8
қаҳарманлық образ жасаўдағы атақлы шайырдың көркем тәжирийбесиниң
ҳәзирги поэзия ушын әҳмийетин ашып бериўди өз алдымызға мақсет етип
қойдық. Бул ушын шайыр бабамыздың дәстанлық шығармалары
менен
ҳәзирги лиро-эпикалық шығармаларды қатар қойып таллап, олардағы
қаҳарманлық
образ
жасаўдағы
типологиялық
уқсаслықларды,
улыўмалықларды ашыўды мақул көрдик.
Бердақтың «Амангелди», «Айдос баба», «Ерназар бий» поэмаларында
елдиң ғәрезсизлиги, ар-намысы ушын гүрескен халық қаҳарманларының
образлары сәўлеленген. Қаҳарманлық тулға образын жаратыў ушын
Бердақ белгили бир батырдың ис-ҳәрекетлерин, батырлық ислерин
сүўретлейди. Мысалы, «Амангелди» поэмасында халық аўзында аңыз
болып кеткен Амангелди ҳәм Асан батырлардың образы сүўретленеди.
Шайыр олардың әдеттегиге уқсамаған, әпиўайы адамлардан ажыралып
туратуғын етип сүўретлейди. XVIII әсирдеги қарақалпақлардың Қоқан
ханлығына қараслы бөлегине хан ҳәдден тыс көп салықлар салған. Хан
шеннен тыс оларға зорлық етип, қыз салығын да салып елди бүлдирген.
Усы себепли, елдиң ар-намысы аяқ асты етиледи. Бирақ халық бул
зорлыққа көнгиси келмейди. Усы қыйын аўҳал Бердақтың төмендеги
қосық қатарларында сүўретленеди:
Қоқан ханы қылды зорлық,
Қыз соратып берди қорлық,
Асан көрсетти дуғымлық,
«Жылатпайман елди»,-деди.
-Қарақалпақ бермес қызын,
Ҳәммеси де мениң қызым,
Тийдирмеспен тириде өзим,-
Деп Асан ер Қоқан келди.
Сөзинен қайтпады Асан,
-Қыз аларсаң өлсем қашан,
Ўатан болмас бизге Қоқан,
Сен шуўлаттың елди,-деди.
Хан Асанды көп урғызды,
Және орнынан турғызды,
-Бермейсең бе,-деди,-қызды
Асан және сөзге келди [1:168-169].
Мысалда алынған қатарларға қарасақ, Қоқан ханлығына қараслы
қарақалпақлардың бийи Асан аталықтың мәртлик ис-ҳәрекетин көремиз.
Асан залым ханның алдында қайтпастан өз халқының ар-намысын
қорғайды. Халық ушын қорлықлы қыз салығына көнбейтуғынын
«Қарақалпақ бермес қызын» деп мәртлик пенен билдиреди. «Сөзинен
9
қайтпады Асан, Қыз аларсаң өлсем қашан» деп ханға батыл жуўап береди.
Хан жасаўылларының қыйнаўы, азаплары оның руўхын сындыра алмайды,
ар-намыстан, жоқары адамгершилик қәсийетлерден бездире алмайды.
Асанды залым хан өлимге буйырса да қорықпайды.
Астырды дарға Асанды,
Ел деп Асан берди жанды [1:169].
Асан халықтың ар-намысын сақлап қалыў
ушын жан береди,
мәртлерше қурбан болады, «Қыз салығы» сыяқлы ханның қорлықлы
буйрығын орынламайды, елди жылатпайман, деп жан береди. «Асан өз
халқының намысын жоқары санайды, өзиниң халық перзенти екенлигин
түсинеди, елдиң, халықтың мәпи ушын гүресиўди ең ҳүрметли ис
деп
биледи. Өзиниң ис-ҳәрекетин усы пикирге бағындырып алып барады» [2:
144].
Дәстанда Бердақ сүўретлеген Асанн батырдың көркем образы
оқыўшыда көтериңки ҳәм мақтаныш сезимлерин оятады. Бул жерде шайыр
Асанның батырлық ислерин сүўретлеў арқалы оның образын
Do'stlaringiz bilan baham: