Ислам Каримов



Download 320,5 Kb.
bet4/7
Sana21.11.2022
Hajmi320,5 Kb.
#869811
1   2   3   4   5   6   7
Bog'liq
ЖЕР жузилик экон.дагдарыс И.КАРИМОВ

Төртиншиден - электроэнергетика системасын модернизациялаў, энергияны тутыныўды кемейтиў ҳәм энергияны үнемлеўдиң нәтийжели системасын енгизиў илажларын әмелге асырыў. Экономикамыздың бәсекилигин және де күшейтиў, халық абаданшылығын жоқарылатыў ҳәр тәреплеме биздеги бар ресурслардан, биринши нәўбетте, электр ҳәм энергия ресурсларынан қаншелли үнемли пайдалана алыўымызға байланыслы.
Бесиншиден – дүнья базарында талап пәсейип баратырған бир пайытта, ишки базарда талапты хошаметлеў арқалы жергиликли өндириўшилерди қоллап-қуўатлаў экономикалық өсиўдиң жоқары пәтлерин сақлап қалыўда жүдә зәрүр әҳмийетке ийе.
Бул ўазыйпаны орынлаўда ислеп шығарыўды жергиликлестириў бағдарын кеңейтиў үлкен орын тутады. Бул бағдарлама шеңбериндеги жойбарлар көлемин 3-4 есе көбейтиў көзде тутылмақта.
Азық-аўқат ҳәм басқа тутыныў товарлары өндирисин кеңейтиўди хошаметлеў бойынша қабыл етилген бағдарламаларда мәмлекетимиз өндирис кәрханалары ушын кең көлемли хошаметлеў системасы нәзерде тутылмақта. Соннан, олар ушын 2012-жылдың 1-январына шекем төмендеги салық ҳәм бажыхана жеңилликлери берилмекте:
- гөш ҳәм сүтти қайта ислеўге қәнигелестирилген микрофирма ҳәм киши кәрханалар ушын бос турған қаржыларды өндириўди техникалық қайта үскенелеў ҳәм модернизациялаўға мақсетли рәўиште бағдарлаў шәрти менен бирден-бир салық төлеми ставкасын 50 процентке қысқартыў;
- таяр азық-аўқатлық емес товарлардың белгили түрлерин өндириўге қәнигелестирилген кәрханаларды пайда ҳәм мүлк салықларынан, микрофирма ҳәм киши кәрханаларды бирден-бир салық төлеминен азат етиў.
Ҳеш гүмансыз, Дағдарысқа қарсы шаралар бағдарламасын әмелге асырыўда экономикамыздағы ҳәр қандай субъекттиң илажы барынша көбирек мәпдар болыўын, бул бағдарламаның орынланыўы олар ҳәр бири ушын ең зәрүр иске айланыўын тәмийинлеў мақсетинде қосымша хошаметлеў шараларын излеп табыў үлкен әҳмийет пайда етпекте.
Дағдарысқа қарсы шаралар бағдарламаның мазмун-мәниси ҳәм тийкарғы ўазыйпаларына баҳа бериў пайытында, жүдә зәрүр, принципиал әҳмийетке ийе бир мәселеге дыққатты қаратыў орынлы.
Бул орында гәп жәҳән экономикалық дағдарысының ақыбетлерин сапластырыў, банк-финанс системасын беккемлеў, реал экономика кәрханаларына жәрдем көрсетиў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықты социаллық қорғаў сыяқлы шара-илажларды әмелге асырыўға итибар қаратыў менен бирге, биз ертеңги күнимизди, келешегимизди ҳеш қашан умытпаўымыз зәрүрлиги ҳаққында бармақта.
Басқаша айтқанда, биз ҳәзирден-ақ раўажланыўымыздың дағдарыстан кейинги дәўири ҳаққында терең ойлаўымыз, бул жөнинде узақ мүддетке мөлшерленген бағдарлама ислеп шығыў ҳаққында бас қатырыўымыз керек. Бул бағдарлама экономикамыздың тийкарғы тармақларын модернизациялаў ҳәм техникалық жаңалаў, мәмлекетимиздиң жаңа шоққыларды ийелеўи ушын күшли түртки беретуғын ҳәм дүнья базарында бәсекилилигин тәмийинлейтуғын заманагөй инновациялық технологияларды енгизиў бойынша мақсетли жойбарларды өзинде сәўлелендириўи дәркар.
Мине усы жүдә зәрүр мәселени, айтыў мүмкин, шешиўши стартегиялық ўазыйпаны итибардан шетте қалдырмаўымыз зәрүр.
Тәбийий сораў туўылады – буның ушын бизде зәрүр имканиятларымыз бар ма, бундай жойбарларды әмелге асырыў ушын мәмлекетимизде қандай потенциал жаратылған?
Атап өтиў тийис, әне сондай кең көлемли бағдарламаны әмелге асырыў ушын биз соңғы жылларда қатаң таярлық көрип келмектемиз. Жәҳән экономикалық дағдарысы болса, мениң нәзеримде, бул прцессти және де жеделлестириўге түртки бермекте, оны ҳәр тәреплеме тезлестириўди талап етпекте.
Бүгинги күнде экономикамызды модерни-зациялаў, техникалық ҳәм технологиялық жаңалаў, оның бәсекелигин кескин асырыў, экпорт потенциалын жоқарылатыўға қаратылған зәрүр баслы жойбарларды әмелге асырыў бойынша Бағдарлама ислеп шығылмақта.Бул жөнинде, дәслепки есап - санақларға қарағанда, улыўма баҳасы 24 миллиард АҚШ долларынан зыят болған 300 ге жақын инвестиция жойбарлары үстинде ислемектемиз. Соннан, бунда жаңа қурылыс жойбарлары – 18,5 миллиард долларды, модернизация ҳәм реконструкциялаў, техникалық ҳәм технологиялық қайта үскенелеў бойынша жойбарлар болса шама менен 6 миллиард долларды қурады. Бағдарлаға киритилиўи көзде тутылып атырған бул жойбарлар ең дәслеп жанылғы-энергетика, химия, нефть-газди қайта ислеў, металлургия тармақлары, жеңил ҳәм тоқмашылық санааты, қурылыс материаллары санааты, машина қурылысы ҳәм басқа тараўларға тийисли.
Жойбарластырыў ҳәм қурылыс ислери басланып атырған объектлерди төмендеги қаржылар есабынан финансластырыў көзде тутылмақта: компания ҳәм кәрханалардың өз қаржыларын – улыўма есапта 8,2 миллиард доллар, Өзбекстан Республикасы Тиклениў ҳәм раўажланыў фонды кредитлери – 2,5 миллиард доллар, сырт ел инвестиция ҳәм кредитлер – 13,5 миллиард доллар.
Усы нәрсе итибарға ылайық, бул жойбарлардың бир бөлеги бойынша 2007-2008-жылларда қурылыс ислери баслап жиберилген, базыларының қурылысын болса, 2009-жылда баслаў көзде тутылмақта.
Есап-санақлар соны көрсетпекте, усы жойбарлардың әмелге асырылыўы инновациялық ҳәм энергияны үнемлейтуғын технологияларды енгизиў ҳәм жәҳән базарында талап бар болған жаңа түрдеги товарлар өндирисин өзлестириў есабынан жылына 10,4 миллиард долларлық қосымша өним ислеп шығарыў, жыллық экспортты 6,5 миллиард долларға көбейтиў, жалпы ишки өним көлемин сезилерли дәрежеде асырыў мүмкиншилигин береди.
Бүгинги күндеги тийкарғы ўазыйпамыз - ҳәр бир жойбарды қысқа мүддетлерде барлық мәпдар дүзилмелер, биринши нәўбетте, сырт ел инвесторлары менен биргеликте ҳәр тәреплеме толық көрип шығыў, олар бойынша келисимлерди ақырына жеткизиў ҳәм 2009-2014-жылларға белгиленген бул стратегиялық әҳмийетли бағдарламаның қабыл етилиўин тезлестириўди аңлатады.
Жоқарыда айтып өтилген ўазыйпаларды инабатқа алған ҳалда, 2009-жылғы экономикалық бағдарламамыздың екинши ең зәрүр баслы бағдары – басланған қурамлы өзгерислерди ҳәм экономиканы диверсификациялаў процесслерин даўам еттириў.
Бизге мәлим, 2000-жылда биз бул жөниндеги реформа ҳәм жаңаланыўлар бағдарын анық белгилеп алған едик. Мүмкиншиликтен пайдаланып, және бир рет тәкирарламақшыман – бул бағдар бүгинги күнде де өзиниң актуаллылығын ҳәм әҳмийетин жоғалтпаған, кейинги жылларда да жоғалтпайды. Неге дегенде, биз экономикамыз ҳәм мәмлекетимиздиң жәҳән майданындағы бәсекилигин тап сондай жүдә зәрүр, тийкар ўазыйпаны орынлаў арқалы ғана тәмийинлей аламыз. Бәршемиз ушын бул ҳақыйқат аян болыўы шәрт.
Буның үстине, қаншелли ғайры тәбийий түйилсе де, жәҳән экономикалық дағдарысы өндиристи мудамы жаңалап, модернизациялап барыў зәрүрлигин күн тәртибине және де өткир қылып қоймақта ҳәм буның ушын бар күш имканиятымыз ҳәм ресурсларымызды мобилизациялаўды талап етпекте.
