БЕРДАҚТЫҢ «РӘЎШАН» ПОЭМАСЫНЫҢ СЮЖЕТИ ҲӘМ
КОМПОЗИЦИЯСЫ
Б.Генжемуратов ҚМУ доценти
Бердақтың «Рәўшан» поэмасы терең мазмуны, сюжетиниң
тартымлылығы, композициясының ықшамлылығы, жоқары идеясы ҳәм
үлкен тәрбиялық әҳмийети менен оқыўшылардың айрықша дыққатына
21
миясар болып киятырған шығармалардың бири. Бул шығарманың сюжети
ҳәм композициясы арнаўлы изертленбегени көпшиликке мәлим. Поэма,
тийкарынан, төрт бөлимнен турады. Биринши бөлим жасы жүзге
шамаласқан ғарры ҳәм он бес жасқа шыққан қыз Рәўшанның диалогынан
ибарат. Бул бөлимде ғарры үш ҳаялы бар байға қызды алып бериў ушын
оған жаўшы болып келгенин айтады, қыз келисим бермейди, ғаррының бул
ҳәрекетлериниң уят екенин айтып бетине басады, байдан пара алғанлықта
оны айыплайды. Екинши бөлимде сөзин Рәўшанға мақуллата алмай
ашыўланған ғаррының атын қамшылап, ат оны алып қашып, изинен
ийтлер қуўып, оған ойнап жүрген аўыл балалары топырақ шашып, оның
аттан қулап, өлимши болып мертилгени сүўретленеди. Үшинши бөлимде
ғаррының аттан қулаған жеринде өлер алдындағы монологы берилген. Ал,
төртинши бөлимде автордың өзи жасап турған әдалатсыз заман
ҳаққындағы көзқарасы сәўлеленген. «Рәўшан» поэмасындағы сюжет ҳәм
композиция өз-ара беккем байланысқанлықтан, шығарманың тутас бир
пүтинлиги тәмийинленген, яғный сюжетлик компонентлер шайыр
тәрепинен шебер пайдаланылғанлықтан, шығарма композициясының сәтли
қурылыўын жүзеге асырған.
Теориялық әдебиятлардың тастыйықлаўынша, «Сюжет дегенимиз
(французша sujet – зат, нәрсе) эпикалық ҳәм драмалық, гейде лирикалық
шығармалардағы ҳәрекетлердиң раўажланыўы, ўақыялардың жөнелиси»
[3:431]. Сюжет көркем сөз шебериниң көзқарасларын, оның реал турмыс
туўралы идеялық-эмоциялық ой-пикирлерин өз дөретпесинде әмелге
асыратуғын ең әҳмийетли компонентлердиң биринен есапланады.
Сюжеттиң экспозиция, ўақыяның басланыўы, түйин, ўақыяның
раўажланыўы, кульминация, шешим деп аталған тийкарғы элементлери
бар екенлиги белгили. Мазмунды формасыз, форманы мазмунсыз көз
алдымызға келтире алмағанымыздай сюжет ҳәм композицияны бирин
екиншисисиз аңлай алмаймыз. Әдебиятшы В. Е. Хализевтың пикиринше,
«Композиция дегенимиз көркем шығармадағы форма компонентлериниң
шығарманың мазмун ҳәм жанр талапларынан келип шыққан ҳалда
қурастырылыўы, яғный көркем бирликлердиң жазыўшы яки шайырдың
талғамына
негизленип
орналастырылыўы
ҳәм
өз
ара
байланыстырылыўы… Композиция форма элементлерин бириктиреди ҳәм
оларды идеяға бағындырады» [3:164]. Ал, В.В.Кожинов болса, әдебий
шығармалардағы ҳәр қыйлы компонентлердиң өз-ара қатнасын
композиция
деп
атайды. Эпикалық
шығармаларда
композиция
элементлери дегенде шығарманың атамасы, баплары, бөлимлери,
қаҳарманлардың турмыс тәризине түсиник бериўлер (экспозиция),
портрет ҳәм пейзажлар, интерьерлер, монолог ҳәм диалоглар, сюжеттен
тысқары элементлер (кирис сөз, пролог, эпилог, авторлық шегинис) ҳ.т.б.
түсиниледи. Композиция элементлериниң көп ҳәм қурамалы болыўы
көркем шығарма көлеминиң кең қулашлылығына байланыслы болады.
22
Көпшилик
илимпазлар
сюжет
дегенде
қаҳарманлар
характери
қәлиплесетуғын ўақыялар системасын, композиция дегенде көркем форма
компонентлериниң жайластырылыўын, монтажланыўын түсинеди. Шебер
қурылған композиция сюжеттиң тартымлылығын тәмийинлейди.
Бердақтың «Рәўшан» поэмасының сюжети қурамалы емес, әпиўайы.
Феодаллық-патриархаллық дүзим дәўириндеги қарақалпақ аўылындағы
бир-еки саатлық ўақыя сүўретленеди. Тийкарғы қаҳарманлар екеў:
бириншиси – жасы жүзге шамаласқан ғарры, екиншиси – он бес жасқа
шыққан қыз Рәўшан. Поэманың дыққатқа ылайық өзгешеликлериниң бири
– экспозиция бирден көзге тасланбайды. «Амангелди», «Ерназар бий»,
«Ақмақ патша», «Шежире» поэмаларында автор сюжет ағымындағы
конфликтлер басланбастан бурын оқыўшыны ҳәдийселер болатуғын орын
менен, тийкарғы ўақыяларға қатнасатуғын қаҳарманлардың усыған
шекемги турмыс тәризи менен, сол орталықтағы улыўма жағдай ҳ.т.б.
менен таныстырып алар еди. Бул жағдайлар автор сөзи арқалы баян етилер
еди. «Рәўшан» поэмасындағы өзгешелик сонда, шайыр атлары аталған
шығармалардағыдай дәстүрди сақламайды. «Рәўшан» поэмасы оның баслы
қаҳарманлары болған ғарры ҳәм Рәўшанның диалогынан басланады:
– Намаз, руўза қарызым бар,
Бир алладан, мениң қызым.
Атаңның айтар арызы бар,
Қулағың сал, жаным қызым.
– Намаз, руўза қарызыдар,
Болсаң бир алладан атам,
Қалайша болдың қарыздар,
Себеп недур, маған атам? [1:157].
Бул диалог жигирма алты шуўмақты өз ишине алады, яғный
поэманың елиў пайызға шамаласы диалогтен ибарат. Диалогтың белгили
бир бөлими поэмада экспозиция ҳәм ўақыяның басланыў функциясын
бирге атқарған, деп баҳалаўымызға тийкар бар. Бундай пикирге
келиўимизге себеп, оқыўшы диалогтың мазмунынан ғаррының намаз
оқып, руўза тутатуғыны, жасы жүзге жақынлағаны, үш ҳаялы бар бай адам
оның хожейини екенлиги, усы байдың жумсаўы менен ғарры қызды сол
байға айттырып келгенлиги, ал Рәўшанның жасы он бестелиги,
сулыўлығы, әкеси, туўысқан ағасы ҳәм иниси бар екенлиги туўралы
мағлыўматлар алады. Экспозицияның атқаратуғын ўазыйпаларының бири
соннан ибарат, ол шығарманың қайсы орнында жайластырылса да,
қаҳарманлар туўралы айырым мағлыўматлар менен таныстырып өтеди.
«Экспозиция – (латынша exposition – түсиндириў, көрсетиў) көркем
шығармада ўақыялар жүзеге асатуғын ўақыт ҳәм мәкан, қаҳарманлар
ҳаққында мағлыўмат бериўши сюжеттиң қурам бөлеги» [4:298].
Экспозицияның сюжет түйининен айырмашылығы сонда, ол түйинге уқсап
23
шығармадағы ўақыяның буннан соңғы раўажланыўына тәсир етпейди
[2:118]. Дурыс, бул поэмада ўақыя қайсы заманда, ҳәм қайсы орында
болғанлығы туўралы анық дәреклер жоқ. Деген, менен сершил оқыўшы
бул ҳәдийсениң Бердақ жасаған дәўирде, қарақалпақ аўылларының
биринде, мезгилдиң бир-еки саатында болған ўақыя екенлигин билип
отырады, поэманың баслы қаҳарманлары ғарры ҳәм Рәўшан, сондай-ақ
оның әкеси, ағасы ҳәм иниси, ғаррыны жаўшылыққа жиберип отырған бай
туўралы қысқа ҳәм тужырымлы мағлыўматларға ийе болады. Көлеми
киши эпикалық поэзияда көлеми үлкен эпикалық прозадағы сыяқлы баслы
қаҳарманлар ҳәм олар жасап турған мәкан туўралы ҳәр тәреплеме кең
түсиник бериў шәрт емес.
