Ислам КАРИМОВ
ЖЕР ЖҮЗЛИК ФИНАНСЛЫҚ - ЭКОНОМИКАЛЫҚ ДАҒДАРЫСЫ, ӨЗБЕКСТАН ШАРАЯТЫНДА ОНЫ САПЛАСТЫРЫЎДЫҢ ЖОЛЛАРЫ ҲӘМ ИЛАЖЛАРЫ
Ташкент – «Өзбекстан» - 2009
66.3(5Ў)
К 25
ISBN 978-9943-01-380-3
© «Ўзбекистон» НМИУ, 2009
2008-жылда басланған ҳәм бүгинги күнде көлеми әдеўир кеңейип ҳәм тереңлесип баратырған дүнья жүзлик финанслық – экономикалық дағдарысына баҳа берер екен, көпшилик халық аралық эксперт ҳәм қәнигелер бул дағдарыстың себеплери ҳәм және де күшейиўи менен байланыслы болжаўларында жуўаплардан гөре көбирек сораўларға дус келмекте.
Нәзериңизге усынылып атырған «Дүнья жүзлик финанслық - экономикалық дағдарысы, Өзбекстан шараятында оны сапластырыўдың жоллары ҳәм илажлары» деп аталған мийнеттиң актуаллығы да усы жағдайлар менен тәрипленеди. Китап төмендеги еки бөлимнен ибарат:
бириншиси - дүнья жүзлик финанслық дағдарысының Өзбекстан экономикасына тәсири ҳәм де оның ақыбетлериниң алдын алыў ҳәм жумсартыўға тийкар болған факторлар;
екиншиси – банк системасын қоллап-қуўатлаў, ислеп шығарыўды модернизациялаў, техникалық жақтан жаңалаў ҳәм диверсификациялаў, инновациялық технологияларды кеңнен енгизиў - Өзбекстан ушын дағдарысты сапластырыў ҳәм дүнья базарында жаңа жоқары нәтийжелерге ерисиўдиң исенимли жолы болып есапланады.
I. Жер жүзлик финанслық дағдарысының Өзбекстан экономикасына тәсири ҳәм де оның ақыбетлериниң алдын алыў ҳәм жумсартыўға тийкар болған факторлар
Бүгинги күнниң ең актуал машқаласы – бул 2008 жылда басланған жер жүзлик финанслық дағдарысы, оның тәсири ҳәм унамсыз ақыбетлери, жүзеге келип атырған жағдайдан шығыў жолларын излеўден ибарат.
Ең дәслеп, жер жүзлик финанслық дағдарыс ҳаққында.
Бул дағдарыс Америка Қурама Штатларында ипотекалы кредитлеў системасында жүз берген қытшылық ҳалатынан басланды. Соң бул процесстиң шегарасы кеңейип, ири банклер ҳәм финанслық дүзилмелердиң ликвидлик, яғный төлеў қәбилети пәсейип, финанслық дағдарысқа айланып кетти. Дүньяның жетекши фонд базарларында ең ири компаниялар индекслери ҳәм акцияларының базар қуны қәўипли дәрежеде түсип кетиўине алып келди. Булардың барлығы өз нәўбетинде, көплеген еллерде ислеп шығарыў ҳәм экономикалық өсиў пәтлериниң кескин пәсейип кетиўи менен байланыслы болған жумыссызлық ҳәм басқа унамсыз ақыбетлерди келтирип шығарды.
Ҳәзирги ўақытта бир қатар жетекши анализ ҳәм эксперт орайлары глобал финанслық дағдарыс жағдайын ҳәм оның жүз бериўи мүмкин болған ақыбетлерине тийисли материалларды үйрениў ҳәм улыўмаластырыў нәтийжесинде төмендеги жуўмақларға келмекте.
Do'stlaringiz bilan baham: |