Тек бир ғана мысал. Бүгин Ташкент, Наўайы ҳәм Таллымаржандағы үш ыссылық электр станциясында бар болған үнемлилиги пәс газ қурылмалары орнына заманагөй пуў-газ қурылмаларын жаратыў жойбарлары үстинде ис алып барылмақта. Әлбетте, бул жойбарларды әмелге асырыў ушын үлкен инвестиция керек болады.
Лекин ыссылық энергиясын ислеп шығарыўда энергия дереклеринен пайдаланыў көлемин жәҳән стандартлары дәрежесинде қысқартыўға ерисетуғын болсақ, буннан келетуғын нәтийже сарпланған қәрежетлерди ҳәр тәреплеме толық қаплайды. Соның ушын да бул жойбарлар орынланыўын жеделлестириў үстинде қатты ислеў зәрүр.
Өним бәсекилигин тәмийинлеў ушын өндиристи техникалық ҳәм технологиялық жаңалаў бойынша үлкен ҳәм киши жойбарларды излеў, буның ушын зәрүр қаржы ҳәм дереклерди табыў - ҳәр бир кәрхана басшысы ҳәм инженер-техникалық хызметкерлериниң биринши нәўбеттеги ең әҳмийетли ўазыйпасы болыўы керек.
Жергиликли шөлкемлер ҳәм тараў дүзилмелери басшыларының орынларда халық бәнтлилигин тәмийинлеў себеби менен, не болса да, ҳеш кимге керек болмаған, амбарханада жыйналып туратуғын сапасыз өнимлерди ислеп шығарыў ҳәм технология тийкарында зыян көрип ислеўши кәрханаларды сақлап қалыў ушын урыныўларға ҳеш қандай жол қойып болмайды. Таллаўлар соны көрсетпекте, бундай кәрханалардың саны бүгинги күнде 200 ден асады.
Таң қаларлық тәрепи сонда, бундай кәрханалардың көпшилик бөлеги жеңил ҳәм азық-аўқат санааты тараўында сақланып қалмақта. Ҳақыйқатында, бул тараўларда тез өзгериўшең базар талабы техника ҳәм технологияны узағы менен 5-7 жылда, раўажланған мәмлекетлерде болса буннан да қысқа мүддетлерде өзгертиўди талап етеди.
Бундай жағдайда усы кәрханалрды банкрот деп жәриялаў жолы менен түптен өзгертиў дәркар.
Айрықша дыққат аўдарыў лазым болған нәўбеттеги ең зәрүр ҳәм әҳмийетли ўазыйпа – аўылда турмыс дәрежесин жоқарылатыўға, аўылларымыз көринисин өзгертиўге қаратылған узақ мүддетли ҳәм бир-бири менен тығыз байланыслы кең көлемли шара-илажларды әмелге асырыў, социаллық тараў ҳәм өндирис инфраструктурасын раўажландырыўды жеделлестириў, мүлкдардың, исбилерменлик ҳәм киши бизнестиң атқаратуғын хызмети, орны ҳәм әҳмийетин түптен қайта көрип шығыў, фермер хожалықлары раўажланыўын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўдан ибарат.
2009-жылы тастыйықланған «Аўылды раўажландырыў ҳәм абаданластырыў» жылы Мәмлекетлик бағдарламада бул ҳүжжеттиң мазмун-мәниси, ең зәрүр бағдарлары, конкрет параметрлери ҳәм финанс дереклери анық белгилеп қойылғанын есапқа алатуғын болсақ, бүгин бул мәселелерге толық тоқтап өтиўдиң зәрүрлиги болмаса керек.
Лекин, бул баслы бағдар ҳәм оны әмелге асырыў бағдарламаны тек ғана 2009-жылы емес, бәлким орта мүддетли келешек ушын белгилеп алынғанын айрықша атап өтиў орынлы.
Аўылларымыз көринисин, аўылда турмыс сапасын, өндирис қатнасықларының мазмун-мәнисин өзгертиўге , агросанаат комплексинде алып барылып атырған реформаларды тереңлестириўде, ақыр-ақыбетте аўыл халқының социаллық-сиясий ҳәм мәдений искерлигин, санасын ҳәм пухаралық жуўапкершилигин асырыўға қаратылған, биз ушын жүдә баслы әҳмийетке ийе болған бул мәмлекетлик бағдарламаны орынлаўға кирисер екенбиз, 2009-жылдағы бас ўазыйпамыз оны әмелге асырыў бойынша келешектеги бәрше ислерди беккем дүзиў тийкарына қойыўдан ибарат.
Бағдарламаның принципиал әҳмийетке ийе болған төмендеги бағдарларына және бир мәрте итибар қаратыў мақсетке муўапық.

Download 320,5 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish