«бердақ классикалық Әдебиятымыздың бийик шыңЫ»



Download 1,37 Mb.
Pdf ko'rish
bet6/63
Sana24.02.2022
Hajmi1,37 Mb.
#215161
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   63
Bog'liq
Топлам Бердак 190

Пайдаланылған әдебиятлар 
1. Камалов С. Қарақалпақ халқының миллий ояныўы ҳәм Бердақ 
шығармалары. «Вестник» 1999, №2. 
2. Пахратдинов Ә. Бердақ шайырдың дәстанлық шығармалары. 
«Қарақалпақстан», Нөкис-1987. 
3.«Еркин Қарақалпақстан», 1-декабрь, 1998, №143. 
4. «Еркин Қарақалпақстан», 13-февраль, 1999, №19. 
5. Бердақ. Сайланды шығармалары, «Қарақалпақстан», Нөкис, 1997. 
БЕРДАҚТЫҢ ЕКИ ҚАТАРЫ ҲАҚҚЫНДА ЕКИ АЎЫЗ СӨЗ 
Ф.Салаев, ҚМУ доценти 
 
Ғәрезсизлик дәўиринде халық миллий қәдриятының тийкарғы бөлеги 
болған 
әдебий 
естеликлерди 
үйрениў 
ҳәм 
жәриялаўда 
алға 
илгерилеўшилик жүз бергени, усы мәселелерге мәмлекетлик әҳмийет 
берилип атырғанлығы қуўанышлы жағдай. Себеби руўхый қәдриятсыз, 
олардың тамырында әсирлер даўамында кәлиплесип, раўажланған мәнили 
ҳикметлерсиз ҳеш қайда бара алмаймыз, думанлы күнде компасын 
жоғалтқан кеме сыяқлы тәреплеримизди табалмай қаламыз.
Ғәрезсизлигимизге шекемги бир әсирден көбирек ўақыт ишинде 
руўхый дүньямызға пүткиллей жат идеология ҳәм қараслар бизиң ушын 
жол көрсеткиш болып хызмет етти. Сонлықтан, Аҳмет Яссаўий, Ҳәким ата 
(Сулайман Бақырғаный), Әмир Темур сыяқлы бабаларымызды жатсырап 
ғана қалмай, олардың атын қараладық, абыройына кесек ылақтырдық. 
Әбдираҳман Жамий, Әлишер Наўайы, Нәсимий, Мақтумқулы ҳәм
Мәширепке қусаған Шығыстың уллы сөз усталарының өмир жолы ҳәм 
шығармаларын үйрениўде де идеологияның мәпин ойладық: оларды 
қәлбекилестирдик, дәўирдиң талабына сай келмеген шығармаларынан 
биротала ўаз кешиўге туўра келди. 
Тек ғана Әлишер Наўайыға болған мүнәсибетти еске алайық. 
Ҳәзиреттиң «Тарийхы әнбия ҳәм ҳукама» (Пайғамбарлер ҳәм патшалар 
тарийхы), «Насайим ул-муҳаббат» (Муҳаббат самаллары), «Арбаъин 
ҳәдис» (Қырық ҳәдис) ҳәм «Мунажат» сыяқлы шығармалары ҳаққында тек 
ғана шекленген адамлардың арасында сөз жүргизилер еди. Ҳәттеки
айырым дәстанларындағы диний ҳәм суффизмге тийисли орынлар 
шығарма қурамынан алып тасланған ҳалында баспадан шығарылды. 
Ал, буны қалай түсиндириўге болады? Уллы шайыр өз дәўири 
машқалаларына сол заман пәрзенти ретинде исламий яки тәсәўўифий 


19 
мүнәсибетте болғанлығын тән алыў неге сол дәўир ушын соншелли қыйын 
болған?
Бизиңше, шайыр дөретиўшилигиниң усы қырының мазмунына 
сиңдирилген кәмилликке умтылыўшы азат ҳәм еркин инсан идеясы, 
руўхый-мораллық жақтан пәклик ҳәм әдиллик, теңлик мотивлери 
коммунистлиқ империя мақсетлерине қайшылығы себепли өтмиш 
қәдриятының тап усы тәреплери түрли бәҳенелер менен кемситилген. 
Ҳүкимдар идеологияның тилеги ҳәм талабына қарамастан, 
шығармалары дүньяға таралып, азлы-көпли изертлеўлер обьекти болған 
Әлишер Наўайы дөретиўшилигин сондай шегаралаған екен, басқалар 
ҳаққында не айтыў мүмкин?
Бизиңше, туўылғанына 190 жыл толып атырған қарақалпақ халқының 
уллы перзенти, үлкен сөз шебери Бердақ бабамыз дөретиўшилигиниң 
базы тәреплерине да усындай идеологиялық қатнас жасаў болғанға 
қусайды. Биз бүгин оның «Ақмақ патша» дәстаны кириспесинде 
келтирилген еки қатарға ҳәм оның талқыланыўына мүнәсибет 
билдирмекшимиз. 
Қәдиримди халық билер, 
Халық билмесе балық билер. 
Бизиңше, қосықтағы мазмунды толығы менен түсинип жетпей шайыр 
шығармаларын топлағанлар ямаса редакторлар қатарлар орнын 
алмастырған, өзинше «редакторлап», оның түсинилиўин қыйынластырған. 
Орынлы саўал туўылады: «Шайыр қәдирин халық билмесе, балық билгени 
неси?..» 
Поэзия сондай бир әлем, онда ҳәр бир сөз, ҳәр орында өзгеше 
доланып, қайталанбас мазмунға ийе болады, өзинше ўазыйпа атқарады. 
Сол принциптен келип шығып «қәдир» сөзине итибар берейик. Бул сөз 
түсиндирмели сөзликлерде адамның жәмийетте тутқан орны, абыройы, 
ҳүрмети-иззети яки баҳа, сондай-ақ, қымбат ҳәм әҳмийет мазмунын 
билдириўи атап көрсетиледи. Бердақ жоқарыдағы орында бул сөз арқалы 
өз өмири мағанасын, қәдир-қымбатын нәзерда тутып отыр. Ал, уллы 
шайыр инсан қәдир-қымбатын не менен өлшеген? Бул сораўға жуўап 
бериў ушын шайыр жасаған дәўир идеологиясына, адамлар көзқарасына, 
оған йош берген сағаларгға нәзер таслаўымыз, шайырдың дуньяға 
көзқарасын қәлиплестирген философиялық, мораллық қәдриятларды, 
орталықты есапқа алыўымыз тийис. 
Бердақ өзи атап өткениндей, Шығыс классикалық поэзиясы ўәкиллери 
дөретиўшилигинен «саўат ашты», олардан нәр алды, илҳамланды. Өзи де 
әжайып, оригинал қосықлар жазып, ҳикмет «дүрлерин шашты». Демек, 
классикалық шайырларымыз ушын улыўмалық руўхый-мораллық азық 
дереклер де болған. Бул исламий көзқарас есапланады. Классикалық 
әдебият ўәкиллери дөретиўшилигин иззертлеўде, мине, усы тарийхый 
шынлықты естен шығарыўға болмайды.


20 
Бердақ қатарларындағы «халық» сөзи ҳәзирги қарақалпақ тилиндеги 
халық (народ) мазмунында емес, ал Алла-тааланың муқәддес атларының 
биреўи – Халық, яғный жаратыўшы мәнисинде қолланылып атыр. Енди 
еки қатар мазмунына дыққат қаратайық: «жақсылық, ийгиликли ислерди 
көп иследим, ҳәмме жерде, бәрқулла иследим, бирақ оларға жуўап 
күтпеймен, миннет етпеймен, жақсылық ислей беремен, дәрьяға 
таслайман. Қәдиримди балық биледи, балық билмесе Халық (жаратыўшы) 
биледи».
Жақсылықты дәрьяға таслаў – бул исленган саўаплы әмел ушын 
адамлардан инаят күтпеў, жақсылығына миннет етпеў деген мазмунды 
аңлатады. Себеби, миннет исленсе, ийгиликли ис саўаплылығын 
жоғалтады. Оннан қалаберсе, усы түсиниктиң тиккелей, реаллық мазмуны 
да бар. Дерлик барлық дин ҳәм мәзҳабларда жақсылық, қайырлы ис садақа 
– саўап есапланады. Оны тек адамларға ғана емес, ҳәтте қурт-
қумырысқалар, қуслар, дәрья-теңиз жаныўарлары - балықларға да таратыў 
қайырлы әмеллер болып табылады. 
Гүўасы болғанымыздай, Бердақ бул орында полифония ҳәм эллипсис 
усылларынан шеберлик менен пайдаланған. Полифония айырым образлы 
сөз ямаса дизбектиң көп мәниде қолланыўы болса, эллипсис текст 
мазмунынан келип шығып, түсинилиўи мүмкин болған сөз яки сөз дизбеги 
түсирип қалдырылыўы есапланады. Бундай ўақытта китап оқыўшы өз 
билим дәрежеси, турмыс тәжирийбесине сүйенип баян етилген пикирди 
түсинип алады. Көринип турғанындай, биз тийисли болған әўлад та Бердақ 
шайыр арасында өткен бир әсирден көбирек ўақыт сол дәрежеде 
узақластырды, уллы ойшыл бабамыздың жоқарыдағы еки қатарының 
мазмунын шағыў қыйын ис болып қалды.
Барлық иллет өтмишке жүзеки қарап, жәмийетлик, руўхый-мораллық 
орталық менен есапласпағанлығымызда емес пе? Қайта-қайта сөз етилип 
атырғанындай, бүгин ҳәр бир нәрсени өз аты менен атаў дәўири келди. 
Бундай еркинликтен, имканлардан орынлы ҳәм өнимли пайдаланыўымыз, 
классикалық әдебиятқа мүнәсибетимизди тереңлестириўимиз, иске 
асырылған изертлеўлерди шынлық тийкарында сынлық нәзер менен 
үйрениўимиз тийис. Сонда ғана биз көзқарасларын жаңалап атырған 
халық, әўладлар алдындағы ўазыйпа ҳәм миннетлеримизди туўры 
атқарған боламыз. 

Download 1,37 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   63




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish