«бердақ классикалық Әдебиятымыздың бийик шыңЫ»



Download 1,37 Mb.
Pdf ko'rish
bet54/63
Sana24.02.2022
Hajmi1,37 Mb.
#215161
1   ...   50   51   52   53   54   55   56   57   ...   63
Bog'liq
Топлам Бердак 190

 
ПАЙДАЛАНЫЛҒАН ӘДЕБИЯТЛАР 
1. Абдирахманов Ө. Бердақ дүньясы «Өзбекистан адабиёти ва 
санъати», 2007-жыл 48-саны. 
2. Бердақ «Сайланды шығармалары» Нөкис, 1997. 
3. Богатов В. и М. Ш. Ф. «Антология мировой философии» В 4-х т. Т. 
М., «Мысль» 1972. 
4. Худайбергенов К. Мировоззрение Бердах Нукус, 1987. 
5. Юсупов И. Қарақалпақ халқының миллий мақтанышы Бердақ,
Нөкис, «Қарақалпақстан», 1997. 
БАЛАЛАР БАСЫЛЫМЛАРЫНДА БЕРДАҚ ШЫҒАРМАЛАРЫНЫҢ 
ӘҲМИЙЕТИ 
М.Қудайбергенов ҚМУ оқытыўшысы 
 
Бердақ Ғарғабай улы (1827-1900-ж) келешек әўладлар ушын бийбаҳа 
мийрас қалдырып кетти. Ол қарақалпақ халқының ХVIII-XIX әсирлердеги 
жәмийетлик турмысын күтә кең көлемде сәўлелендирип бериўи арқалы 
балалар әдебиятында да орны гиреўли. Оның шығармаларының мазмуны 
жүдә кең болып, сол замандағы халықтың әрманларын жырлайды. Шайыр 
өз дәўириндеги турмысты шын мәнисинде сүўретлеў арқалы өсип 
киятырған әўладларға бийбаҳа нәсиятлар береди. 
Республикамыздағы 
«Қарлығаш» 
журналы, 
«Жеткиншек», 
«Қўңғироқ» уқсаған балалар ҳәм жас өспиримлер газеталарында 
шайырдың қосықлары жийи-жийи берилип барылады. Дерлик көпшилик 
газета-журналларда оның қалдырған нәсиятлары уран орнында 
пайдаланып келмекте. Балалардың сүйикли газеталарының бири болған 
«Жеткиншек» те “Жигерли бол жастан балам” ураны астында 1932-
жылдан берли жарық көрип келмекте. Сондай ақ, «Устаз жолы» 


151 
газтасында “Жәҳән маған ҳәўес етип қарасын”, «Қарақалпақ 
университети» газетасы “Ақылы кәмил, илими зор, билимли ел болмайды 
қор” ураны менен берилмекте. 
Бердақ бабамыз өз дөретпелеринде жас өспиримлерди ҳадал мийнетке 
шақырыў менен наданларды сынлық көз-қараста әшкаралайды, ашкөзлер 
үстинен масқыллап күледи. Сол ўақыттағы тар заманнан басқа бахытлы, 
шадлы жаңа турмысты әрман етеди. Солай етип, халыққа, балаларға ақыл-
нәсият қосықлары арқалы дурыс бағдар береди. 
Бердақ шығармаларының тематикасы оғада кең. Оның лирикалық 
қосықлары менен лиро-эпикалық шығармалары, дидактикалық («Балам», 
«Надан болма», «Билгейсиз») қосықлары менен басқалары Бердақтың 
өзине тән сәтли халықлық пикирлери арқалы жырланады [5]. 
Шайырдың «Билгейсиз» қосығында дос-душпанды айыра билиў, 
ҳадаллық, кисиниң малына көз алартпаў уқсаған нәсиятлар береди. 
Мысалы:
Биреў бай, биреў жарлы, 
Биреўлер, намыслы-арлы, 
Биреўлер гийнели-зарлы, 
Тезбе-тез, сынап билгейсиз. 
Бер дегенде, достыңа бер, 
Душпаныңды етип қара жер, 
Ҳаслан, қайқайып, болма шер, 
Нәсиятымды билгейсиз.
– деп ҳақ жолды, сабырлылықты үйретеди. 
Бердақ тек ғана балалардың сүйикли шайыры ғана емес, ол 
бәршемизге өз дәўириниң тарийхын да жазып қалдырған. Ол өзиниң 
«Шежире», «Амангелди», «Айдос бий», «Ерназар бий», «Ақмақ патша» 
сыяқлы дәстанлық шығармалары арқалы қарақалпақ халқының өтмиш 
тарийхынан дерек береди. Бул шығармаларды оқыў арқалы жас 
өспиримлер ата-бабаларымыздың басып өткен жолларын, олардың турмыс 
қыйыншылықларын билип алады. Мәселен, «Ақмақ патша» дәстанындағы 
Гүлимниң ҳәм Зәриўдиң басынан кеширген аянышлы өмири сол дәўир 
қарапайым балаларына тән жағдай екенлиги мәлим. Шайыр бул 
шығармасында абадан турмысты әрман етип қоймастан, ал халықтың 
басына түскен қыйыншылықтан залымларға қарсы гүрес арқалы қарсы 
шығыўға, 
дослықтың, 
бирликтиң 
арқасында 
душпаннан 
үстем
болатуғынлығын жырлайды. Бул арқалы балаларды бир-бири менен дос 
болыўға шақырады. Бундай шығармалар қатарына шайырдың «Надан 
болма», «Әдил қалмақ», «Халық ушын», «Излер едим» ҳәм тағы басқа да 
қосықларын келтириўге болады. 
Бердақты қарақалпақ балалар әдебиятының тийкарын салыўшысы 
деп еркин айтыўымыз орынлы. Буны шайырдың балаларға арнап жазған 


152 
«Балам» қосығы тастыйықлайды. Бул қосықты барлық жас өспиримлер 
ядтан биледи десек қәтелеспеймиз. «Балам» қосығы арқалы шайыр жас 
әўладқа терең мазмундағы нәсиятларды айтады. Халық ушын аянбай 
хызмет ислеў керек екенлигин, жәмийетте ҳәр бир инсанның өз орны 
болыўын нәсиятлайды. Сондай-ақ, ата-анаға үлкен ҳүрмет көрсетиў ҳәр 
бир баланың парызы екенин түсиндиреди. Мысалы: 
Ата-анаңды қәдирле, 
Өлгениңше жақсы сөйле, 
Мал тапсаң торқаға бөле, 
Өсиўиңе жақсы, балам. 
Жетим көрсең, қолыңды бер, 
Аға болса, кейнине ер, 
Өзиң бултыйып, болма шер, 
Әлпайым болғыл, балам,
– деп шайыр балаларды дослыққа, кишипейилликке, үлкенге ҳүрмет, 
кишиги иззет көрсетиў кереклиги ҳаққында айтады. Тәлим-тәрбия арқалы 
жәмийетке, Ўатанға пидайы жаслар жетисип шығатуғынлығын билдиреди. 
Алдыңда жатыр бийик жар
Соны ассаң, көп дүнья мал, 
Атаңның сөзин есиңе ал, 
Нәсиятты болдым, балам.
– деген қатарлары менен шайыр жуўмақлар екен, онда жас өспиримлер 
алдына үлкен ўазыйпаларды қояды. Шайырдың «Балам» қосығы тек ғана 
қарақалпақ халқының балаларына емес, ал пүткил халықтың 
перзентлерине нәсият етип кеткен бийбаҳа, өлмес шығармасы болып 
есапланады [1]. 
Жас өспиримлер де Бердақ бабамыздың шығармаларын оқыў арқалы 
үлкен йош алып, руўхланып өз қосықларын дөретпекте. «Жеткиншек» 
газетасының 2016-жыл 28-июль 30-санында Нөкис қаласындағы 24-санлы 
улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы Бийбижамал Рейимбаеваның 
“Бердақты оқып…” атлы дөретпеси жәрияланған. Жас қәлем ийеси: 
«Балам» деген қосығынан, 
Уқтым сонша даналықты, 
Ҳәм қәдирин уқтым оннан, 
Алтын дәўир-балалықтың!
– деп бүгинги пәраўан турмысқа, илим-билим алыўға кең имканиятлар 
жаратылып атырғанынан шадланады [2]. 
Бердақтың «Өмирим» атлы қосығында да өзиниң қуўанышлы 
балалығы, өз дәўирин, басынан кеширгенлерин, теңлеслерин жырлайды. 
Мысалы: 
Бердимурат мениң өзим, 
Еситиң, халық, айтқан сөзим, 


153 
Сарғайды ғәплетте жүзим, 
Өтти әрманда өмирим. 
Не көрдим пәний дүньяда, 
Жол шегип мәнзил қыяда, 
Бар өмирим болды ада, 
Өттиң бе қурғыр өмирим?
– деп жаслық дәўирдиң қызығын ҳәм ондағы шадлықтың нышанын пүткил 
өмир бойы әрман етеди.
Ҳәр жылы ноябрь айының ақырғы сәнесинде Бердақ Ғарғабай улының 
туўылған 
күнине 
бағышлап 
Республика 
көлеминде 
илимий 
конференциялар, әдебий кешелерди өткериў дәстүрге айланған. 
«Жеткиншек» газетасының 2014-жыл 11-декабрьде «Бердақ шайыр 187 
жаста» [3], 2016-жыл 1-октябрьдеги санында «Университетимизде «Бердақ 
күнлери», «Хызмет еткил удайына халық ушын» атамасында әдебий 
кешелер өткергенлиги ҳаққында мағлыўматлар берилген [4]. 
Бердақ дөретпелеринде балаларға арнап қалдырған бийбаҳа 
мийраслары жүдә көп. Оның ҳәр бир дөретпесин оқыў арқалы руўхый азық 
алыў менен бирге дүньяға көз қарас арта береди. Солай етип, ХIХ әсир 
қарақалпақ поэзиясының классиги Бердақ бабамыздың жас әўладларға 
қалдырып кеткен бийбаҳа мийрасы баспасөз бетлеринде үлкен әҳмийетке 
ийе болып қала береди.

Download 1,37 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   50   51   52   53   54   55   56   57   ...   63




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish