Бириншиден, бул бағдарлама орынланыўы менен байланыслы нызамшылық ҳәм нормативлик ҳуқықый базаны және де жетилистириў ҳәм беккемлеў, жаңа нызамлар қабыл етиў, тийисли нызам ҳүжжетлерине, Жер кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киритиў зәрүр. Аўылда социаллық ҳәм өндирис инфраструктурасын раўажландырыў, суў ресурсларынан мақсетке муўапық пайдаланыўды тәртипке салыў ҳәм суўғарылатуғын жерлердиң мелиоратив жағдайын жақсылаў мәселелерине айрықша итибар қаратыў лазым.
Екиншиден, бағдарламада белгиленген ўазыйпалар арасында аўылларымызда турмыс сапасын түптен жоқарылатыў бойынша комплекс шара-илажларды әмелге асырыў принципиал зәрүр ҳәм шешиўши әҳмийет пайда етеди. Буның ушын аўыл халқы пунктлерин архитектуралық жақтан жойбарластырыў ҳәм қурыў ислерин дүзиў ситемасын түптен қайта көрип шығыў лазым. Аймақлардың архитектуралық – жойбарлық қурылысы бойынша бас планларының ислеп шығылыўын тәмийинлеў, континентлердиң климаты, демографиялық жағдайы ҳәм басқа шәрт –шараятларын есапқа алған ҳалда, аўыл үйлери ҳәм социаллық объектлердиң унификацияланған үлгили жойбарларын таярлаў дәркар.
Бул ўазыйпаларды орынлаў ушын арнаўлы «Аўыл-қурылыс-жойбар» жойбар-изертлеў институтлары дүзилди. Бул мәкемениң толық ис баслаўын тезлестириў, оны жоқары тәжирийбели қәнийгелер менен беккемлеў ҳәм олардың алдына анық ҳәм раўшан ўазыйпалар қойыў керек екен, 2009-жылдың өзинде биз жаңа архитектура бас планлары ҳәм үлгили жойбарлары бойынша ислеў имканиятына ийе болыўымыз лазым.
Тәбийий, жаңа қурылысларды заманагөй қурылыс материаллары ҳәм конструкцияларысыз көз алдымызға келтире алмаймыз. Аўыллық жерлерде қурылатуғын объектлерди қурыўда жыйналмалы, композициялық ҳәм киши блоклы конструкцияларды қоллаған ҳалда, индустриал ҳәм жыйналмалы технологияларды кеңнен енгизиў дәркар.
Биз аўылда абад халықтың мәкан-жайлары ҳәм заманагөй үйлерине ғана емес, бәлким тегис жоллар, үзликсиз энергия тәмийнаты, халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў системасына, раўажланған социаллық объектлер тармағына – бул аўыллық шыпакерлик пунктлери, мектеплер бола ма, балалар спорт комплекслери, телекоммуникация ҳәм почта байланысы бола ма, хызмет көрсетиў, саўда шақапшалары бола ма – мине усындай ҳәм басқа дүзилмелерге ийе болыўымыз керек.
Аўыллық жерлерде бар болған инфраструктураны және бир мәрте сын көз-қарас пенен баҳалап, оны кеңейтиў бойынша қосымша қаржы ҳәм имканиятлар табыў зәрүр. Бул аўылларда халықты, әсиресе, жаслардың бәнтлигин асырыўдың әҳмийетли факторларынан бири екенлигин умытпаўымыз керек.
Белгиленген шара-илажларды әмелге асырыў ушын аўыл қурылысы бойынша аймақлық бөлимлерге ийе қәнигелескен банк шөлкемлестириў мәселесин көрип шығыў мақсетке муўапық.
Do'stlaringiz bilan baham: |