Бириншиден - кәрханаларды модернизациялаў, техникалық ҳәм технологиялық жақтан қайта үскенелеўди және де жеделлестириў, заманагөй, бейимлескиш технологияларды кеңнен енгизиў. Бул ўазыйпа ең дәслеп экономиканың тийкарғы тараўлары, экспортқа бағдарланған ҳәм жергиликлестирилетуғын өндирис қуўатларына тийисли.
Бул орында өндиристи модернизациялаў, техникалық ҳәм технологиялық жақтан қайта үскенелеў, халық аралық сапа стандартларына өтиў бойынша қабыл етилген тараў бағдарламаларын әмелге асырыўды тезлестириў ўазыйпасы қойылмақта. Өз нәўбетинде, бул мәмлекетимиздиң ҳәм сыртқы, ҳәм ишки базарда турақлы дәрежеге ийе болыўын тәмийинлеў имканиятын береди.
Екиншиден - ағымдағы конъюктура кескин төменлеп баратырған ҳәзирги жағдайда экспортқа өним ислеп шығаратуғын кәрханалардың сыртқы базарларда бәсекилес болыўын қоллап-қуўатлаў бойынша конкрет шара-илажларды әмелге асырыў ҳәм экспортты хошаметлеў ушын қосымша факторлар жаратыў, тийкарынан:
- айланыс қаржыларын толтырыў ушын кәрханаларға Орайлық банк қайта финансластырыў ставкасының 70 проценттен артық болмаған ставкаларда 12 айға шекем болған мүддетке жеңилликли кредитлер бериў;
- таяр өним ислеп шығарыўға қәнигелестирилген, сырт ел инвестиция қатнасыўында дүзилген кәрханаларды бюджетке барлық түрдеги салық ҳәм төлемлерден-қосымша қун салығы буған кирмейди-азат етиў мүддетин 2012-жылға шекем узайтыў;
- банклер кредитлери бойынша төлеў мүддети өткен ҳәм ҳәзирги қарызлар муғдарын қайта көрип шығыў, бюджетке төленетуғын төлемлердиң пениясынан кешиў ҳәм басқа зәрүр жеңиллик ҳәм преференциялар бериў.
Үшиншиден - қатаң үнемлеў системасын енгизиў, ислеп шығарыў қәрежетлери ҳәм өнимниң өзине түсер баҳасын кемейтиўди хошаметлеў есабынан кәрханалардың бәсекилигин асырыў. Усы мақсетте 2008-жылы хожалық жүритиўши субъектлердиң экономикамыздағы жетекши тараў ҳәм салаларда өнимниң өзине түсер баҳасын кеминде 20 процентке түсириўге қаратылған шара- илажларды әмелге асырыў бойынша усыныслары мақулланғанлығын атап өтиў лазым.
Сондай-ақ өзине түсер баҳасын кемейтиў бойынша белгиленген параметрлерге ерисиў ушын басшы ҳәм жуўапкер хызметкерлерди хошаметлеўдиң тәсирли механизмин ислеп шығыў нәзерде тутылмақта.
Соның менен бирге, Дағдарысқа қарсы шаралар дәстүринде 2009-жылда барлық түрдеги энергия дереклери ҳәм коммунал хызметлердиң тийкарғы түрлери бойынша баҳалардың көтерилиўин шеклеў, яғный оларды 6-8 проценттен асырмаў механизми ислеп шығылған. Ҳәзирги пайытта бул тараўлардың ислеп шығарыў рентабеллигин сөзсиз тәмийинлеў керек.
Do'stlaringiz bilan baham: |