«бердақ классикалық Әдебиятымыздың бийик шыңЫ»



Download 1,37 Mb.
Pdf ko'rish
bet1/63
Sana24.02.2022
Hajmi1,37 Mb.
#215161
  1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   63
Bog'liq
Топлам Бердак 190




 
 
 
 
 
 
 
 
 
 
«БЕРДАҚ КЛАССИКАЛЫҚ
ӘДЕБИЯТЫМЫЗДЫҢ БИЙИК ШЫҢЫ»
(Илимий мақалалар топламы) 
 
 
 
 
 
 
 
 
 
 
 
 
 
 
 
 
 
 
 
 
 
 
 
 
НӨКИС 
«ҚАРАҚАЛПАҚСТАН» 
 2017 



Бул топламға XIX әсир қарақалпақ әдебиятының классик шайыры Бердақ 
Ғарғабай улының 190 жыл толыўына бағышланып өткерилген «Бердақ 
классикалық әдебиятымыздың бийик шыңы» атамасындағы илимий-
теориялық 
конференциясында 
баянат 
ислеген 
профессор 
оқытыўшылардың илимий мақалалары киргизилген. Топламнан үлкен 
илимий хызметкерлер, магистрантлар, сондай-ақ студентлер илимий 
жумыслар үстинде ислегенде пайдаланыўы мүмкин. 
Жуўаплы редактор: 
Қ.Жаримбетов – филология илимлериниң докторы, профессор 
Редакциялық топар: 
Ш.Абдиназимов - филология илимлериниң докторы, профессор 
Қ.Турдыбаев - филология илимлериниң кандидаты, доцент 
А.Досымбетова - филология илимлериниң кандидаты, доцент 
Ж.Сагидуллаева - филология илимлериниң кандидаты, доцент 
Пикир билдириўшилер: 



БЕРДАҚ ПОЭЗИЯСЫНДА МИЙНЕТ КОНЦЕПЦИЯСЫНЫҢ 
СӘЎЛЕЛЕНИЎИ 
Жәримбетов Қ. ҚМУ профессоры 
Бердақ поэзиясы ҳәр қыйлы заманлардың тарийхый, сиясий-
жәмийетлик сынақларынан өтип, бизиң заманымызда да халқымыздың 
руўхый-көркемлик талапларын қандырып келмекте. Мәлим болғанындай, 
Бердақ поэзиясы идеялық-көркемлик тәреплеринен кең ҳәм терең, 
проблематикасы жағынан өткир, тематикасы бойынша көп тармақлы. 
Олардан социаллық әдиллик, ҳадаллық, ийман-инсап, халықтың 
еркинлиги, оның өзлиги, келешек тәғдири уллы шайырды терең 
ойландырған темалар ҳәм мәселелер болды. Шайыр ой-өриси кең уллы 
ойшыл сыпатында бул өткир мәселелердиң ҳәр бирин пухта ислеп, оларды 
терең 
тарийхый, 
философиялық, 
гуманистлик 
концепцияларға 
айналдырды. Усындай өткир мәселелер қатарында Бердақ поэзиясында 
ҳадал мийнет мәселеси де сәўлеленеди. Шайыр өзиниң көплеген 
дидактикалық қосықларында, сондай-ақ айырым дәстанларында ҳадал 
турмыс, ҳадал мийнет мәселелерин көтереди. 
Дөретиўшилик, өндирислик мийнет мәселеси ҳәм оның улыўма 
гуманизмниң қурам бөлеги екенлиги ҳаққында көркем концепцияны 
Бердақтан алдын XV әсирдиң ақырында уллы гуманист шайыр Алишер 
Наўайы ислеп шыққан еди. Наўайыдан бурынғы поэзияда лирикалық 
қаҳарман жүрегин ишки сезимлер бийлеген ҳалда көринип, дәстанлардың 
бас қаҳарманлары болса уллы ҳүкимдарлар, әскербасылар, қаҳарманлар 
образларында сүўретленетуғын еди. Ал мийнет етиў қуллардың, 
қарапуқаралардың үлесине тийисли деп, ҳасылзадалардың мийнет пенен 
шуғылланыўы ар деп қабылланатуғын еди. Наўайы әсирлер бойы үстемлик 
етип келген бундай пикирди бузып, мийнетти улыўмаинсаныйлықтың 
ажыралмас қурам бөлеги дәрежесине көтерди. Мысалы, оның «Фархад ҳәм 
Шийрин» дәстанындағы бас қаҳарман Фархад патша сарайында, яғный 
жыллы уяда өскен, жүрегин тек ышқы-муҳаббат сезимлери кернеген ашық 
шаҳзада ғана емес, ал қолы өнерли қурылысшы ҳәм темирши уста, таўдың 
қара тасларын қақ жарып канал қазатуғын мийнеткеш жигит. Наўайы 
дөретиўшилигинде Ренесанс мәселелериниң сәўлелениўин изертлеген бир 
мақаласында академик В.М.Жирмунский мийнет адамының усы дәстанда 
орайлық тулға дәрежесине көтерилиўин дүнья әдебиятындағы үлкен 
жаңалық деп,Фархад образын Ренесанс дәўириндеги инсаныйлық 
(гуманизм) идеалы деп баҳалады. [1:179] 
Соны да айтыўымыз керек, XIX әсир қарақалпақ поэзиясында мийнет 
темасын сәўлелендириў ҳәрекети Бердақтан алдын Күнхожа қосықларында 
да байқалады. Күнхожа өзиниң «Шопанлар», «Орақшылар», «Күн қайда» 
сыяқлы бир қатар қосықларында жалланба мийнет адамларының аўыр 



турмысын көрсетиў арқалы қара мийнетке деген өзиниң қатнасын 
билдиреди. 
Ордық орақ, шаптық отын, қаздық жап, 
Тердик масақ, ийнимизге салдық қап, 
Жас өмирлер гүлдей солды, болдық сап, 
Бул жүристен енди бизге күн қайда? 
Орақ ордық, өмир бойы болдық қул, 
Жумыс қылдық, алалмадық қара пул. «Күн қайда» 
Бул қатарларды оқығанда мийнетке деген ҳүрмет сезимлери 
оянбайды, керисинше оннан түңилиў сезимлери пайда болады. Себеби, 
аўыр жалланба мийнет ҳәм оның әдилсиз баҳаланыўы күткен нәтийжени 
бере алмайды, қандайда бир табыс, ҳәттеки әпиўайы күн көрис дәреги де 
бола алмайды. Мийнет етиў мақтаныш емес, ал қулшылықтың бир белгиси 
болып көринеди (Орақ ордық, өмир бойы болдық қул). XIX әсир 
орталарындағы мийнеткеш халықтың аўыр социаллық жағдайлары 
туўралы Күнхожа шығармаларында айтылған социаллық жағдайларды 
тарийхый әдебиятларда келтирилген мағлыўматлар да тастыйықлайды. 
[2:74-78,86] 
Бердақ классикалык поэзиядағы мийнет темасын даўам етип, оны 
өзинше сәўлелендирди. Егер Күнхожа қосықларында мийнет адамды 
қыйнайтуғын аўыр мусаллат болып аңланатуғын болса (Жас өсмирлер 
гүлдей солды, болдық сап), Бердақта мийнет адамның инсаныйлық 
келбетин белгилейтуғын, инсаныйлық пазыйлетлерин тәрбиялайтуғын 
тәсирли қурал сыпатында қаралады. 
Түргелип ертеден жумысқа шығып, 
Қолыңды қабартып, белиңди бүгип, 
Дизеңди сызлатып, мийнетин шегип, 
Жеген бир зағараң палдан жақсырақ. «Жақсырақ» 
Демек, шайырдың пикири бойынша мийнет пенен, маңлай тер менен 
табылған ырысқы-несийбе ҳадал ҳәм татлы. Сонлықтан ол: «Мийнетсиз 
дүнья излеме, Жанды отқа саладурсаң; Талап ислеп тап дүньяны, Сүттен 
ақдур билсең аны» деп нәсиятлайды. Бердақтың өндирислик мийнет 
туўралы этикалық көзқарасларының қәлиплесиўинде, сөз жоқ, мийнет 
туўралы халықтың этикалық түсиниклериниң де тәсири бар. Мысалы, 
ҳадал мийнет туўралы әсирлер бойы қәлиплескен халық түсиниклери 
халық даналығында төмендегише сәўлеленеди: Мийнет түби-рәҳәт; Еңбек 
етсең емерсең; Ислесең тислейсең; Алтын отта, адам мийнетте белли; 
Мийнети қатты болса, наны татлы болады; Жылай-жылай жап қазсаң, 
күле-күле суў ишерсең; Жаўын менен жер көгерер, мийнет пенен ер 
көгерер ҳәм т.б. Усындай мазмундағы халық нақыл-мақаллары мийнетти 
улығлайды, оны инсаныйлықтың дәслепки белгиси, ҳасыл қәсийет ретинде 
баҳалайды. Бердақ усындай мазмундағы халық даналығы үлгилерин 
дөретиўшилик пенен орынлы пайдаланады, оларды этикалық өлшем ҳәм 



көркемлик тирек етеди. Қала берсе «Мийнет етиў – намаз-ибадат пенен 
барабар» [3:31] деген пайғамбар нәсиятлары да шайыр санасына терең 
сиңискени сөзсиз. Бердақ өзиниң ҳадал мийнет, ҳадал турмыс мәселелерин 
көтеретуғын қосықларында усы пайғамбар ҳәдислерине де руўҳый жақтан 
сүйенгени анық. 
Шайырдың бир қатар қосықларында мийнет тек күн көрис, 
тиришилик дәреги ғана емес, ал мийнет адамды түрлендиреди, оның 
руўҳын көтереди, кеўлин тазартады, пәс қулықларды жүўенлеп, ҳәр қыйлы 
гүналардан аўлақ етеди, руўхый ҳәм материаллық жақлардан ғәрезсиз 
етеди. Бердақ мийнет мәселесин тар түсиниклер менен шеклеп қоймайды 
(күн көрис, тиришилик), оған терең жәмийетлик мазмун береди. 
Жумыс исле туўылған соң ел ушын, 
Жанынды аяма елде ер ушын, 
Киндиктен қан тамып туўған жер ушын, 
Өлип кеткениңше хызмет жақсырақ. «Жақсырақ» 
Шайырдың түсиниги бойынша халықтың абадан турмысы, туўылған 
Ўатанның айдын келешеги тынымсыз мийнет ҳәм ҳадал хызмет пенен 
тәмийин етиледи. Бул түсиниклер Бердақтың улыўмаинсаныйлық идеалы 
сыпатында көзге тасланады. 
Бердақ поэзиясында қәлиплескен өндирислик мийнет концепциясы 
Бухарада жасаған уллы шайық Баҳаўаддин Нақшбандий (1318-1389) 
тәлиматы менен де байланыслы деп шамалаўға болады. Себеби 
Нақшбандий Орайлық Азия еллеринде кеңнен мәлим болған, халық 
арасында уллы әўлийе, пийир есапланған. Оның тәлийматы бойынша 
ийман таўып, қудаға жақынласыў ушын бул дүньяның ғалмағалынан, 
шаңарақтан, жәмийеттен безип, тәркидүньяшылық етиў шәрт емес. 
Ийманлы болыў ушын ҳадал мийнет етип бала-шаға бағыў, иштен 
(көңилден) қуда менен, сырттан адамлар (жәмәәт) пенен бола бериў керек 
[4:101]. (Бул шайықтың атына «Көңлиң қудада, қолың исте болсын» деген 
афоризм сөзлер таңылады). Бердақтың «Қашан рәҳәтланадурсаң» 
қосығындағы: 
Мийнетсиз дүнья излеме,
Жанды отқа саладурсаң. 
Талап ислеп тап дүньяны, 
Сүттен ақдур билсең аны. 
Мийнет пенен жанды қыйнап, 
Көрмей бир қонақ сыйлап, 
Ишпей-жемей малды жыйнап, 
Қашан рәҳәтланадурсаң? 
деген нәсиятлары халық арасына кең тарқалған Нақшбандийлик 
тәлиматының жаңғырықлары десек болады. Шайырдың бул қосығының 
баслы идеясы тәркидүньяшылық идеялары менен үйлеспейди, керисинше 
ол мийнеттиң рәҳәтин көриўге, бул дүньяның ырысқы-несийбесин, 



ләззетин татыўға шақырады. Бирақ Бердақ нәсиятында мийнеттиң рәҳәтин 
көриў, дүньяның ләззетин татыў жөнсиз шарапхорлықты, аса кеткен 
шарапхорлықты аңлатпайды, керисинше, мийнет пенен табылған малды 
нәпсиқаўлық етпей, ақылға уғрас, инсаплылық пенен пайдаланыўды, 
ғәрип-қәсерлерге қайыр-сақаўат етиўди мәсләҳәт етеди. Бердақтың мийнет 
етиў ҳәм оның нәтийжесин дурыс пайдаланыў туўралы пикирлери 
«Тапқаныңызды ишип-жеңлер, қайыр-садақа қылыңлар, бирақ исрапхор 
болмаңлар, толып-таспаңлар» деген пайғамбар нәсиятлары менен үнлеседи 
[3:100]. 
Мийнет мәселеси Бердақтың айырым эпикалық шығармаларында да 
көтериледи. Мысалы, оның «Ақмақ патша» дәстанының бас қаҳарманы 
Гүлим сулыўлық, гөззаллық ҳәм жоқары адамгершилик қәсийетлериниң 
ийеси. Соның менен бирге ол өз турмысын ҳадал мийнети менен тәмийин 
етеди: көлде балық аўлайды, жасайтуғын баспанасын өз қолы менен 
қурады ҳәм т.б. Эпикалық дәстүр бойынша дәстанның бас қаҳарманы 
патша яки батыр болыўы керек болса, Бердақтың «Ақмақ патша» 
дәстанының бас қаҳарманы әпиўайы мийнеткеш халық ўакили, қала берсе 
ҳаял-қызлар ўәкили. Бул Бердақтың өз дәстанының баслы образлары 
арқалы алдыңғы демократиялық идеяларды сәўлелендиргенинен дәрек 
береди. Жәмийет ағзаларын социаллық жағдайлары бойынша баҳаламай, 
оларды адамгершилик қәсийетлери, соның ишинде мийнеткешлик 
қәсийетлери сыяқлы халықлық өлшемлер менен баҳалайды. 
Көркем әдебиятта қатнасыўшылар қурамының демократияласыўы, 
яғный бас қаҳарманлардың әпиўайы мийнеткеш қатлам ўәкиллеринен 
алыныўы, өндирислик мийнеттиң адамның жақсы пазыйлетлерин, улыўма 
характерин қәлиплестиретуғын тәрбиялық қурал ретинде сәўлелениўи 
Европа әдебиятында XVIII әсирде ағартыўшылық ағымы ўәкиллериниң 
шығармаларында жедел көрине баслады. Бул бойынша Англия 
жазыўшысы Даниел Дефоның атақлы «Робинзон Крузо» романын атап 
көрсетиўге болады. Онда өндирислик мийнет адамның жисманий ҳәм 
руўхый кәмиллигин тәмийинлейтуғын қүдиретли күш ретинде баҳаланады. 
Әлбетте, Бердақ өзи жасаған дәўирдиң тарийхый себеплерине бола 
алдынғы Европа әдебиятының көркем-идеялық дәстүрлери менен таныс 
бола алмады. Сонлықтан мийнет концепциясы бойынша Европа әдебияты 
ҳәм Бердақ дөретиўшилиги арасында әдебий байланыслар яки әдебий 
тәсирлер ҳаққында гәп қозғаў орынсыз болар еди. Бирақ алдынғы 
гуманистлик идеяларды көркем сәўлелендириў бойынша прогрессив 
Европа жазыўшылары менен Орайлық Азия шайырлары арасында 
типологиялық жақынлықлар, уқсаслықлар байқалады. Буны бийкарлаўға 
болмайды. Себеби, дөретиўшилик ҳәм өндирислик мийнет, оның әдил 
баҳаланыўы әййемги заманлардан берли киятырған социаллық өткир 
мәселелерден. Мысалы, антик грек шайыры Гесиод өзиниң «Мийнетлер 



ҳәм күнлер» поэмасында усы мәселени кескин көтерген еди. Бул мәселе 
бизиң заманымызда да өзинин әҳмийетин жоғалтқан жоқ. 
Бердақ поэзиясында мийнет концепциясының сәўлелениўин басқа 
әдебиятлар менен салыстырып үйрениў соны көрсетеди, уллы шайыр ҳәм 
ойшыл бул әҳмийетли социаллық мәселе бойынша Шығыс ҳәм Батыс 
әдебиятының уллы ўәкиллери менен күтә уқсас ҳәм жақын ой-пикирлер 
жүритеди, уқсас идеяларды сәўлелендиреди. Бул Бердақтың өндирислик 
мийнет 
мәселесине 
социаллық 
әдиллик, 
улыўма 
гуманистлик 
көзқараслардан жантасқанынан дарек береди. 
Жуўмақластырып айтқанда, Бердақ сәўлелендирген мийнет мәселеси, 
жоқарыда еслетип өткенимиздей бизиң заманымызда да өз әҳмийетин 
жоғалтқан жоқ. Себеби, мийнет мәселеси жақсылық ҳәм жаманлық, 
мийрим-шәпәәт ҳәм зулымлылық, қайыр-сақаўат, ийман-инсап сыяқлы 
улыўмаинсаныйлық мәселелерден. Соның ушын да Бердақтың мийнетти 
жырлаған қосықлары бизиң заманымызда жаңаша жаңлайды, жаңа ой-
пикирлер туўдырады. 

Download 1,37 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   63




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish