ӨЗБЕКИСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРЫ ҲӘМ ОРТА АРНАЎЛЫ БИЛИМЛЕНДИРИЎ МИНИСТРЛИГИ
БЕРДАҚ АТЫНДАҒЫ
ҚАРАҚАЛПАҚ МӘМЛЕКЕТЛИК УНИВЕРСИТЕТИ
ЗОКИРЖОН САИДБОБОЕВ
ТАРИЙХЫЙ ГЕОГРАФИЯ
Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен сабақлық сыпатында усыныс етилген.
«НОШИР»
ТАШКЕНТ – 2010
63.2 Саидбобоев Зокиржон
С21 Тарийхый география: тарийх бакалавр бағдары талабалары ушын сабақлық / О. Бўриев; ӨзРес Жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлиги – Т.; Ношир, 2010 – 224 б.
Сабақлықта тарийхый география ҳәм тарийхый картография пәнлериниң жүзеге келиўи ҳәм раўажланыў мәселелери, сондай – ақ, Орта Азияның әййемги дәўирден ҳәзирги күнге шекемги болған тарийхый географиясына тийисли тарийхый-географиялық дереклер ҳәм илимий әдебиятлар тийкарында берилген.
Жуўаплы редактор:
Тарийх илимлери кандидаты, доцент О. БЎРИЕВ.
Пикир билдириўшилер:
Тарийх илимлериниң докторы Ш.С. КАМАЛИДДИНОВ,
География илимлери кандидаты, доцент А. ЭГАМБЕРДИЕВ.
ИСБН 978 – 9943 – 353 – 29 – 9 © «Ношир» баспасы, 2010- жыл.
Кирисиў.
Ғәрезсизлик шәраятында жаңа өзгерислерди әмелге асырыў процесинде еркин демократиялық пикирге ийе болған ҳәм беккем миллий идея күши менен бирлескен жәмийет ағзаларын тәрбиялаў ўазыйпаларын орынлаўда тарийх пәниниң орны сезилерли дәрежеде артып бармақта.
1998-жылдың июль айында Өзбекистан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Өзбекистан Республикасы Илимлер Академиясы Тарийх институты хызметин жетилистириў ҳаққындағы қарары жәрияланып, онда республикамыз тарийхшы алымлары алдында турған актуал ўазыйпалардың бири сыпатында мәмлекетимиз ҳәм шет ел алымларының ең әййемги дәўирден ҳәзирги күнге шекемги өзбек халқы тарийхы бойынша әмелге асырылған изертлеўлерин анализлеў зәрүрлиги көрсетип өтилген.
Биз жасап турған үлкемиздиң Шығыс ҳәм Батыс ортасындағы әҳмийетли саўда жоллары тутасқан жерде жайласқанлығы себепли бул аймақтан көплеп саяхатшылар, саўдагер ҳәм әскербасылар өткен. Тарийхта ҳәзирги Өзбекистан үлкеси сондай орын болған, бул жерде әййемги саўда жоллары (Мысалы, Уллы жипек жолы) тутасқан, қызғын саўда байланыслар ҳәм түрли этникалық процесслердиң бир-бирин өз-ара байытыў процеси кешкен. Жоқарыдағы мәселелерди тереңирек үйрениў ҳәм талаба жасларға жеткерип бериў мақсетинде тарийхый география сабақлығы таярланды. Усы қолланба Өзбекистанда дәслепки тәжирийбелер тийкарында усы оқыў пәнинен таярланған қолланба есапланады. Оның ўазыйпасы тарийхый география пәни, оның мақсет ҳәм ўазыйпалары, Орта Азия ҳәм Өзбекистан тарийхый географиясы ҳаққында тийкарғы түсиниклерди жеткерип бериўден ибарат.
Сабақлықта тийкарғы итибар тарийхый география ҳәм тарийхый картографияның жүзеге келиўи ҳәм раўажланыў мәселелери, сондай-ақ, Орта Азия алымларының усы пәнлердиң раўажланыўына қосқан үлеслерин анығырақ жеткерип бериўге ҳәрекет етилди. Тарийхты үйрениўде ҳәр түрдеги жазба дереклер менен бирге тарийхый карталар ҳәм де олардағы мағлыўматлар да тийкарғы дереклерден бири болғанлығы себепли тарийхый географияға өз алдына бап ажыратылған. Үлкемиздиң әййемги дәўирлерден баслап ҳәзирги дәўирге шекемги тарийхый географиясына тийисли тарийхый, география дереклери ҳәм илимий әдебиятлар тийкарында жарытып берилди.
Талабалардың пәнге байланыслы билимлерин беккемлеў мақсетинде ҳәр бир баптың ақырында сораў ҳәм тапсырмалар, ҳәм де дереклерден мағлыўматлар келтирилген. Буннан тысқары бакалавриат жөнелиси талабаларына усы пәннен лекция ҳәм әмелий шынығыўлар алып барылыўын есапқа алып, өз бетинше тәлим ҳәм лекция текстлери берилген.
Do'stlaringiz bilan baham: |