«Рәўшан» поэмасындағы композициялық жаңалықлардың бири
сонда, ўақыяның басланыўы ғарры ҳәм қыздың диалогинен, бул екеўиниң
жанлы сөйлесиўинен басланады. Бердақ дәўиринде эпикалық шығарма
жазыў тәжирийбесинде композиция қурыўда еле бундай усыл жоқ еди деп
айтыўымыз мүмкин. Бул диалогте ғарры қызға бир арза менен келгенин
айтады, қыз арзаның себеби не екенин сорайды, ғарры өзин бай хожейини
жумсағанын, байда есап-сансыз дүнья, алтын ҳәм гүмис көп екенин айтып
қызды қызықтырмақшы болады. Қыз ғаррыға: «Соншама көп дүньяны бай
бизге не ушын раўа көрди?» деп сораў қояды:
– Баярың буйырса жумыс,
Сен сорлыда бар ма турыс.
Бийпул дүнья, тегин гүмис,
Бизге қалай раўа атам? [1:157].
Ғарры Рәўшанға: «Мени бай жумсады, байға сени айттырып келдим»,
деп жуўап береди:
– Бай жумсады, қызым мени,
Байға айттырып келдим сени.
Әкең қәлесе де нени,
Байда бисяр, бәри қызым. [1:157].
Усы орында «ўақыялардың раўажланыўының басланыўына тийкар
пайда ететуғын түйин» [3:109] жүзеге келеди, яғный Рәўшан ғаррының
нийетин биледи ҳәм кеўлинде гүптикей пайда болады. Оқыўшыны
Рәўшанның ендиги жағында ғаррыға қандай жуўап беретуғыны, ўақыяның
қандай пәтте раўажланатуғыны ҳәм мәселениң қалай шешилетуғыны
қызықтырады. «Түйин – көркем шығарма сюжетинде конфликт ҳәм
ҳәрекеттиң пайда болыўы, басланыўына себеп болатуғын ўақыя… түйин
ўақыялардың раўажланыўына түртки болады» [2:118].
Ғаррының қандай мақсетте келгенин билген Рәўшан оған кескин
түрде қарсылық билдиреди, оны «бети қара» деп айыплайды:
– Дүнья, ғәзийне байда бар,
Оннан бизге не пайда бар.
Саяңды меннен аўлақ сал,
24
Бети қара болған атам. [1:158].
Өзиниң ақлығындай қыздан еситкен бул аўыр сөз ғаррыда ашыўланыў
сезимлерин оятады, солай болса да ол: «Мениң сөзимди кек тутпа, кәтқуда
болып келдим», - деп ҳийле жолы менен Рәўшанды байға ҳаял болыўға
көндириўге урынады. Бирақ Рәўшан өз пикиринен қайтпайды, керисинше:
– Сөзди кесип айтсам сизге,
Жақынлапты жасың жүзге.
…………………………….
Ата, сениң уят буның. [1:158]
–дегенге уқсаған таўып айтылған өткир сөзлер менен ғаррыны қайтарып
таслай береди. Еки қаҳарман арасындағы бул конфликт олардың қандай
минез-қулықтағы адамлар екенин белгилейди. Ўақыяның раўажланыў
барысында Рәўшан ҳәм ғаррының характерине тән қәсийетлер ашыла
баслайды. Рәўшан он бес жастағы қыз болыўына қарамастан өзиниң
ақыллылығы, өмирде өз позициясына ийе, бахты ушын гүресетуғын,
артықша мал-дүньяға қызықпайтуғын инсан екенлиги менен көзге
тасланады. Ал, ғарры болса, дәслеп мөҳмин, кәтқуда адамдай болып
сөйлегени менен қыз бенен арадағы конфликт кескинлескен сайын, оның
ҳийлекер, өз пайдасы ушын ҳәр қандай жаманлықтан қайтпайтуғын,
ҳәттеки, жаўызлық ислерден де тайынбайтуғынлығы ашылып қалады:
– Қызым көп көрме күниңди,
Қайырып бүклермен тилиңди.
Кесермен қызыл тилиңди,
Өз ҳалыңды билгил, қызым. [1:158].
Буннан соң ғарры және мәккарлық жолына өтеди. «Байға өзиңдей жас
қызлар таласып жүр, оған тийип сүйикли яры болсаңыз бәрше хызметиңде
тақ турады, байдың үш қатыны бар, солар сениң хызметиңе тайын болып
таяр отырыпты, оған турмысқа шықсаң мақсет-муратыңа жетесең», - деген
гәплерди айтып, Рәўшанды тиймеймен деген пикиринен қайтармақшы
болады. Бирақ оның алдаў мазмунындағы бундай сөзлери Рәўшанның
қарсылығын және де күшейтеди, ўақыяның раўажланыў жөнелисин
кульминацияға жақынластырады. Рәўшан ғаррыға «Үш қатыны бар байға
бериў пайдалы болса, өзиңниң қызыңды бер», - деп қарсы усыныс қояды:
– Ол үш қатын байда болса,
Кең сарайлы жайда болса.
Қызыңды бер пайда болса,
Басқа сөзди қойғыл атам [1:158].
Рәўшанның пикириниң өткирлиги, логикалылығы ғаррыны тубалатып
таслайды. Ўақыя раўажланыў шыңына жетеди. Ғарры аўзына келген сөзди
айтып, ғарғап сөгиниўден басқа илажы қалмайды. Мүддәҳаси питпеген ол
аш болып диңкеси қурыған атына минеди. Сатиралық мазмунға ийе бул
эпизод поэманың екинши бөлимине тийисли. Аты жүрмеген соң бурыннан
25
қызға ашыўлы ол әбден ашыўы келип атқа қамшы урады, ат ғаррыны басы
аўған жаққа алып қашады, аўыл арасындағы ийтлер шабаланып изинен
қуўады, ойнап жүрген балалар атқа топырақ шашады, ат үркип қаймығып
кетип, ғарры еңсесинен қулап, соның себебинен ўақыт көпке созылмай-ақ
сол жығылған жеринде, өз гүнасын мойынлаған өкиниш мазмунындағы
монологынан соң деми үзиледи. «Рәўшан» поэмасындағы ўақыяның
жуўмағы, яғный Рәўшан ҳәм ғарры арасындағы конфликттиң соңы
усындай ҳәдийсе менен өз шешимин табады. Өзиниң инсаныйлық ар-
намысын байлықтан жоқары қойып қорғаған Рәўшан жеңиске ериседи, ал
өзин ел-халықтың арасында ҳәм мал-дүньясы асып-тасқан байдың алдында
қәдирим жоқары, деп есаплаған ғарры абыройы төгилип, масқарашылық
жағдайда өледи. Поэманың үшинши бөлиминде ғаррының деми үзилер
алдындағы монологы берилген, бунда ғарры өзиниң де, байдың да қудай
алдында гүналы екенлигин тилге алады:
– Әсилик етип қудайға,
Ғарры ат жарысып тайға,
Саўшы боламан деп байға,
Саўдаларға түскен басым.
Жаным саўда жетпей елге,
Тирилей аяғым гөрде,
Қаларман да усы жерде,
Елге күлки болған басым.
Әспи жәлла тилин алып,
Алдаў сөзге қулақ салып,
Ел-жыртқа рәсиўа болып,
Жаман атқа қалған басым.[1:162].
Поэманың соңғы төртинши бөлиминде Бердақтың өзи жасап турған
замандағы әдалатсызлықлар туўралы поэтикалық көзқарасы сәўлеленген.
Бул бөлимди шығарманың эпилоги сыпатында баҳалаўымыз мүмкин.
Себеби, «Эпилог (грекше – epilogos, соңғы сөз) – шығарманың тийкарғы
текстинен, ондағы ўақыялардан бөлек ҳалындағы жуўмақлаўшы
компоненти» [3:512]. Шайыр поэмадағы ўақыялар раўажланыў шыңына
жетип өз шешимин тапқаннан кейин Рәўшанның, оның әкеси ҳәм
туўысқанларының, сондай-ақ, байдың тәғдири буннан соң қандай
болғанлығы туўралы түсиник берип отырмайды. Әпиўайы халық
әдалатсызлықтың салдарынан қыйналып жасап атырғанын, жәмийетлик
дүзимниң иплас ислерге толы ўақыялары ҳәдден зыят көбейип кеткенин
терең лирикалық толғаныслар менен сүўретлейди:
Бул сөзимде ғәлет жоқдур,
Залымлардың кеўли тоқдур.
