«бердақ классикалық Әдебиятымыздың бийик шыңЫ»


ҒӘРЕЗСИЗЛИК ДӘЎИРИНДЕ БЕРДАҚ ШАЙЫР



Download 1,37 Mb.
Pdf ko'rish
bet5/63
Sana24.02.2022
Hajmi1,37 Mb.
#215161
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   63
Bog'liq
Топлам Бердак 190

 
ҒӘРЕЗСИЗЛИК ДӘЎИРИНДЕ БЕРДАҚ ШАЙЫР 
ДӨРЕТИЎШИЛИГИН ҮЙРЕНИЛИЎИ 
Қ.Юсупов ҚМУ доценти 
 
Бүгинги күни әсирлер даўамында ата-бабаларымыздан бизге мийрас 
болып қалған, дүнья халықлары цивилизациясын баслап берген илим, пән, 
әдебият, мәдениятымыздың мийрасларын қайта тиклеў ҳәм ҳүрметлеўге 
кең жол ашылды. Түркий халықларының ажыралмас бир бөлеги болған 
қарақалпақ ҳалқы да Хорезмде жасаўшы басқа халықлар менен бирге IX-
XI әсирлерден баслап халықлық процесске өткели [1] өз басларынан бир 
неше тарийхый-сиясий, жәмийетлик-социаллық, әдебий, мәдений 
жағдайларды кеширди. Өз миллий тарийхын, әдебиятын, көркем өнерин, 
мәдениятын дөретти. Жийен жыраў, Күнхожа, Әжинияз, Бердақ, Өтеш, 
Гүлмурат, Сарыбай усаған қарақалпақ шайырлары, бақсылары, 
қыссаханлары жетисти. Ҳәтте, өз алдына миллий қарақалпақ шайырлар 
мектеби раўажланды. Қарақалпақ классик әдебиятында басқа шайырларға 
қарағанда Бердақ шайыр дөретиўшилиги жетерли дәрежеде изертленди. 
Бердақ шайыр дөретпелери ҳаққында теориялық, лингвистикалық, әдебий, 
тарийхый, педагогикалық, философиялық аспектлерде кандидатлық және 
докторлық диссертациялар қорғалды. 


14 
ХIХ әсир қарақалпақ әдебиятының белгили ўәкили Бердақ шайырдың 
дөретиўшилигин изертлеў ғәрезсизлик дәўиринде де ең әҳмийетли 
мәселелердиң бири. Бердақтаныў илиминиң қәлиплесиўине ҳәм 
раўажланыўында 
Н.Дәўқараев, 
Қ.Айымбетов, 
И.Сағыйтов, 
М.Нурмуҳамедов, 
А.Пахратдинов, 
Х.Хамидов, 
А.Муртазаев, 
Қ.Жәримбетов, Ш.Абдиназимов ҳәм басқа да алымлардың салмақлы 
мийнетлери бар. Сондай-ақ, ғәрезсизлик дәўиринде Бердақ шайыр 
дөретиўшилигин үйрениў ҳәм изертлеў бойынша А.Пахратдиновтың 
«Бердақ шайыр дөретиўшилигиниң гейпара мәселелери» (2003), «Бердақ 
шайырдың көркемлик дүньясы» (2007), «Бердақ шайыр дөретиўшилигиниң 
гейпара 
машқалалары» 
(2013), 
А.Муртазаевтың 
«Бердақ 
шығармаларындағы 
заманагөйлик 
ҳәм 
шеберлик» 
(1993), 
А.Пирназаровтың «Бердақ шығармаларында қолланылған дөретиўшилик 
усыллар» 
(1998), 
«Бердақ 
шығармаларының 
тили» 
(2003), 
Қ.Жәримбетовтың «ХIX әсир қарақалпақ лирикасының жанрлық 
қәсийетлери ҳәм раўажланыў тарийхы» (2004), И.Өтеўлиевтиң «Бердақ 
поэзиясының миллий өзиншеликлери» (1998), «ХIХ әсирдеги қарақалпақ 
әдебиятының миллий өзиншеликлери. Әжинияз, Бердақ дөретиўшилиги 
мысалында» (2005) ҳ.т.б. илимий изертлеў жумыслары жазылып, 
Бердақтаныў илиминиң раўажланыўына қосылған үлкен үлес болды. 
Булардан басқа Бердақ шайыр дөретиўшилиги бойынша «Миллий 
әдебиятымыздың байтереги» (Әдебий-сын мақалалар топламы, 1998), 
«Бердақ дүньясы» (илимий-публицистикалық мақалалар, 1998) усаған 
изертлеў жумыслары ҳәм илимий топламлар пайда болды. Ҳәр бир илимий 
топламда Бердақ шайыр дөретиўшилигине байланыслы әҳмийетли илимий 
мақалалар орын алған. Мәселен, «Бердақ дүньясы» атамасындағы илимий-
публицистикалық 
мақалалар 
топламына 
белгили 
алымлар 
А.Пахратдиновтың 
«Бердақ 
шайырдың 
дөретиўшилик 
жолы», 
Қ.Жәримбетовтың «Бердақ дөретиўшилигинде тарийхый дәўирлердиң 
сәўлелениў өзгешеликлери», Қ.Оразымбетовтың «Бердақтың поэтикалық 
дүньясы», 
Қ.Аралбаевтың 
«Туўысқанлық 
нәсиятшысы»,
Б.Генжемуратовтың «Бердақ қосықлары ҳәм тарийхый дереклер», 
Қ.Турдыбаевтың «Бердақ шығармаларында инсан тәрбиясы мәселесиниң 
сүўретлениўи», 
З.Қожықбаеваның 
«Бердақ 
дөретиўшилигинде 
публицистикалық пафос» усаған илимий мақалалары орын алып, онда 
Бердақ шайыр дөретиўшилиги бойынша изертлениўи зәрүр мәселелер 
көтерилген.
А.Пахратдинов 
«Бердақ 
шайыр 
дөретиўшилигиниң 
гейпара 
мәселелери» (2003) деген изертлеў жумысында шайыр лирикасында 
шеберликтиң сырлары ҳаққында жаңаша пикирлер, «Айдос бий» 
дөретпесиниң изертлениў мәселесине өз көзқарасларын бирдирген. 
Алымның «Бердақ шайырдың көркемлик дүньясы» деген мийнетинде 
Бердақ шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилигиниң үйренилиў тарийхына, 


15 
оның лирикасының жанрлық қәсийетлерине ҳәм сөз зергериниң дәстанлық 
шығармаларынан «Хорезм», «Шежире», «Амангелди», «Айдос баба», 
«Ақмақ патша», «Ерназар бий», «Еркебай», «Рәўшан» дәстанларына 
бүгинги көзқарастан таллаў жасап, олардың изертлениў мәселелерине 
айрықша дыққат аўдарған. Және де, усы әдебиятшының «Бердақ шайыр 
дөретиўшилигиниң гейпара машқалалары» деген изертлеў жумысы 
жоқары оқыў орынларында қарақалпақ филологиясы тәлим бағдарында 
өтилетуғын «Бердақтаныў» пәни бойынша биринши мәртебе жазылған 
сабақлық болыптабылады. Бул сабақлық төрт бөлимге ажыратылып, ҳәр 
бир бөлимге Бердақ шайырдың өмири ҳәм дөретпелерин үйрениў ушын 
арналған үлги ҳәм жумыс бағдарламасына киргизилген темаларды таңлап 
алып, усы темалар бойынша өзиниң изертлеў жумысларын ҳәм 
пикирлерин киргизген. А.Пахратдиновтың бул изертлеў жумыслары жас 
алымлар ушын Бердақ дөретиўшилигин изертлеў бойынша илимий 
методикалық жақтан көп пайдасын тийгизеди ҳәм студентлердиң Бердақ 
дөретиўшилиги бойынша тыянақлы билим алыўы ушын да әҳмийетли 
методикалық мийнет есапланады. Буннан басқа А.Муртазаевтың «Бердақ 
шығармаларындағы заманагөйлик ҳәм шеберлик» атамасындағ ыизертлеў 
жумысы Бердақ шайырдың лирикасы ҳәм поэмалары бойынша жаңаша 
көзқараста изертлеў мәселелерин өз ишине қамтыған. Әсиресе, алым 
Бердақшайырдың «Шежире», «Айдос баба», «Ақмақ патша», «Ерназар 
бий» усаған дөретпелериниң сюжети, образларын ашып бериў мақсетинде 
тарийхый дереклерге сүйенип баҳалы пикирлерин билдирип өткен. 
Сондай-ақ, Айдос бий образына тоқтап, оның елге ислеген ҳадал 
мийнетлерин дәлиллеп, қаҳарман образындағы уллылық қәсийетлерди 
орынлы ҳәм дурыс ашып көрсеткен. 
Қ.Жәримбетовтың «ХIX әсир қарақалпақ лирикасының жанрлық 
қәсийетлери ҳәм раўажланыў тарийхы» деген монографиясында ХIХ әсир 
қарақалпақ лирикасының әдебий жанр сыпатында пайда болыўы ҳәм 
қәлиплесиўинде 
Күнхожа, 
Әжинияз 
ҳәм 
Бердақ 
шайырлардың 
лирикасының орны ҳәм әҳмийети теориялық жақтан мысаллар менен 
дәлиллеп берилген. Монография төрт баптан ибарат. Бул мийнет 
теориялық жаңалықларға бай. 
А.Пирназаровтың 
«Бердақ 
шығармаларында 
қолланылған 
дөретиўшилик усыллары» деген мийнетинде Бердақтың қосықларында 
көркем тулға жасаўдағы, жазған шығармаларының өзиники екенлигин 
дәлиллейтуғын, нәсият қосықларында Бердақ қолланылған дөретиўшилик 
усыллар, шайыр қосықларында көркем сүўретлеў қуралларының 
қолланылыў усыллары усаған мәселелер изертленген. Ол инсанның қәдир-
қымбатын баҳалаўда Бердақ шайыр шеберлигин дурыс ашып көрсете 
билген. Және де илимпаздың көрсетиўинше, уллы тарийхый адамлардың 
жеке көркем тулғаларын жасаўда Бердақ бирин-бири қайталамайтуғын ҳәр 
қыйлы дөретиўшилик усылларды қолланғанын, буған мысал етип «Айдос 


16 
баба» поэмасын филологиялық жақтан таллап, өз пикирлерин 
раўажландырып барған. Айдос бийдиң уллылығын, адамгершилигин, елге 
ислеген хызметин, тулғасын дурыс көрсете билген. Және де 
А.Пирназаровтың «Бердақ шығармаларының тили» деген атамадағы 
монографиясында Бердақ шайырдың шығармаларына таллаў жасап, 
ондағы сөзлердиң қолланылыў усыллары ҳәм өзгешеликлери изертленген.
И.Өтеўлиевтиң «Бердақ поэзиясының миллий өзиншеликлери» деген 
илимий изертлеў жумысында ХIХ әсир қарақалпақ шайырлары 
мийрасларын үйрениўдиң айырым машқалалары, «Бердақ – қарақалпақ 
халқының миллий шайыры», «Қырық қыз эпосы ҳәм Бердақ поэзиясы», 
«Бердақ шығармаларында ҳаял-қызлар образын жасаўдың миллий 
өзиншеликлери», 
шайырдың 
тарийхый 
дәстанларында 
халық 
батырларының миллий образын жасаўдағы миллий өзгешеликлер, дәстүр, 
үрп-әдетлердиң сәўлелениўи усаған мәселелер тереңнен изертленип, толық 
көринисте ашылған. Илимпаздың «ХIХ әсирдеги қарақалпақ әдебиятының 
миллий өзиншеликлери. Әжинияз, Бердақ дөретиўшилиги мысалында» 
деген монографиясында миллий өзгешеликлердиң тарийхый тамырларын, 
классик шайырлардың дөретпелериндеги миллий дереклерин, ХIХ 
әсирдеги қарақалпақ поэзиясында миллий өзгешеликлерди сүўретлеўдиң 
негизги идеялық ҳәм тематикалық тәреплери ашып көрсетилген. 
Бердақ шайыр дөретпелери бул қарақалпақ әдебияты тарийхында 
бийбаҳа мийрас. Оны дурыс таныӯ, дурыс жуӯмақластырыӯдың өзи 
теориялық машқала. Сонлықтан да, ол ҳақкында соңғы ӯақытлар да 
гейпара алымларда қарама-қарсылықлы пикирлердиң пайда болыӯы 
тәбийғый ҳәм нызамлы қубылыс. 
Бердақты үйрениӯ курсының тийкарын салыӯшылардан бири 
профессор А.Пахратадиновтың Бердақ шайыр дөретиўшилиги бойынша: 
«Бердақ шайырдың дөретиўшилиги XIX әсирдеги жасаған қарақалпақ 
халқының көркемлик энциклопедиясы болды. Шайырдың қалдырып 
кеткен бул тарийхый естеликлерин комплексли изертлеӯ керек, әдебий 
изертлеӯ жеткиликсиз. Соның ушын, тек дәстанлық шығармаларының 
өзин изертлеӯ ушын Бердақ шайыр шығармаларының тарийхқа ренессанс 
мәдениятына қатнасын, фольклорға, жазба дәстанларға қатнасын характер 
ҳәм конфликтлик ситуациялар, тили, стили, көркемлик өзгешелиги, қосық 
қурылысы проблемаларын изертлемегенше Бердақ шайыр дөретиўшилиги 
толық изертленди деп есаплаӯға болмайды» [3:17] -деп жазған еди. 
Бердақ шайыр мийрасы қарақалпақ жеринде раӯажланған Хорезм 
цивилизациясының нызамлы даӯамы. Шайыр лирикасын таллаў ушын узақ 
тарийхларға, жазба дереклерге, ҳәтте, тарийхый ўақыяларға толы легенда 
ҳәм әпсаналарға да қараӯға туӯра келеди. Сөз зергериниң қарақалпақ 
әдебияты тарийхында жазба дәстанлық шығармаларды бериӯиниң өзи 
халық әдебияты ҳәм мәденияты тарийхына косылған үлкен жаңалық 
екенлиги белгили.


17 
Хәзирги күнде Бердақ шайырдың 1930-40-жыллары жыйналған 
әдебий мийрасларына тийкарланып ҳәм еле де халық арасынан Бердақ 
шайыр ҳаққында, оның өмирине, бақсы ҳәм шайырлығына байланыслы 
материалларды изертлеӯ жумыслары даӯам етип атыр. Мәселен, Бердақ 
шайырдың 170 жыллығын өткериў дәўиринде баспасөзде қунлы мийнетлер 
пайда болды. Солардың бири профессор Ә.Пахратдиновтың «Шайырдың 
өмирине байланыслы гейпара мағлыӯматлар» мийнети [3] Бердақ 
шайырдың мийрасын жыйнаӯ мақсетинде халық ишине экспедиция 
шөлкемлестирген ақылға муӯапық болар еди, -деген усынысын қоллап 
қуӯатлаӯ 
керек. 
Әлбетте, 
Бердақ 
шайырды 
ҳүрмет 
ететуғын 
республикамыздың көпшилик оқыӯшылар жәмийетшилигин шайырдың 
баспада сонғы жәрияланған қарақалпақша ҳәм өзбекше топламлары 
қанаатландырмады. Мәселен, илимий жәмийетшилик Бердақ шайырдың 
усы күнлерге шекем академиялық топламын баспадан шығара алмаӯынан, 
жүдә қысқартып, қосықларды өзлеринше өзгертип жибериӯлеринен 
өкинеди. Бул ҳаққында Өзбекистан Илимлер Академиясының академиги, 
философия илимлериниң докторы, профессор Жуманазар Базарбаев 
баспасөзде өз пикирин билдиреди [4]. 
Бердақтың бай әдебий, мәдений мийрасын қәдирлеў, түсинип илимий 
көзқараста қатнас жасаӯды талап етеди. Бердақ миллий мәденияттағы еки 
тараӯдағы мийрастың ӯәкили. Биреӯи шайыршылық мектептиң, екиншиси 
бақсышылық мектептиң ӯәкили. Екеӯи де елде халықта уллы қәдирли 
мийрас. Соның ушын, Бердақты бул миллий әдебият, көркем өнер,
мәдениятта үлкен тулға. Республикамызда Бердақтаныӯ илиминиң 
раӯажланыӯына бийбаҳа қосылған изертлеӯлер бар. Бирақ көз жумып, 
оларды бийкарлаӯшылар да табылады. Мәселен, 1997-жылғы «Бердақ 
шайырдың сайланды шығармалары» топламының алғы сөзинде: 
«Бердақты таныӯ илими биреӯин биреӯи қайталаӯдай… Өйткени, шайыр 
мийрасларын изертлеп жазылып атырған көп ғана монографиялар мәзи 
илимий дәреже алыӯ ушын ғана хызмет қылып, кең жәмийетшилик 
қызығып оқығандай сыпатқа ийе болмай атыр» [5:10] –деген пикирлерге 
толық қосылыӯ қыйын. Ғәрезсизлик дәӯири әдебияты, мәденияты, тарийхы 
өткендеги ата-бабаларымыз тәрепинен қалдырылған тарийхый, әдебий-
мәдений мийраслар негизинде ғана қурылды. Елимиздеги ҳуқықый - 
демократиялық жәмийет дүзиӯ принциплери де ата-бабалар руӯхый 
дүньясының күшлилиги, олардың бизге қалдырған дәстүр ҳәм үрп-
әдетлери тийкарында иске асады. Соның ушын, Бердақтың әдебий 
дөретиўшилиги жас әўладты тәрбиялаўда үлкен әҳмийетке ийе әдебий 
мийраслар болып есапланады.
Улыўмалыстырып айтқанда, ғәрезсизлик дәўирде Бердақ шайыр 
дөретиўшилигин үйрениў ҳәм изертлеў бойынша жазылған алымлардың 
мийнетлери илимий жаңалығы, жаңаша пикирлери менен әдебиятшыларды 
қызықтырады. Сондай-ақ, бул изертлеў жумыслары бүгинги әдебияттаныў 


18 
илим иушын да зәрүрли мийнетлерден есапланып, Бердақтаныў илимине 
қызығыўшы жас әдебиятшылар, магистрант ҳәм студентлер ушын керекли 
методикалық қолланба хызметин өтейди. 

Download 1,37 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   63




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish