7-Тема: O`zbekstan Resublikasinda auditorliq xızmeti hám onı tártipke salıw
Реже:
8.1. Өзбекистанда аудиторлық искерлигин норматив тәртипке салыў системасы, оның
элементлери.
8.2. Өзбекистан Республикасының «Аудиторлық искерлиги ҳаққында»ғы нызамы ҳәм оның
әҳмийети.
8.3. «Аудиторлық шөлкемлери ҳаққында» Нызам. Өзбекистан Республикасы Министрлер
Кабинетиниң «Аудиторлық искерлигин жетилистириў ҳәм аудиторлық тексериўлериниң
әҳмийетин асырыў ҳаққында»ғы қарарлары ҳәм олардың мазмуны.
8.4. Аудиторлық искерлигиниң миллий стандартлары. Аудиторлық шөлкемлериниң ишки
стандартлары.
8.1. Өзбекистан Республикасының «Аудиторлық искерлиги ҳаққында»ғы Нызамы ҳәм оның
әҳмийети
Аудиторлық искерлиги ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери ҳәм басқа нызам ҳүжжетлеринен
ибарат.
Банклерди аудиторлық тексериўинен өткериўдиң өзине тән тәреплери Өзбекистан
Республикасының Орайлық банки тәрепинен белгиленеди.
Егер
Өзбекистан
Республикасының
Ҳалықаралық
шәртнамасында
Өзбекистан
Республикасының аудиторлық искерлиги ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине нәзерде тутылғанынан
басқаша қағыйдалар белгиленген болса, халықаралық шәртнама қағыйдалары қолланылады.
Сыртқы аудитти әмелге асырыўдың ҳуқықый норматив тийкарын қураўшы ҳүжжет болып,
онда аудиторлық шөлкемниң ҳуқықлары, мәжбүрияты, жуўапкерлиги, оның шөлкемлестирилиў
негизлери, аудиторлық искерликти әмелге асырыў ушын лицензия ҳәм оның талапларын, аудитор
ҳәм оның жәрдемшилери, аудиторлық тексериўлер, мәжбүрий аудит ҳәм профессионал
хызметлерди тәртипке салады.
8.3. «Аудиторлық шөлкемлери ҳаққында» Нызам. Өзбекистан Республикасы Министрлер
Кабинетиниң «Аудиторлық искерлигин жетилистириў ҳәм аудиторлық тексериўлериниң
әҳмийетин асырыў ҳаққында»ғы қарарлары ҳәм олардың мазмуны
Хожалық жүритиўши субъекттиң мәжбүрий аудиторлық тексериўи өткерилиўинен бас
тартыўы жәрийма салыў ушын тийкар болып есапланады.
Төмендегилер:
есабат жылынан кейинги жылдың 1 майына шекем жыллық финанслық есабат аудиторлық
тексериўинен өткерилмеслиги;
аудиторлық жуўмағының жоқ екенлиги хожалық жүритиўши субъекттиң мәжбүрий
аудиторлық тексериўи өткерилиўинен бас тартыўы деп саналады.
Мәжбүрий аудиторлық тексериўи өткерилетугын хожалық жүритиўши субъект алдынғы
жыл ушын өз жыллық финанслық есабатын есабат жылының 1 майына шекем аудиторлық
тексериўинен өткереди ҳәм аудиторлық тексериўи тамамланғаннан кейин 15 кун аралығында
тийисли салық органына аудиторлық жуўмағының белгиленген тәртипте тастыйықланған
нусқасын береди.
Аудиторлық жуўмағының нусқасы салық органына белгиленген мүддетте берилмеген
жағдайда хожалық жүритиўши субъект салық органына аудиторлық жуўмағының жоқ
екенлигиниң себебин сәўлелендириўши түсиндириўди жазба түрде бериўи керек.
Мәжбүрий аудиторлық тексериўи өткерилиўинен бас тартыў себепли аудиторлық жуўмағы
жоқ болса, салық органы хожалық жүритиўши субъектке белгиленген тәртипте жәрийма салады.
Нызам ҳүжжетлерине муўапық мәжбүрий аудиторлық тексериўи өткерилиўинен бас
тартыў хожалық субъектиниң лаўазымлы шахсына қарата административ жаза қолланыўына алып
келеди. Хожалық субъектиниң лаўазымлы шахсына қарата административ жаза қолланғаннан
кейин календарь жыл ақырына шекем мәжбүрий аудиторлық тексериўи өткерилиўинен бас тартыў
хожалық субъектинен Нызамның
1
7-бәнтинде нәзерде тутылған муғдарда жәрийма өндирилиўине
алып келеди. Бунда мәжбүрий аудиторлық тексериўи өткерилиўинен бас тартқан жағдайда
хожалық субъектине жәрийма суд тәртибинде салынады, хожалық субъекти жүз берген
ҳуқықбузарлықта айыбын тән алған ҳәмде жәрийманы ықтыярлы түрде төлеген жағдайда болса –
жәрийма салық органы тәрепинен салынады.
Хожалық жүритиўши субъект басшысы көрсетип өтилген ис-ҳәрекетлер ушын нызам
ҳүжжетлеринде белгиленген жуўапкерликке тартылады.
Жәрийма нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте өндириледи. Бунда хожалық
субъектиниң ақырғы есабат сәнесиндеги ағымдағы активлериниң жигирма пайызынан артық
болған жалпы жәрийма хожалық субъектине жәрийма салыў ҳаққында қарар қабыл етилген
күннен баслап өндирилетуғын сумманы алты ай аралығында ҳәр айда бөлип-бөлип төлеў хуқықы
берилген ҳалда өндирип алынады.
Жәрийма ставкалары классификацияланған ҳәм мәжбүрий тексерилетуғын хожалық
жүритиўши субъекттиң есабат жылы ақырында өним (жумыс, хызмет)лерди сатыўдан алынған
жалпы түсими муғдарына қарап белгиленетуғын муғдарларда өндирип алынады (2.2-кесте).
2.2-кесте
Do'stlaringiz bilan baham: |