Заман солай бузылып тур,
26
Көз жасты ким көрер екен?
Шадланысып тойлар тойлап,
Еркимизге күлип-ойнап,
Ҳаялыў-қыз күндей жайнап,
Жүрер күнлер бар ма екен?[1:162, 163].
Бердақтың «Амангелди», «Ерназар бий», «Ақмақ патша» ҳәм
«Шежире» поэмаларының композициясы халық аўызеки әдебияты
дөретпелериндегидей хронологиялық принциплер бойынша қурылған. Ал,
«Айдос баба» ҳәм «Рәўшан» поэмаларының композициясында ўақыяларды
сүўретлеўде дәстүрий избе-излик сақланғаны менен, шайырдың жаңалыққа
умтылғанының гүўасы боламыз. Бул еки поэмада ўақыялардың басланыўы
қаҳарманлардың диалогларынан старт алады. Мәселен, «Айдос баба»
поэмасында Айдос бий менен Хийўалы метер ҳәм қусбегиниң қарақалпақ
халқынан салық ушын жыйналған теңгени бөлисиў ўақтындағы таласлы
диалогинен басланады. «Рәўшан» поэмасындағы композиция қурыўдағы
өзгешеликти экспозиция менен ўақыяның басланыўының бириктирилип
жиберилгенинен көриўимизге болады. Қаҳарманлар ҳәм персонажлар,
олардың турмыс тәризи туўралы тәриплеп түсиник бериўлер автор
тәрепинен емес, ал ғарры ҳәм Рәўшан арасындағы дәслеп жай-парахат
басланған, кейин ала кескин қарсылықлар менен даўам етилетуғын
өзлериниң диалог орнында баян етиледи.
Жоқарыда еслетип өткенимиздей, биринши бөлим тутасы менен
диалогтен турады. Ғаррыны қамшы тийген аттың алып қашыўы ҳәм оның
аттан қулап өлимши болыў эпизодлары екинши бөлимде сүўретленеди.
Ғаррының өлер алдындағы монологи үшинши бөлимде жайластырылған.
Төртинши бөлим сюжеттен тысқары композициялық бирлик болып, ол
өзине тән эпилог функциясын атқарған. Эпилогта автор поэманың улыўма
мазмунынан келип шыққан ҳалда өзи жасап турған заман ҳаққында
лирикалық жуўмақ жасайды. Бердақтың «Рәўшан» поэмасының сюжети
Рәўшан ҳәм унамсыз қаҳарманның характерин ашыўға бағындырылған,
адам менен адам, адам менен қоршаған орталық ҳәм жәмийетлик дүзим
арасындағы конфликтлер шебер улыўмаластырылып сүўретленген.
Поэмадағы сюжет компонентлериниң жоқары поэтикалық талғам менен
жайластырылыўы
композицияның
ықшамлылығын
тәмийинлеген.
«Рәўшан» поэмасындағы сәтли қурылған сюжет ҳәм композиция
Бердақтың XIX әсир қарақалпақ поэзиясында қаҳарман образын жасаўда
өз усылы бар шайыр, қарақалпақ поэмашылығын қәлиплестирген ҳәм
раўажландырыўға жол баслап берген уллы сөз устасы болғанын және бир
мәрте тастыйықлайды.
Пайдаланылған әдебиятлар
1. Бердақ. Таңламалы шығармалары. Нөкис, «Қарақалпақстан», 1987.
27
2. Бобоев Т. Адабиётшунослик асослари. Тошкент, «Ўзбекистон»,
2002.
3. Литературный энциклопедический словарь. Москва, «Советская
энциклопедия», 1987.
4. Салаев Ф. Қурбаниёзов Г. Адабиётшунослик атамаларининг изоҳли
сўзлиги. Тошкент, «Янги аср авлоди», 2010.
Do'stlaringiz bilan baham: |