәстүринде көзде тутылған шара-илажлар системасының избе-из әмелге асырылыўына – яғный егислик майданлардың мелиоратив аўҳалын жақсылаў, хызмет көрсетип атырған ирригация-мелиорация объектлериниң тийисли техникалық ҳалатын тәмийинлеў, қәнигелескен суў хожалығы, қурылыс ҳәм экусплуатация шөлкемлериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, оларды заманагөй техника менен үскенелеў мәселелерине айрықша итибар қаратыў лазым.
2009-жылда хызмет көрсетиў ҳәм киши бизнес тараўын халық бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм турмыс дәрежесин асырыўдың ең әҳмийетли факторы сыпатында және де жедел раўажландырыў – баслы ўазыйпа болып калады.
Бизиң социаллық-экономикалық сиясатымызда киши бизнес ҳәм хызмет көрсетиў тараўын раўажландырыўға қандай дәрежеде жоқары әҳмийет қаратылып атырғанын және бир мәрте тәкирарлаўдың ҳәжети жоқ деп ойлайман. Итибарыңызды тек ғана соған қартпақшыман, киши бизнестиң ықшам ҳәм ҳәрекетшеңлиги, базар конъюктурасы өзгерислери ҳәм тутыныўшылар талабына салыстырғанда тез қәлиплесе алыўы, оның жәҳән экономикалық дағдарысы дәўиринде жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халық дәраматын асырыў бойынша ең қолайлы қуралға айландырады.
2009-жылда киши бизнести және де қоллап-қуўатлаў ўазыйпасы ҳәр қашанғыдан гөре зәрүр әҳмийет пайда етпекте. Себеби киши бизнес жаңадан-жаңа жумыс орынларын жаратып, бизиң шараятымызда жумыс пенен бәнт халық дәраматының 70 проценттен артығын қурамақта.
Сол себепли Дағдарысқа қарсы шаралар бағдарламасында киши бизнести раўажландырыўды хошаметлеўге айрықша итибар қаратылған. Бул шара-илажлар салық ҳәм кредит жеңилликлер менен бир қатарда, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыў ушын қолайлы бизнес орталықты жаратыў мақсетинде институтционаллық реформаларды және де тереңлестириўди де өз ишине алады.
Соннан, жаңа дүзилип атырған киши ҳәм жеке кәрханаларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде Жеңилликли кредит фондының ресурс базасын еки есе асырыў көзде тутылған. Соның менен бирге, берилген жеңилликлердиң әмел қылыў мүддети узайтылды, айланыстағы қаржыларды толтырыў ушын берилетуғын кредитлердиң ең узақ мүддети 12 айдан 18 айға асырылды.
2009-жылдың 1-январынан санаат тараўында хызмет көрсетиўши киши кәрханалар ушын бирден-бир салық төлем ставкасы 8 проценттен 7 процентке кемейтилди, финанслық, турмыслық ҳәм басқа да хызмет көрсетиўши микрофирмалар ҳәм киши кәрханалар бирден-бир салық төлеминен 3 жыл мүддетке азат етилди. Бунда микрофирмалар ҳәм киши кәрханалар, мәмлекетлик емес хожалық жүритиўши субъектлерди алатуғын дивиденд-лериниң инвестицияларға, дәслеп алынған кредитлер ушын есап-китап қылыўға бағдарланған бөлеги 5 жыл мүддетке салықтан азат етилди. Сондай-ақ, Дағдарысқа қарсы шаралар бағдарламасында 2009-жылда хожалық жүритиўши субъектлерди тексериўлер санын кеминде және 30 процентке кемейтиў көзде тутылған.
Әсиресе, хызметлер көрсетиў тараўын және де жедел раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған ислерди тереңлестириў үлкен әҳмийетке ийе екенлигин айрықша атап өтиў тийис.
Хызмет көрсетиў тараўын раўажландырыў бойынша аймақлық бағдарламаларды түптен қайта көрип шығыў ҳәм аўыллық жерлерде оларды халық, әсиресе, жаслар бәнтилигиниң, аўылда турмыс дәрежесин асырыўдың әҳмийетли факторы сыпатында жедел раўажландырыўға тийисли қосымша шара-илажлар көриў зәрүр.
Бул жөниндеги ең тийкарғы ўазыйпа жағдайға исбилерменлик көз қарасынан қараў, яғный оған өз исин раўажландырыў ушын қандай тосқынлық етип атырғанлығы ҳәм мәмлекет тәрепинен қандай жәрдем кереклигин анықлаў лазым. Жеке секторға аўыллық жерлерде көрсетилип атырған хызметлер түрлерин кеңейтиў ушын зәрүр шәрт-шараятларды жаратыўға да айрықша дыққат қаратыў керек.
Нәўбеттеги ең баслы ўазыйпа – бул мәмлекетимизди модернизациялаў ҳәм халық бәнтлигин асырыўдың зәрүр факторы сыпатында өндирис ҳәм социаллық инфраструктураны және де раўажландырыўдан ибарат.
Жүдә үлкен әҳмийетке ийе болған бул баслы ўазыйпаға айрықша итибар қаратыў зәрүр. Буның бир қанша себеплери бар.

Download 320,5 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish