165
атырған уллы қарақалпақ шайырларының бири Бердақ шайыр болып
есапланады.
Бердақ Ғарғабай улының өмири туўралы сондай-ақ, оның
дөретпелери, дөретиўшилигине болған пикирлерди де Интернетте көплеп
ушыратыў мүмкин. Мәселен, бүгинги күнде жаслар ортасында кең
тарқалған ФЕЙСБУК социаллық тармағындағы әдебият тараўына
байланыслы
болған
«Qaraqalpaq
a'debiyati»,
«QARAQALPAQ
INTELLEKT+»
ҳәм
одноклассники
социаллық
тармағындағы
«ҚАРАҚАЛПАҚЛАР КАРАКАЛПАКИ KARAKALPAKS» топарлары
жүдә белсенди. Бул топарларда қарақалпақ әдебиятының көрнекли
ўәкиллери, белгили шайырларының дөретпелери, шығармалары туўралы
пикир-таласлар көп. Мәселен, ФЕЙСБУК социаллық тармағындағы
«QARAQALPAQ INTELLEKT+» топарындағы бир логикалық сораўда
Бердақ шайырдың өмири, турмысы, оның тапқырлығы менен байланыслы
болып келеди. Бул логикалық сораўдың мазмуны төмендегише:
«Хийўа ханы мергенлик бойынша жарыс уйымластырған,
мине-мен
деген мергенлер 2-3 үйректен атып, хан сыйлығын алайын деп турғанда,
бир адам мылтығын алып, үйреклер топарына атқан екен 15 үйрек бирден
кулапты ҳәм ол хан сыйлығын алған екен. Бердақ шайыр ханға өтиниш
етип ол адамды өлимге буйырыўын сораған. Сораў: ол адам бул исти қалай
орынлаған ҳәм Бердақ ханға не туўралы сөз еткен?».
Бул сораўға 30 дан аслам социаллық тармақ пайдаланыўшыларынан
жуўаплар берилген. Демек, бул сораўға дурыс жуўап бериўге ҳәрекет
еткен адамлардың санының көплиги, сораўдың қызықлығынан дәрек
береди.
ФЕЙСБУК социаллық тармағында 180ге шамалас ағзасына ийе болған
«Qaraqalpaq a'debiyati» топары болып, онда тийкарынан қарақалпақ
әдебияты, белгили жазыўшы ҳәм
шайырлар, буннан басқа да енди
жетилисип киятырған жас дөретиўшилердиң де дөретпелери орын алған.
Ал, одноклассники социаллық тармағындағы 7 803 ағзаға ийе
«ҚАРАҚАЛПАҚЛАР КАРАКАЛПАКИ KARAKALPAKS» топарында да
Бердақ шайырдың өмири ҳәм дөретпелери келтирилген.
«ҚАРАҚАЛПАҚЛАР
КАРАКАЛПАКИ
KARAKALPAKS»
[1]
топарының администраторы Наўрызбек Баймуратов болып, ол бул топарда
көбинесе қарақалпақлар, олардың тарийхы, үрип-әдет дәстүрлери, миллий
кийимлери, байрамлары, тағамлары, қала, район ҳәм аўылларының фото
сүўретлерин берип барады. Бул топарларда Бердақ шайырдың түрли
қосықларына уқсас қосық қатарларын жазған социаллық тармақ
пайдаланыўшыларын да ушыратыўымыз мүмкин.
Классик шайырымыз Бердақ туўралы интернет тармағының
google
излеў системасы бойынша излеў бергенимизде, уллы шайырымыз туўралы
300ге шамалас дәреклерде мағлыўматлардың бар екенлигин көрдик. Ал,
буны орыс әдебиятының белгили шайыры А.С.Пушкин туўралы
166
мағлыўматлар менен салыстырсақ, бул оғада аз көрсеткиш екенлигин атап
өткимиз келеди. А.С.Пушкин туўралы излегенимизде интернет тармағында
9 370 000 дәреклерден мағлыўматлар берилди.
Одноклассники
социаллық
тармағындағы
Тилеўберген
Жумамуратовтың
дөретиўшилигине
бағышланған
«ПОЭЗИЯ,
АРАЛЬСКОЕ МОРЕ, Тлеуберген ЖУМАМУРАТОВ» топарының да
ағзаларының саны көп болып, ол мыңға жақын адамды курайды [2].
Бердақ бабамыз туўралы дүнья жүзине белгили он-лайн энциклопедия
есапланған википедиядада көп ғана мағлыўматлар бар [3]. Бирақ, Уллы
шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилиги бары жоғы жети тилде –
азербайжан, орыс, инглис, татар, украин, өзбек ҳәм қарақалпақ
тиллериндеги мағлыўматларды таўып береди [4]. Ҳәттеки, дүнья жүзилик
тиллер есапланған араб, француз, немис тиллериндеги мағлыўматлар
дерлик жоқ. Бул дегени дүнья халқының көпшилик бөлими
пайдаланатуғын википедияда басқа халықлар Бердақ шайыр туўралы
мағлыўматларды алыў мүмкиншилигине ийе емес. Демек, бул Интернет
арқалы керекли ўақытта Бердақ дөретиўшилиги бойынша анық дәреклерге
сүйенген мағлыўматларды кең жәмийетшилик
ала алмайды дегенди
билдиреди.
Қарақалпақ
халкының
белгили
шайыры
туўралы
мағлыўматларды Интернетке жайластырыў, бул бойынша ҳәттеки арнаўлы
сайтлар жаратыў дәўир талабы болып есапланады.
Усы орында ZIYOUZ.UZ сайтының хызметлерине тоқталып өткимиз
келеди. Онда Бердақтың өмири ҳәм дөретиўшилиги туўралы мағлыўматлар
аз болса да келтирип өтилген. Ал, DIC.ACADEMIC.RU сайтларында
Бердақ шайыр дөретиўшилиги бойынша азы-кем мағлыўматларды
ушыратыў мүмкин. Бул Интернеттеги үлкен сөзлик болып, онда «Бердақ
ким?» деген сораў менен мүрәжәәт етилгенде, ол туўралы қысқа ҳәм анық
жуўапты оқыў мүмкин:
«(1827-1900), каракалпакский поэт. Родился в
Do'stlaringiz bilan baham: